Кимге күйик, кимге бийик жардайман
Халқымның шайыры, елдиң арыман,
Шерге толы шертилмеген тарыман,
Ақ маңлайы жети қарыс жигиттиң,
Өмирлик жолдасы, суйген ярыман.
Жарғылайды жүрегимди жалғанлар,
Тулки тонды терис кийип алғанлар,
Кийимим көк, қарыным тоқ десемде,
Көксим кернеп буўлығады әрманлар.
Талай толып тастым, талай тарықтым,
Қолым жетпей ,сөзим өтпей жанықтым,
Ар намысқа жегип жүрмен жанымды,
Бир қызыман сағыйрадай халықтың.
Бул нашар басымнан нелер өтпеди,
Көп болмады көз моншағым кепкели,
Тек те жалғыз ғана өзиме аян,
Қылшадай кеўлиме таўлар шөккени.
Қарап турсам ойлы бәлент соқпақлар,
Базда ойлар бирин бири тоқпақлар,
Аспанымда гулдирмама гуркиреп ,
Найзағай жарқ етип шағар шақмақлар .
Кеўлим тасса кең жазийра даламан,
Ҳақыйқатлық ушын күйип жанаман,
""Алшағырдай минезим бар биймаза,""
Базда биреўлерге жақпай қаламан.
Қараны аппақ деп айта алмадым,
Көрермен қудайдың басқа салғанын,
Дәлиден туўрылап жүзге айтаман,
Өтирик күлмеймен жоқдур жалғаным.
Жаманнан жақсының парқын аңлайман,
Нәкасларды мүжеп жөнлей алмайман,
Тексиз жанлар менен теке тиресип,
Саў басымды саўдаларға салмайман.
Қәдир билмеслерге гийне қылмайман,
Жузим түссе шөп шықпаған қырдайман,
Ҳасылларды басым жерге тийгенше,
Жаздай жайнап, тәжим етип сыйлайман.
Кимге күйик, кимге бийик жардайман,
Кимге қуяш, кимге суўық қардайман,
Куйип писе берип ҳәлегим мениң,
Қой, мен дуньяны тегислей алмайман.
Кимге күйик, кимге бийик жардайман.
Кимге ана қуяш, кимге қардайман,
Ели- халқым мына жүкти тарт десе,
Төрт табанлап тартатуғын нардайман.
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА
16 ноябрь 2024 жыл.
Халқымның шайыры, елдиң арыман,
Шерге толы шертилмеген тарыман,
Ақ маңлайы жети қарыс жигиттиң,
Өмирлик жолдасы, суйген ярыман.
Жарғылайды жүрегимди жалғанлар,
Тулки тонды терис кийип алғанлар,
Кийимим көк, қарыным тоқ десемде,
Көксим кернеп буўлығады әрманлар.
Талай толып тастым, талай тарықтым,
Қолым жетпей ,сөзим өтпей жанықтым,
Ар намысқа жегип жүрмен жанымды,
Бир қызыман сағыйрадай халықтың.
Бул нашар басымнан нелер өтпеди,
Көп болмады көз моншағым кепкели,
Тек те жалғыз ғана өзиме аян,
Қылшадай кеўлиме таўлар шөккени.
Қарап турсам ойлы бәлент соқпақлар,
Базда ойлар бирин бири тоқпақлар,
Аспанымда гулдирмама гуркиреп ,
Найзағай жарқ етип шағар шақмақлар .
Кеўлим тасса кең жазийра даламан,
Ҳақыйқатлық ушын күйип жанаман,
""Алшағырдай минезим бар биймаза,""
Базда биреўлерге жақпай қаламан.
Қараны аппақ деп айта алмадым,
Көрермен қудайдың басқа салғанын,
Дәлиден туўрылап жүзге айтаман,
Өтирик күлмеймен жоқдур жалғаным.
Жаманнан жақсының парқын аңлайман,
Нәкасларды мүжеп жөнлей алмайман,
Тексиз жанлар менен теке тиресип,
Саў басымды саўдаларға салмайман.
Қәдир билмеслерге гийне қылмайман,
Жузим түссе шөп шықпаған қырдайман,
Ҳасылларды басым жерге тийгенше,
Жаздай жайнап, тәжим етип сыйлайман.
Кимге күйик, кимге бийик жардайман,
Кимге қуяш, кимге суўық қардайман,
Куйип писе берип ҳәлегим мениң,
Қой, мен дуньяны тегислей алмайман.
Кимге күйик, кимге бийик жардайман.
Кимге ана қуяш, кимге қардайман,
Ели- халқым мына жүкти тарт десе,
Төрт табанлап тартатуғын нардайман.
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА
16 ноябрь 2024 жыл.