Психолог Нукус


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Саулат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Ҳаял тыныш болса, шаңарақ тыныш болады. Шаңарақлар тыныш болса, мәмлекетте тынышлық болады

Психологлар шаңарақтың тынышлығы 100% ҳаялларға (ҳаялдың ɵзи, ене-келин, ана-қыз, абысын-келин, қәйин апа-келин, бийкеш-келин) байланыслы екенлигин айтады. Яғный, ҳаяллар тыныш болса еркеклерде тыныш болады. Себеби, Ҳаялдың руўхый күши басымлаў болады. Буны түсиниў ушын әтирапыңызға қоңсы-қоба, ағайин-туўысқанлардың шаңарақларына нәзер салып кɵриң. Тынышсыз, урыс-қағыслы шаңарақлардың ҳаяллары қандай, тыныш, аўызбиршиликли шаңарақлардың ҳаяллары қандай?

Шаңарағы тынышсыз, перзентлери кесел, перзентлериниң турмысы келиспеген, ɵмирлик жолдасы кесел яки ɵзлери кесел ҳаяллар, кемпирлер кɵшеде, жумыста ɵсек айтыў бойынша актив болады. Олар және қуры қарап жүрмей басқалардыңда шаңарағына араласып олардыңда тынышлығын бузады. Мәкемелердеги урыс-қағысларға итибар берсеңиз тɵбесинде турған себепшиси Ҳаяллар болады. Ҳаяллар кɵп, ҳаяллар басқарған коллективлерде гәп-сɵзлер, ɵсеклер, урыслар кɵп болады. Себеби, олар ҳақыйқый ҳаял болыўды ойламайды.

Агрессиялы, тынышсыз, ашыўшақ, қанқызба, урысқақ, даўкес, жуўапкерсиз еркеклер үйинде ҳаяллар (анасы, ҳаялы, әжапасы, қарындасы, жеңгеси, қызы) тәрепинен кемситилген еркеклер. Бүгинги күнде ҳаяллардың басында негатив ойлары кɵбейип, олар сол негативлерин күйеўине, перзентлерине ҳ.т.басқа адамларға ɵткерип жүреди. Себеби, Ҳаялды жүреги-муҳаббаты басқармай, басы-ақылы басқарып кетсе ол ɵзине, жақынларына ҳәм басқада адамларға зыян жеткизеди.

Мәмлекетлер арасындағы урыслар Ҳаяллардың жүрегинде муҳаббат азайып кетиўден келип шығады. Урыс болып атырған мәмлекетлерде шаңарақлардың ажырасыўлары 60-80% ке шекем жеткен. «Шаңарағымның тыныш, бахытлы болыўы ɵзиме байланыслы»,- деп ойлайтуғын Ҳаяллардың шаңарағы тыныш, бахытлы болады. Шаңарағы тынышсыз, урыс-қағыслы Ҳаяллар болса «Бир зат болса Ҳаял-Ҳаял-Ҳаял дей береди екен, Еркеклерди не айтпайды»,-деп ойлайды, тоңқылдайды. Исенбесеңиз буны тексерип кɵриң.
@psixolog_nukus




Берекетсиз адамлар пулларын нелерге жумсайды?

- отырыспақ, қаңғырыспақ, игра, шағал- мәсликке кɵп пул жумсайды,
- арақ- шарапқа, темекиге пул жумсайды,
- дәри- дәрмаққа, емлеўхана тɵлемлерине кɵп пул жумсайды,
- қарызға, кредитке, процентке кɵп пул жумсайды,
- биреўдиң қарызларын тɵлеўге, қылмысларына кɵп пул жумсайды,
- штрафқа, пенияға, керексиз, пайдасыз нәрселерге пул жумсайды,
- онша пайдаланбайтуғын, аз пайдаланатуғын яки денсаўлығы ушын пайдалы емес нәрселерге, алтынларға, бир тойға яки туўылған күнге кийетуғын кɵйлекке пәлен миллион сум, косметикаға пәлен миллион сум, машинасының чехолына, баллонына пәлен миллион жумсайды бирақ жақсы ислерге, ɵзине, жақынларына ҳәм адамларға пайдалы ислерге пул жумсамайды,
- тез тозып қалатуғын, сынып қалатуғын, дәртке аспайтуғын, онша пайдаланбайтуғын үйде қуры туратуғын, сыпатсыз нәрселерге кɵп пул жумсайды,
- ɵз қара басының ҳәзлигине, мәслигине, шалқыўына, қаңғырыўына, ойын- заўығына кɵп пул жумсайды.

Бундай адамлар билим алыўға, ɵз үстинде шуғылланыўға, саламат болыўға, денсаўлығы менен шуғылланыўға, ɵзине, жақынларына, адамларға пайдалы ислерге, жақсы ислерге, саўап ислерге пул жумсамайды,
Бүгинги күнде «қайыр- сақаўат»- деп жумсалып атырған пуллардада кɵп жалғанлар бар. Адамлар берип атырған пулларының нелерге жумсалып атырғанын анық кɵзи менен кɵрмейди, биреўлерге исенеди, алданады. Билимсиз адам қайыр-сақаўатты туўры жол менен ислей алмайды, буған билими жетпейди, биреўлердиң айтқаны бойынша ислейди.

Берекетсиз жоллар менен келген пуллар берекетсиз жоллар менен кетеди яки берекетсиз жоллар менен жумсалған пуллар берекеттиң жоғалыўына алып келеди. Сол себепли бундай адамлардың машқаласы кɵп болады, кесел болады, кеселлигинен саўалмайды, перзентлери кесел болады. Себеби, олар жоқарыдағыдай нәрселерге кɵп пул жумсайды, бирақ билим алыўға пул жумсамайды, перзентине билим берип атырған муғаллими кишкене жәрдем пул сораса, даўласады, айтысады, тоңқылдайды. Кесел болса оны яки жақынын, перзентин емлеген адамға пул бергиси келмейди, тоңқылдайды, налынады, айтысады, қыйналып береди, рахмет айтпайды. Сол себепли бизиң елде 2 жерде адамлар шубырып жүреди 1- кафелерде, мерекелерде, отырыспақларда, 2- емлеўханаларда, аптекаларда. 2- жерде жүрген адамлар дәслеп 1- жерде қаңғырып, шағал- мәсликте жүрип арадан жыллар ɵтип 2- жерде жүретуғын болады.
@psixolog_nukus




«Адамлар мени емес,- сени сыйлады»

Бир күни Хожа Насыр кɵшеде кетип баратырса бир топар адамлардың мерекеге баратырғанын кɵрип оларға қосылып қонақ жайға киреди. Ишке кирсе жайда отырған қонақлар оның менен дурыслап сәлемлеспейди, ҳал-аҳўал сораспайды, жасы үлкен болсада тɵрле деп айтпайды. Хожа Насыр дәстүрханның аўыз тәрепинде отырып «Неге булар мениң менен дурыслап ҳал-аҳўал сораспады, неге тɵрле деп айтпады»- деп, ойланып қараса, қонақлардың бәршеси мерекеге таза, қымбат, модный кийимлерин кийип келген екен, Хожа Насырдың үстиндеги кийими әпиўайы, арзан, шырайсыз, тозыңқырап қалған екен.

Хожа Насыр буны түсинип дәрриў орнынан турып, тезде үйине барып сандықта турған ең қымбат зер шапанын кийип жаңағы қонақ жайға «Ассалаўма әлейкум»- деп, кирип барады. Отырған қонақлардың бәршеси орнынан ушып турып оның қолынан алып, ҳал-аўҳал сорасып, оны тɵрге отырғызады. Хожа Насыр тɵрде отырып басын шайқап отырады. Ашыў менен үйине келип үстиндеги зер шапанын шешип жерге таслап, дийўалда илдирилиўли турған қамшысын қолына алып, «Атаңа нәлет адамлар мени емес,- сени сыйлады»-деп, шапанын қамшы менен сабаған екен.

Бул рәўияттың мәниси негизинде жәмийет материаллық нәрселерге, пулға, модаға, сырты жылтыр нәрселерге, атаққа, абыройға, әмелге сыйынады. Себеби жәмийет ɵзлигин аңламайды, ɵзилигин усындай нәрселер менен байланыстырады, адамларды усы нәрселерине қарап баҳалайды, сыйлайды, сондай нәрселери бар адамды «ақыллы, билгиш, күшли, шаққан, әўметли, табыслы, бахытлы, бай адам»- деп есаплайды. Кɵпшилик жәмийеттиң пикири менен жасағанлықтан ɵзлигин усындай нәрселер менен байланыстырады, усындай нәрселерге қарап ɵзин баҳалайды.

Ɵзлигин шапаны (маскасы) менен байланыстырып жүрген адамлардың кɵпшилиги сол нәрселеринен айрылып қалса, атағынан, абыройынан, әмелинен айрылып қалса гейбиреўлери инсульт, инфаркт болса, гейбиреўлери басқа кеселликке шатылады. Негизинде олар буннан алдында кесел еди, бирақ шапаны оның кеселлигин, бахытсызлығын, қәте-кемшиликлерин жаўып кɵрсетпей турған еди. Бундай маскалар адамларға ɵзлигин аңламаў ушын, ɵзлигинен қашыў ушын, ɵзиниң бахытсызлығын, қәте-кемшиликлерин мойынламаў ушын, биреўлерден ɵзин үстем санаў ушын, биреўлерден озыў ушын, биреўлерге ҳүкимранлық қылыў ушын керек.

Сол себепли кɵпшилик жасы үлкейген соң, пенсияға шыққан соң, жаңағыдай нәрселеринен айырылған соң, абыройының күши қайытқан соң пыссыйып қалады. Аттан түсседе, ерден түскиси келмейтуғынлар жоқарыдағыдай кеселликлерге шатылады. Сол себепли ондай адамлардың саўалыўы қыйын болады. Кеселликлердиң тийкарғы себеби адамлардың нәпсинде болады. Нәпсин тәрбиялаўды, тыйыўды билмейтуғын адамлардың бахытлы болыўы, саламат болыўы қыйын болады. Адам дәслеп ɵзин бахытлы қылса биреўди бахытлы қыла алады, ɵзин саламат қылса биреўди саламат қыла алады, ɵзин тәрбияласа биреўди тәрбиялай алады, ɵзин, нәпсин басқара алса биреўди басқара алады.
@psixolog_nukus




Адекват емес самооценканың белгилери

- ɵзиңе, жағдайыңа, машқалаңа, кеселлигиңе негатив мүнәсибетте болыў, усылар менен байланыслы негатив пикирлердиң кɵплиги,
- ɵзиңнен яки жақынларыңнан кемшилик қыдыра бериў, биреўди тәрбиялайман, дүзетемен деп, мызылдап ҳәр түрли гәплерди айта бериў,
- ақыл сорамасада ақыл үйретиў, орынсыз жерде орынсыз сɵйлей бериў, социаль тармақларда қопал, уятсыз, келиспеген комментарийлерди жазыў,
- барқулла асығып жүриў, әйтеўир нәрселерге күйип-писиў, ашыўлана бериў, урыса бериў, айтыса бериў, даўласа бериў,
- ɵзиңе исенимниң тɵменлиги, уяла бериў, жақпасада яқ деп айта алмаў, басқалар не деп ойлайды екен деп қәўетерлене бериў,
- кемситетуғын, қыйнайтуғын, алдайтуғын, жақтырмайтуғын, қорқытатуғын, уратуғын адамға шыдаў, кɵнип жасаў,
- машқаланы шешпей кейинге сүре бериў, сылтаў айта бериў, бәне излеў, ɵтирик сɵйлеў ҳәм буны тән алмаў, машқалаңды тән алмаў, мойынламаў, қашып жүриў,
- бәрқулла қәтени, айыпты биреўден излеў, ɵзиңди, қәтеңди дүзетиўди ойламаў,
- мызылдап кɵп сɵйлеў, тоңқылдаў, налына бериў, ɵкпелей бериў,
- ɵзиңди, сыртқы кɵринисиңди, жағдайыңды, ɵмирлик жолдасыңды, перзентлериңди биреўлер менен салыстыра бериў,
- пессимист болыў, дозақты, ақыр заманды кɵп айтатуғын адамларды тыңлай бериў,
- мақтана бериў, бир нәрсени мақтаныў ушын ислеў яки басқалардың мақтаўын күтиў,
- биреўлерден жәрдем, итибар, қоллап-қуўатлаў, сыйласық, жалпылдаўын күте бериў,
- сыртқы кɵринисиңе итибар бермеў, олпы-солпы болып жүриў яки жараспайтуғын кийимлерди таңлаў, кийиў, бирдей реңдеги кийимге жабысып алыў,
- бет-жүзге шеннен тыс бояў сүртиў, ашық кийиниў, жасыңа жараспайтуғын кийимлерди кийиў, биреўлерге унаў ушын кийиниў- бояныў, модаға ɵш болыў,
- ашыўшақ, күйгелек, шыдамсыз, урысқақ, кɵк бет, қақбас, қопал, кɵкирек, менмен, қырсық болыў,
- ɵтирикти кɵп сɵйлеў, ўәде бере бериў, қолыңнан келмеседе ислей аламан деп паңқылдаў, соң ислеп бүлдириў, сумлық ислетиў, ɵсекти кɵп айтыў, жала жабыў,
- қызғаншақ болыў, биреўлерди қадағалай бериў, керексиз нәрселерге араласып мурын суға бериў,
- адамлардан ɵзиңди алып қашыў, ɵзиңе керекли, пайдалы нәрселерди ислей алмаў, сорай алмаў, тартына бериў, натықлық, биреўлер алдында ɵзиңди ақлай бериў,
- ɵзиңе, денсаўлығыңа, жақынларыңа ҳәм басқада адамларға зыянлы ислерди қылыў,
Сизде усы белгилердиң нешеўи бар екенин санап кɵриң.
@psixolog_nukus




Еркеклигин таба алмай жүргенлер…

Арақ (пиво, вино) ишетуғын еркеклер спиртли ишимликти ишкен гезинде әтирапындағыларға- «Сен еркексеңба? Мужиксеңба? Сен мени сыйлайсаңба?»- деген, сɵзди кɵп айтады. Яғный, әтирапындағыларға еркек екенин дәлийиллегиси келеди, батыр екенин дәлийиллегиси келеди, ɵзин ҳүрмет етиўин талап етеди. Негизинде ол бул сɵзлерди ɵзине қарата айтып атырғанын аңламайды. Ол аңсыз түрде ɵзине «Сен қашан еркек боласаң?»- деп айтып атыр. Демек, ол саў гезинде, ес-ҳушы тетик гезинде усы нәрселерге ерисе алмай, иштен ɵзин еркек сезине алмай, буны арақ ишиў жолы менен әмелге асырмақшы.

Не ушын ол ɵзин еркек сезине алмайды?
Бириншиден, оған балалығынан баслап анасы еркек деп қарамаған. Анасы ол 15 ке шықсада «бала» деп қараған, 25 ке шықсада «бала» деп қараған, 35 ке шықсада «бала» деп қараған. Яғный, ол еркек ɵзин анасының қасында ҳеш қашан еркек сезине алмаған.
Екиншиден, «Келин енениң топырағынан алынады»- дегениндей оның ҳаялыда енесине уқсап күйеўине «еркек» деп қарамайды, еркекке қандай мүнәсибетте болыўды билмейди. Мен бир неше жыллық практикамда арақ ишетуғын еркеклердиң ҳәм олардың анасы менен ҳаялының психологиясын жақсылап изеритлеп, үйренип шықтым. Жақсылап итибар берсең оларда ҳаяллық сыпатының, муҳаббатының тɵменлигин яки улыўма жоқлығын кɵриўге болады.

Үшиншиден, арақ ишетуғын еркек муҳаббаттың не екенин билмейди. Ол балалығында ата-анасында ҳақыйқый муҳаббатты кɵрмей ɵскен. Сол себепли ɵзиндеде ҳаялы менен муҳаббат болмайды. Оның ҳаялы еркекти жақсы кɵриўди билмесе, бул еркекте ҳаялын жақсы кɵриўди билмейди. Кɵпшилик жағдайда ҳаялыда сондай ата-ананың қолында ɵскен болады.
Мен жеке практикамда күйеўи арақ ишетуғын (ишип жүрген гезинде, ишиўи кɵбейип кеткенлерде) ҳаяллардың «Мен ҳаял боламан, ҳаяллық сыпатымды ашаман, муҳаббатты, жақсы кɵриўди үйренемен»- деп, шын кеўилден ҳаял болыўға ҳәрекет ететуғын ҳаялды кɵрмедим. Бундай еркектиң анасындада бундай нәрсени кɵрмедим. Олар «Бәрше машқала еркекте»- деп ойлайды. Ɵзлери болса басқа планетадан келген, перзенти, күйеўи басқа планетадан келген, ол бир күнде арақхор болып кеткенбиш.

Арақ ишетуғын еркек соны түсиниўи, аңлаўы керек. Ол ишкен сайын еркеклик күшинен айрыла береди, ɵзине болған исенимнен айрыла береди, ɵз қәдирин жойыта береди, ɵзине болған ҳүрметтен айрылады.
Екиншиден, еркек бул нәрселерди, еркекликти сырттан, биреўлерден, бир нәрселерден излемей буны ɵзинен излеўи керек, ишинен излеўи керек. Бәрше нәрсе ɵзинде, күш ишинде екенин аңлап, кеўлине қулақ салып, әтираптағылардың гәп-сɵзлерине алаң болмаўды үйрениўи керек.

Үшиншиден, бундай еркек муҳаббат ҳаққында, ҳаялға болған муҳаббат ҳаққында ойлап, ҳаялын жақсы кɵриўди үйрениўи керек. Ер адамды ҳаялға болған муҳаббаты еркекке айлантырады, еркеклик күши артады. Еркекте ҳаялға деген муҳаббат (қызғаныш муҳаббат емес) болмаса ол еркек бола алмайды. Муҳаббатсыз жасайтуғын ҳаяллардың күйеўиниң ҳәм улының «еркек» болыўы қыйын болады.
@psixolog_nukus




Себеби, ата-аналардың ɵзлеринде еркеклик ҳәм ҳаяллық сыпатлары тɵмен болғанлықтан перзентлеринде ɵзлерине уқсатып тәрбиялайды, ɵзлери ўақтында турмыста не ушын қыйналғанын түсинбейди. «Балам мениң кɵргенимди кɵрмесин», «Қызым маған уқсап қыйналмасын»- деп әширеплеп, перзентлерине келешекте үлкен бахытсызлықларды жаратып атырғанын аңламайды. Ɵмир сениң ойыңдағыдай, қәлеўиңдегидей болмайды. Ɵмирдиң ɵз нызамлары бар. Ҳәр қандай адам ер жеткен соң ɵзиниң турмыслық машқалаларын ɵзи шешип үйрениўи керек.

Мектепте, институтта турмыслық нәрселер үйретилмейди, турмыслық машқалаларда дипломлары, сертификатлары жәрдем бермейди. Мен буны жазыўдан мақсетим бүгинги күнде жәмийетимизде диплом ушын, бир бет сертификат ушын оқып жүргенлердиң сан-санағы жоқ, ҳәттеки шет елде оқып келседе ертең ол шаңарақ қурады, бахытлы болып жасайды дегени емес, керисинше шет елде оқығанларлардың кɵпшилигинде шаңарақ қура алмаў деген машқала бар. Яғный, ɵспиримлерди психологиялық оқытыў курсын ашсаң, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў курсын ашсаң оқыйтуғынларды табыў қыйын. Сиз бул сораўға жуўап бере аласызба? Не ушын бундай? Себеби, адамлардың самооценкасында машқала кɵп. Олар басына аўыр машқала, аўыр кеселлик, аўыр бахытсызлық түспегенше ɵзлерин ақыллы-билгиш есаплайды.
@psixolog_nukus


Балалығында әширепи болып ɵскенлер турмыста қатты қыйналады…

Балалығында әширепи болып, қыйыншылық кɵрмей, мийнет кɵрмей талтайып ɵскенлер, 1-2 бала болып ɵскенлер, генжетайлар, мамасының, папасының, әжесиниң, атасының еркетайлары, ырбақайлары ер жеткен соң турмыста қатты қыйналады. Арақхор болады, күйеўи арақхор болады, қатынпаз, қумарпаз, мошенник болады, сондай еркекке турмысқа шығады, шаңараққа жуўапкерсиз болады, перзентлерине жуўапкерсиз болады, ажырасады яки турмысқа шыға алмайды, үйлене алмайды.

Себеби, бундай балалар балалығынан қыйыншылық кɵрмейди, мийнет етпейди, ɵзиниң машқаласын ɵзи шешип кɵрмейди, ата-анасының, ата-әжесиниң қол астында, әжапасы, әжағасының саясында ҳәлсиз шахс болып ɵседи. Буны билмейтуғын ата-аналар «Қызым сабағын оқыса болды, балам таярлығына барса болды, үйде, мектепте қутырмаса болды, сертификатын алса болды, жоқары мағлыўматлы болса болды, дипломы болса болды»-деп пикирлеп, перзентлерине қәте тәрбия береди. Ул баласында еркеклик сыпатларын ашыўды, қыз баласында ҳаяллық сыпатларын ашыўды билмейди. Сонлықтан олар шаңарақ қуратуғын гезде қыйналады, биреўлери шаңарақ қурғысы келмейди, дым эгоистлери бала туўғысы келмейди, 1-2 баланы зорға туўады, зорға бағады.

Егер қыз балада ҳаяллық сыпатлары тɵмен болса оның 10 дипломы, 10 сертификаты болсада, турмысқа шыққан соң қатты қыйналады. Бүгинги күнде ата-аналар қызларын шаңарақлық турмысқа таярлаўды ойламайды, баслысы қызым оқыса болды деп ойлайды. Оқыған, дипломы, сертификаты барлар, жумысы барлар, шет тилин билетуғынларда ажырасып атыр, кесел болып атыр, турмыста қыйналып жасап атыр. Бул нәрселер адамның қандай екенин, еркектиң қандай екенин, ҳаялдың қандай екенин билдирмейди.




Ɵзиңди қәдирлеў басқа, кɵкиреклик басқа

«Кɵрмегенниң кɵргени қурысын»-деген, гәп не себепли келип шыққан? Бунда адам қандайда бир нәрсеге ерисип яки ийелик етип кɵтере алмай кɵкиреги ɵсип кетеди. «Семизликти қой кɵтереди»- депте бийкар айтпаған. Негизинде кɵпшилик кишкене жетискенлигин, табысын, атағын, абыройын, әмелин кɵтере алмайды. Булар кɵбинесе адамның ɵзин қәдирлеўи менен емес кɵкиреклиги, менменлиги, саўатсызлығы, маскалары менен байланыслы болады.

Буған турмыстан бир мысал келтирейин. Ата-аналар ɵзлери руўхый жақтан раўажланбағанлықтан перзентлерине руўхый жақтан тәрбия бере алмайды. Сɵйтип олар перзентлерин жоқары мағлыўматлы қылыў ушын оқытады. Бунда, әсиресе қыз балалар жоқары мағлыўматлы болып, кɵкиреги ɵсип, ɵзлерин жүдә ақыллы-билгиш есаплап кетеди. Егер Мед-институт, магистратура, докторантурада оқыса, еки бетли қағаз дипломды, сертификатты, жумысын, айлығын кɵтере алмай мурыны аспанға кɵтерилип, жигитлерди менсинбей, ɵзинен пәс кɵрип турмысқа шықпай жүре береди.

Себеби кɵпшиликтиң самооценкасы адекват емес, ɵзине адекват баҳа бере алмайды. Әсиресе, жоқары мағлыўматлы қызлар ɵзлериниң неадекват самооценкасы себепли ɵзине самооценкасы неадекват жигитти ɵмирлик жолдас қылып таңлайды. Сɵйтип турмысқа шығып басынан ҳәр түрли турмыслық машқалаларды кеширген соң ақылы кирип, кɵкиреклиги басылады, гейбиреўлериники, кɵкиреги басылмайтуғынлары кɵп. Магистратураны питкергенлери бир неше жыл сергиздан болып, жумыс таба алмай аяқ кийими тозған соң ақылы кирип баслайды яки кишкене айлыққа ешектей болып жумыс ислеп, қәдир-қымбатын жойытқан соң каналымда жазылып ҳәм айтылып атырған постларымды қәдирлеп, түсинип тыңлап баслайды. Турмыстың қыйыншылығын кɵрмегенлердиң мурыны аспанда болады. Егер мурның аспанда болса турмыс деген сондай болады, мурныңды туўырламағанша қамшылай береди. Тек ғана ɵз үстинде шуғылланатуғынлар ғана ɵзин қәдирлеўдиң не екенин биледи.
@psixolog_nukus




Инсан тәғдири

Инсанның ҳайўаннан парқы онда руўхый сана бар, руўхый раўажланыў потенциалы бар. Сонлықтан ҳәр бир адамның ɵзине тийисли жеке тәғдири болады. Инсан руўхый жақтан раўажланса ɵзине, турмысына, тәғдирине, ɵмирге, адамларға саналы мүнәсибетте бола алады. Бирақ 90% адамлар санасы аңсыз- уйқы ҳалатында болады, ɵз үстинде шуғылланбайды, раўажланыўды ойлмайды. Соның ушын кɵпшилик ɵзине, турмысына, тәғдирине қызықпайды, бийпәрўа жасайды.

Кɵпшилик интернетте ɵзине, тәғдирине байланыслы болмаған мағлыўматларды оқыйды, ɵсек айтыўға, ɵсек гәплерди тыңлаўға шебер болады. Буларға ўақыты-энергиясы-ɵмири кетеди. Қуры мағлыўмат беретуғын каналларда оқыўшылар, гүзетиўшилер саны жүдә кɵп болады. Бундай мағлыўматлардың 70% тен асламы негатив ҳәм адамларды зомби болып жасаўға үйретеди. Яғный, адамлар усы мағлыўматлар ҳәм жәмийеттиң пикири менен әўере болып, ɵзине, тәғдирине улыўма қызықпайды, «Мен не ушын жасап атырман, мен киммен, ɵмиримниң мазмуны не?»- деп, ɵзине сораўда бермейди.

Сɵйтип олардың басына тәшўиш, машқала, кеселлик, бахытсызлық түссе налынады, ɵкинеди, «Мен не айып ис қылып едим, не гүнә иследим?»- деп жылайды. Бирақ адам басынан кеширип атырғанларының тийкарғы себепшиси ɵзи екенин, ɵзи менен байланыслы екенин билмейди, тән алмайды, түсинбейди, аңламайды. Ɵмир болса дәрья сыяқлы ɵте береди, еплеп жасай бересең, халық қатары жасай бересең, кɵпшилик нени ислесе соны ислеп жасай бересең. Қартайғанда саламат болып жасап атырған, денсаўлығында машқаласы жоқ яки перзентлеринде машқаласы жоқ адамды кɵрдиңизбе? Егер кɵрмеген болсаңыз «Не ушын бундай?»- деп, ɵзиңизге аңлы сораў берип кɵрдиңизбе? Негизинде кɵпшилик ɵзине бундай сораў бермейди, «Мен бул ɵмирде не ушын жасап атырман?»- деп, ойланбайды. Ɵз тәғдирин билмеген адам, перзентлериниң тәғдири қандай болатуғынын қайдан билсин. Сиз ɵзиңиз, тәғдириңиз ҳаққында нелерди билесиз, бул ҳаққында билим алып атырсызба?
@psixolog_nukus




Күйеўиме қалай түсиндирсем екен?

Бул қәсийет Ҳаяллардың қанына сиңип кеткен. Яғный, олар психолог болып, педагог болып күйеўин тәрбиялағысы келе береди. «Ўай-ўай мениң күйеўим ондай, мениң күйеўим бундай», бири «Мениң күйеўимниң минези шатақ, урысқақ, бақыраўық» десе, және бири «Мениң күйеўим дым арқайын, үш қой бир сум, дәрья тасса тобығына келмейди»- дейди, гейбиреўлери «Мениң күйеўим дым жуўас, мамасының айтқаны менен жүреди»- деп, күйеўлерин ɵзгериткиси, тәрбиялағысы келеди. Бирақ ɵзлериндеде кемшилик барғо, идеальный емесқо?

Бириншиден, Егер сиз күйеўиңизди тәрбияласаңыз оның Ҳаялы емес, Анасы болып қаласыз. Бундай жағдайда Еркек жуўапкерсиз болып, шаңарақтың бәрше жуўапкершилигин ɵз мойныңызға аласыз.
Екиншиден, Еркектиң ақылы-нәпси сондай болады, ол ҳаял адамға бойсынғанды, оннан ақыл алғанды жақтырмайды, Ҳаялынан ақыл алса ол ɵзин ақмақ адамдай сезеди. Соның ушын Ҳаялы оған ақыл үйретсе бийкарлайды, қырсығады, урысады. Бундай гезде Ҳаялдың нәпси иске түседи «Аўа сен сондайсаң мени тыңлағың келмейди, сеники дурыс меники қәте бола береди»- деп, еркекке айтқанын қылдырыўшы стратегиялық тоңқылдыны иске салады.

Үшиншиден, Ҳеш бир еркек оның қәтесин айтқан ҳаялды жақтырмайды. Ҳақыйқый ҳаял еркектиң қәтесин айтпайды, оны тәрбияламайды. Бүгинги күнде бундай ҳаялды табыў қыйын. Соның ушын психологлар ҳаялларға «Сизлер ҳақыйқый ҳаял болыўды үйрениң»- деп айтады ҳәм бүгинги ҳаяллар ушын ҳаял болыўды үйрениў қыйын болып баратыр. Ҳаяллар, биринши гезекте ҳаял болыўды ойламай күйеўине ɵзиниң бәрше айтқанларын қылдырғысы келеди. Буның ушын ҳәр түрли жолларды тутады. Кɵбинесе 2 қарыс тилин иске салады, қабағын үйиўди иске салады, тɵсекти иске салады, аўқат, чай бермеўди ҳ.т.басқаларды иске салады.

Бундай жоллар менен күйеўиңизге айтқаныңызды қылдырыўыңыз мүмкин, бирақ бул ҳалат күйеўиңизде Сизге деген муҳаббатты, ҳүрметти, қәдирлеўди асырмайды. Соның ушын Ҳаялларға Еркек психологиясының бир сырын айтайын. Күйеўиңе «Ɵзиң билесең, Сеники дурыс»- деген сɵзди айтсаңыз Еркек ойланатуғын болады. Себеби, Ҳаялы оған исеним билдирди, сонда Еркек Ҳаялының исенимин ақлаў ушын қәтелеспеўге ҳәрекет етеди. Ҳақыйқый ҳаялдың қасында ғана ҳақыйқый еркек болады, екеўи абыйға- бабый болады.
@psixolog_nukus




Саламат инсан қандай болады?

1- Физикалық жақтан саламат. Физикалық жақтан саламат адам ҳәрекетшең, актив, бир неше километр (5-6 км) пияда жүре алады, жуўыра алады, шынығыў ислей алады, жумыс ислеўге (70-80 жасындада), мийнет етиўге уқыплы, жарамлы болады. Физикалық жақтан ҳәлсиз-кесел адам ериншек, кем ҳәрекетшең, жумыс ислемейди яки аз ислейди, пияда жүрсе яки бир нәрсе ислесе тез шаршап қалады, диңкесиз болады. Денесинде салбырап туратуғын артықша майлары бар адам наўқас адам есапланады. Семизлик бул кеселлик, оның ақыбетинде кɵплеген кеселликлер пайда болады. 70-80 жасқа шыққан семиз адамды кɵрдиңизбе?

2- Эмоциональ жақтан саламат. Эмоциональ жақтан саламат адам позитив эмоцияларға бай болып, кɵтериңки-жақсы кейпиятта жүреди, басық, қәтержам болады. Сонлықтан адамлар менен унамлы мүнәсибет қура алады, пайдалы ислер менен арқайын шуғылланады, жақсылық ислеўге бейим болады. Эмоциональ жақтан кесел адамда- ашыўланыў, урысыў, жаўызлық, қорқытыў, қырсығыў, ɵкпелеў, қорқыў, айыпкерлик сезими, түскинлик, қызғаныў, ɵкиниў, кɵре алмаўшылық, ашкɵзлик, қайғырыў, уўайымлаў сыяқлы негатив эмоциялар болады.

3- Дүньяқарасы жақтан саламат. Дүньяқарасы саламат инсанда ɵзине, тәғдирине, ɵмирге, адамларға деген позитив ҳәм кең кɵз-қарас болады. Ол дүньяқарасын позитив тәрепке ɵзгертиў, кеңейтиў ушын илим-билим алады. Дүньяқарасы кесел адамда- ɵзине, тәғдирине, ɵмирге, адамларға ҳ.т.басқаларға деген негатив кɵз-қарасы күшли болады, кɵз-қарасы ҳәм пикирлеўи жүдә тар-тɵмен болады.

4- Руўхый жақтан саламат. Руўхый жақтан саламат инсан биринши гезекте жуўапкершиликли болады. Ол саламатлығына, турмысына-тәғдирине, адамлар менен ɵз-ара мүнәсибетине, ислеп атырған ислерине жуўапкершилик пенен қарайды. Руўхый жақтан саламат инсанда- адамгершилик, ҳадаллық, кеңпейиллик, муҳаббат, меҳир-ақыбет, обал-саўап сыяқлы инсаный сыпатлар, Еркеклик ҳәм Ҳаяллық сыпатлары болады. Руўхый жақтан кесел адамда Инсаный, Еркеклик ҳәм Ҳаяллық сыпатлары жүдә тɵмен болады. Сонлықтан бундай адам ɵзине, жақынларына ҳәм басқада адамларға зыян жеткизип жасайды.
@psixolog_nukus

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.