Бир танысым өмирде басынан өткен қыйыншылықларды сөз етип өзи қанша ҳадал таза жумыс ислеседе кәрхана баслығы оның искерлигин билседе гәп сөзге ерип жыйналысларда ҳәммениң алдында кемситип тәрбия алғанбысаң? қашан адам боласаң?- деп жерге урып сөйлейди екен.
Бирақта ол жигит қыйыншылықларды жеңип өтип сол баяғы баслығына өзи баслық болып келипти.
Бирақ оның қәтелерин тәкрарламастан кеўил айнасы сынған болсада оның кеўил айнасын сындырмапты.
Бир күнлери баяғы баслығы болып атқа минип турғанда көзи жақсы жаманды танымайтуғын баслығы пушайман болып кеширим сорапты.
Алла кеширгенде бендеси не болыпты деп кеширипти.
"Жер домалақ екенлигин умытпайық" жолдаслар.
Ер жигитти жаманласа демек қатын,
Еркек адам жаман демес жигит атын,
Ҳәмме ўақыт ядда тутың бул гәплерди,
Шаппайды деп ойламаңлар өзге атын.
Атың шаўып турғанында өзгелерди,
Кемситкениң жақсы емес болсаң адам.
Бирдей болып турмас, заман өзгереди,
Өзгериўин билмес екен бирақ надан.
Минген атың бир күн келип кетсе жығып,
Минген кемең кетсе олда суўға ығып,
Адам деген кетпеў керек шеннен шығып,
Ертеңги күн қалмаў ушын басты буғып.
Урып соғып жаман деп сен сөккен жигит,
Бир күн келип басшы болса өзиңизге.
Айтқанында қапа болма ақыл үгит,
Көрсетеди өзиңизди көзиңизге.
Өмир деген сондай шебер билип қойың.
Соның ушын маймыл емес адам болың.
Бир күн келип атқа минип қалғаныңда,
Өзгелердиң тәғдирине қылма ойын.
Ансатбай Каражанов
08.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>