ҲЕШТЕН КЕШ ЖАҚСЫ
Жумыстың қыйынлығынан ба, я болмаса бар минезим солма әйтеўир қабағым бир ашылмайтуғын болған әке-шешем барын аўызыма салып отырады. Сонда да әкем қақырынып қалса, алдымдағы тамақты ысырыпқойып, турып кететин едим. Анам сол гезде, "қарағым-ай," дейди де, төгилген тамақты үнсиз жыйнап алатын еди. Анам да, әкем де, қартайған... Жүрис турыслары қыйналған гезде, қариялар үйине тапсырсам ба деп те ойлап жүрдим. Себеби қатты шаршап келгенимде өзим менен өзим болып, дем алғым келеди. Үйге бир кирип, бир шығып, тынышсызланатуғын болдым. Ҳәзир сол қылықларым ушын қатты өкинемен және уяламан. Жақсы жумысқа орналасып, соңғы үлгидеги машын да алдым. Сол машыныма әке-шешемди миндиргим келмей, оларды барар жерлерине автобус пенен жүргизип қойдым. Туўған туўысқанларым менен сыйыспай, оңыспай, ата анамды да солар менен араластырмай қойдым. Анама да, әкеме де, даўыс көтерип сөйлеў күнделикли жағдайға айланды. Усының барлығын ишине жутып, уўайымын маған көрсетпей жүриў аңсат дейсиз бе?..
Бир куни әдеттегидей жумысыма кеттим. Аяқ астынан анамның жүреги устап, қулап қалыпты. Әкем тез қоңсыларға хабар берип, тез жәрдем менен емлеўханаға әкелипти. Телефоныма белгисиз нөмерден қоңыраў еткен адам анамның ауыр аҳўалда реанимация бөлиминде жатқанын айтқан гезде денем дирилдеп кетти. Ҳаплығым емлеўханаға қалай жеткенимди билмеймен. Анам кароватта жатыр екен, көзи жумыўлы. Қасына жетип жығылып, өкирип жыладым. "Таслап кетпе-ши, Мама-аў! Кетпеши! Мени кеширши, кеширши мени! Хәзир ақ баўырларыма званок етип татыўласаман, барлық жағдайыңды ислеймен. Тек көзиңди ашшы!" деп көз жасымды төге бердим. Анамның бармағы зорға қыймыллады. Врач бул Анамның өмириндеги соңғы минутлары екенин айтып, соңғы сөзлериңди айтып қал, деп губирленди.
- Мама мени кеширсең қолымды қысшы! - дедим жаным шығып. Бул сөзлерди не ушын айтқанымды билмеймен. Бәлким, өзиме кишкене жеңил болсын деп ойлаған шығарман. Анам қыйнала қыймыллап, бармағы менен қолымды бир рет қысты. Расы менен мен бейбақты, мен сорлыны кеширесиз бе, мама?! - дегенимде бирнеше секундтан соң, анам бармағын тағы қыймыллатты. Бул жолы анамның мени еситип атқанына жуўап қайтарғанына исендим. Соннан кейин азмаздан кейин Анам мәңгилик сапарына атланып кетти.
Зер - зебил болып жылап, Анамның бетин, бармақларын сүйе бердим. Бурын анам тири гезинде бетимнен сүймекши болып умытылғанда әжимлери бетиме тийгенде жеркенетин едим. Исенесизлер ме, анам кораватта жатқанда, сондай жағымлы болып кетти. Әжими де сондай сүйкимли болып кетти. Мен ақымақты бир сәтте өзгертип, тәубеге келтирген қандай қудирет екенин билмеймен. Бир билерим, анама өмир бойы ислеген ислерим ушын өкинип өтемен... Әкем де, анамның қайтыс болды, деген хабарды еситкен бойы жүреги услап, қулап қалды. Содан ол да емлеўханаға түсти. Оның жағдайын билиў ушын болницаға күнине үш рет барып турдым. Телефон менен де саат сайын сөйлесип, жағдайының жақсарып кетиўи ушын барынша ҳәрекет еттим. Әкемнен де кеширим сорап, оған деген қарым-қатнасымды дүзедим. Оғанда шүкир етемен. Анама ислей алмаған жақсылығымды әкеме ислеп атырман. Әкеме мийримимди төгип, күн сайын кеширим сорап, барынша жағдайын ислеп отырман. Қаншама жылдан бери қатнаспай кеткен туўған туўысқанлар менен жарасып, ҳәзир шүкир барлығы орны орнына түсти. Тек бир ғана өкинишим - сол Анамның көзи тирисинде баҳалай алмадым...
Р/S:
Оқып қатты тәсирлендим, расымен кеш болмай турып өкинип қалмаў ушын Ата-Анамыздың қәдирине жетейик!
Қағазға түсирген:
Қыдырбаев Бахтияр
https://t.me/Soz_marjani