#пикир
ЖАҚСЫ ОЙДА БОЛЫЎ
Жас бир ҳаял таксидиң алдыңғы қапысын ашып отырды. Арттағы орынлар бос еди!
Кѳргенлер такси меңгериўшини бузықлықта айыплады.
Негизинде ол ҳаял такси меңгериўшиниң өмирлик жолдасы еди…
Таң намазын оқыў ушын адамлар мешитке кирип атырғанда, сақаллары ағарған бир киси мешитке кирмей қасынан ѳтип кетти.
Кѳргенлер оны бийнамазлықта айыплады.
Негизинде ол таң намазды үйинде оқып, зәрүр жумысына асығып баратыр еди…
Поездқа шықтыңыз, бир адам жамбаслап жатқан еди, сәлем бердиңиз, үндемей жата берди.
Сиз оны менменликте айыпладыңыз.
Негизинде, оның қулағы аўыр болып, еситпегенлиги себепли сизиң сәлемиңизге жуўап бермеген еди…
Курсласыңызға асханаға барып аўқатланып қайтайық, дедиңиз, ол бармайман, деди...
Сиз оны сықмарлықта айыпладыңыз.
Негизинде, ол ҳәр ай оған пул жибериў ушын әкеси қанша тер тѳгиўин билер еди…
Уламалардан бири айтқан екен: «Егер бир адамның сақалынан арақ тамышлап турған болса, бәлким оның үстине тѳгилип кеткен шығар», деп ойлайман.
«Егер бир адам таўдың үстине шығып «Мен сизлердиң жоқары Рәббиңизбен» деп айтып атырғанын кѳрсем, ол Қурандағы аятты оқып атыр», деп ойлайман.
(Қураны кәриймде усы мәнидеги аят бар)
Және бир улама: «Аллаға ант, бенде ѳзи ислеп атырған исин түсиниўиниң ѳзи қыйын. Басқалардың мақсетин қалай түсинсин?!», деген екен.
Адамлардың ислеп атырған ислеринен хабарымыз болмаған тәрепи ҳаққында жақсы гүманда болыўымыз керек. Оның бул исти қылыўына ямаса қылмаўына бизлер билмейтуғын кеширимли себеби бар шығар. Басқалардың қәтелерин дизгенше, ѳзимизди дүзетиўге асығайық.
https://t.me/Soz_marjani