ТУРМЫС ҲАҚЫЙҚАТЫ
Биреўди жаманлап келген кисиниң,
Дурыс деп гәпине исенебермең.
Айыпсыз адамды жоқ етемен деп,
Бийкардан бийкарға күшенебермең.
Жаман десе жақсыларды жақының,
Тексерип көр сынап оның ақылын.
Бир нақыл бар қарақалпақ халқында,
"Болмасы ел қатын дейди батырын".
Бул өмирде ҳәр бендениң тәғдири,
Жаратқан Алланың қолында болар.
Шайтанға қол берген бендениң түри,
Алла қәҳәринен жүзлери солар.
Ислетпеген адам басында мийин,
Өкинип жүреди өткеннен кейин.
Өсек сөз тасыўшы базы адамлар,
Тек ғана ойлады бүгинги күнин.
Жазықсыз қанатыў өзге мурынын,
Жақсы адамларға тән нәрсе емес.
Гәп тасып күн көрип жүрген адамнан,
Ҳеш қашан шықпайды төрели кеңес.
Дөҳмет етсең өзгеге жала жаўып,
Бир күни кетеди тәғдириң аўып.
Сен қылған қәтелер ушын перзентиң,
Отырғаны жаман қудайдан таўып.
Биреўдиң исенип айтқан гәпине,
Керек емес сөйлеў адам дәпине.
Жақсыларды жаман дейди базылар,
Түсинбеймен не пайда бар мәпине.
Турмыс ҳақыйқаты булардың бәри,
Ҳасыл адам болса жақсылық кәни.
Биреўди биреўге жаманлап айтқан,
Өсек, шуғыл сөзлер айт кимге дәри.
Ансатбай Каражанов
11.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Биреўди жаманлап келген кисиниң,
Дурыс деп гәпине исенебермең.
Айыпсыз адамды жоқ етемен деп,
Бийкардан бийкарға күшенебермең.
Жаман десе жақсыларды жақының,
Тексерип көр сынап оның ақылын.
Бир нақыл бар қарақалпақ халқында,
"Болмасы ел қатын дейди батырын".
Бул өмирде ҳәр бендениң тәғдири,
Жаратқан Алланың қолында болар.
Шайтанға қол берген бендениң түри,
Алла қәҳәринен жүзлери солар.
Ислетпеген адам басында мийин,
Өкинип жүреди өткеннен кейин.
Өсек сөз тасыўшы базы адамлар,
Тек ғана ойлады бүгинги күнин.
Жазықсыз қанатыў өзге мурынын,
Жақсы адамларға тән нәрсе емес.
Гәп тасып күн көрип жүрген адамнан,
Ҳеш қашан шықпайды төрели кеңес.
Дөҳмет етсең өзгеге жала жаўып,
Бир күни кетеди тәғдириң аўып.
Сен қылған қәтелер ушын перзентиң,
Отырғаны жаман қудайдан таўып.
Биреўдиң исенип айтқан гәпине,
Керек емес сөйлеў адам дәпине.
Жақсыларды жаман дейди базылар,
Түсинбеймен не пайда бар мәпине.
Турмыс ҳақыйқаты булардың бәри,
Ҳасыл адам болса жақсылық кәни.
Биреўди биреўге жаманлап айтқан,
Өсек, шуғыл сөзлер айт кимге дәри.
Ансатбай Каражанов
11.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai