ЖҮРЕК ДӘРТ ШЕКТИ
Қалды айтылмастан қанша сөз иште,
Қадалып көксиме зәҳәрли ништер.
Умытыў аўыр жүк, қудайым күш бер,
Сүйгеним өзимнен жырақлап кетти.
Ҳәўлирсе жүреклер, ақылым залым,
Түн изинен түнлер, атпайды таңым,
Мен тастан емеспен түсинсең жаным,
Кеўил бар қырманын арбаға жегти.
Қалғандай биз жүрген көше тарайып,
Ҳижран азабынан жүзлер сарғайып,
Мен сада, сен сада. Ал, кимде айып,
Тәғдир қалай-қалай таслаған шекти.
Шара таба алмай, сөзлер адасып,
Нәзерлер айыбы бардай қарасып,
Бир жасай алмадық, кеўил жарасып,
Ҳижран нәлшелерин биримлеп екти...
Алыслап өзимнен, хатсыз, хабарсыз,
Сағынышқа биз табынып жасармыз,
Бүгин дәртли, елеслерден қашармыз,
Сәўгимиз сүрниге қыршынлай кетти.
Гүзги ҳаўа жақпай тәнге ызғырын,
Серт еттик көрмеске жазмыш қызғынын.
Үзе алмай айралықтың шынжырын,
Биз жүрген бағларда жапырағын төкти.
Сен мениң сырымсаң, қалған пинҳәми,
Зергердиң сөз қурар йошы-илҳәми,
Жайылды қағазға кеўил сынғаны,
Зар болып жолыңда, жүрек дәрт шекти.
Әбдирахман Зергер.
ноябрь 2022-жыл
@zergerqisiqlari
https://t.me/Sóz_marjanı
Қалды айтылмастан қанша сөз иште,
Қадалып көксиме зәҳәрли ништер.
Умытыў аўыр жүк, қудайым күш бер,
Сүйгеним өзимнен жырақлап кетти.
Ҳәўлирсе жүреклер, ақылым залым,
Түн изинен түнлер, атпайды таңым,
Мен тастан емеспен түсинсең жаным,
Кеўил бар қырманын арбаға жегти.
Қалғандай биз жүрген көше тарайып,
Ҳижран азабынан жүзлер сарғайып,
Мен сада, сен сада. Ал, кимде айып,
Тәғдир қалай-қалай таслаған шекти.
Шара таба алмай, сөзлер адасып,
Нәзерлер айыбы бардай қарасып,
Бир жасай алмадық, кеўил жарасып,
Ҳижран нәлшелерин биримлеп екти...
Алыслап өзимнен, хатсыз, хабарсыз,
Сағынышқа биз табынып жасармыз,
Бүгин дәртли, елеслерден қашармыз,
Сәўгимиз сүрниге қыршынлай кетти.
Гүзги ҳаўа жақпай тәнге ызғырын,
Серт еттик көрмеске жазмыш қызғынын.
Үзе алмай айралықтың шынжырын,
Биз жүрген бағларда жапырағын төкти.
Сен мениң сырымсаң, қалған пинҳәми,
Зергердиң сөз қурар йошы-илҳәми,
Жайылды қағазға кеўил сынғаны,
Зар болып жолыңда, жүрек дәрт шекти.
Әбдирахман Зергер.
ноябрь 2022-жыл
@zergerqisiqlari
https://t.me/Sóz_marjanı