ЫРЫМ.
Анам айдарымды сыйпап отырып,
Үш орайың бар деп күлгени есте,
Ол ойлаған;балам дәўранды сүрип,
Қатара үш отаў тигер деп өссе.
Ырымлар да бизге тиккендей қастын,
Не дерсең тәғдирдиң ғалма-ғалына,
Шүкир,олсыз да бул ғаўғалы бастың,
Төрт орайы болмағанына....
✍И Юсупов.
Апрель 2000ж
https://t.me/Sóz_marjanı
Анам айдарымды сыйпап отырып,
Үш орайың бар деп күлгени есте,
Ол ойлаған;балам дәўранды сүрип,
Қатара үш отаў тигер деп өссе.
Ырымлар да бизге тиккендей қастын,
Не дерсең тәғдирдиң ғалма-ғалына,
Шүкир,олсыз да бул ғаўғалы бастың,
Төрт орайы болмағанына....
✍И Юсупов.
Апрель 2000ж
https://t.me/Sóz_marjanı