Турмыс ҳақыйқаты.
Жақсының аяғын жығылтсаң шалып,
Аллаҳ ырысқыңды қояды алып.
Турмыс ҳақыйқатын, өмир шынлығын,
Қояйын ҳәммениң есине салып.
Жүргенлер жақсының аяғын тартып,
Бир күни шығады өзлери қалқып.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Алла берсе, бенде алалмас тартып.
Ойламаған жерде өнип өссеңиз,
Саған тас атқанлар болады жақсы.
Турмыс ҳақыйқаты,өмир шынлығы,
-Деп қой! сен оларға болады яқшы.
Сүрниксе аяғы егер жигиттиң,
Бирге жүргенлерде кешип кетеди.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Көп адам қорқанды ҳүрмет етеди.
Төринде отырып ас-дузын ишип,
Түпирген болады ҳақыйқый күшик.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Бундай жоралардан кетиңлер кешип.
Не қылсаңда бәри қайтар өзиңе,
Ҳақыйқатқа тик бақ, қара көзине.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Базылардың түсинбеймен сөзине.
Сөзи дүзеў бирақ, өзи қыйсықлар,
Тынып турған суўды ылайтып атыр.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Жаманлар жақсыны муңайтып атыр.
Ансатбай Каражанов
17.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Жақсының аяғын жығылтсаң шалып,
Аллаҳ ырысқыңды қояды алып.
Турмыс ҳақыйқатын, өмир шынлығын,
Қояйын ҳәммениң есине салып.
Жүргенлер жақсының аяғын тартып,
Бир күни шығады өзлери қалқып.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Алла берсе, бенде алалмас тартып.
Ойламаған жерде өнип өссеңиз,
Саған тас атқанлар болады жақсы.
Турмыс ҳақыйқаты,өмир шынлығы,
-Деп қой! сен оларға болады яқшы.
Сүрниксе аяғы егер жигиттиң,
Бирге жүргенлерде кешип кетеди.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Көп адам қорқанды ҳүрмет етеди.
Төринде отырып ас-дузын ишип,
Түпирген болады ҳақыйқый күшик.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Бундай жоралардан кетиңлер кешип.
Не қылсаңда бәри қайтар өзиңе,
Ҳақыйқатқа тик бақ, қара көзине.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Базылардың түсинбеймен сөзине.
Сөзи дүзеў бирақ, өзи қыйсықлар,
Тынып турған суўды ылайтып атыр.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Жаманлар жақсыны муңайтып атыр.
Ансатбай Каражанов
17.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai