ЖОЛЫНАН ЖҮРИП.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Кимниң ким екенин алғанман билип.
Бызы бир шалалар ақылын айтса,
Тыңлайман, бирақта қояман күлип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде ҳеш қашан күйип.
Шүкирмен, өмирге налымайман ҳеш,
Өссемде ағамнан қалғанын кийип
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым басы берк көшеге кирип,
Әкем айтып берген нәсиятларын,
Алғанман барлығын жүрекке түйип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде сасып ҳәм ширип.
Байғус әкем өзгелерге өмирде,
Мийўалы ағаштай тур деди ийип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Әсте келебердим бийикке минип.
Әкемниң арқасы бүгинде мениң,
Жүргеним өмирде сүйилип, сүйип.
Ансатбай Каражанов
11.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Кимниң ким екенин алғанман билип.
Бызы бир шалалар ақылын айтса,
Тыңлайман, бирақта қояман күлип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде ҳеш қашан күйип.
Шүкирмен, өмирге налымайман ҳеш,
Өссемде ағамнан қалғанын кийип
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым басы берк көшеге кирип,
Әкем айтып берген нәсиятларын,
Алғанман барлығын жүрекке түйип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде сасып ҳәм ширип.
Байғус әкем өзгелерге өмирде,
Мийўалы ағаштай тур деди ийип.
Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Әсте келебердим бийикке минип.
Әкемниң арқасы бүгинде мениң,
Жүргеним өмирде сүйилип, сүйип.
Ансатбай Каражанов
11.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai