🌟Имам Аъзам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳтың улына нәсиятлары
☝️Ҳәй балам, саған айтатуғын бир қанша ўәсиятларым бар. Оларды жан қулағың менен еситип, әмел қылсаң, еки дүньяда бахытқа ерисесең!
🍀1. Барлық ислериңде нийетти қалыс қыл. Ҳадал нан жеўге ҳәрекет ет.
🌸2. Барлық ағзаларыңды гүна ҳәм жаман ислерден сақла.
🌿3. Нени билиўге мүтәж болсаң, соны әлбетте үйрен!
👥4. Дүнья ҳәм ақырет жолында пайдасы тийетуғын адамлар менен ғана дос бол.
🤝5. Мусылманға да, мусылман емеске де душпанлық қылма.
🤲6. Аллаҳ берген ырысқыға қанаат қыл.
🧏♂7. Басқаларға мүтәж болып қалмаў ушын қолыңдағы бар имканияттан шеберлик пенен пайдалан.
🙅♂8. Адамлар саған пәс нәзер менен қараўына себеп болатуғын жаман ислерди қылма.
🖐9. Керегинен артық нәрселерге берилиўден сақлан.
👬10. Адамлар менен көрискенде гәпти сәлемнен басла, әлпайым сөйле, жақсыларға жағымлы бол, жаманлар менен келисимли бол.
☝️11. Адамлар арасында талас-тартыс шыққанында душпанларыңа қарағанда досларыңнан абайлырақ бол. Өйткени душпаның достыңнан пайдаланыўы мүмкин.
✨12. Сырыңды, пулыңды ҳәм баратуғын жериңди биреўге айтпа.
🍀13. Жақсы қоңсышылық қыл ҳәм олардың азарына сабыр қыл.
📚«Бала - әдеби менен әзиз» китабынан
🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👇👇👇
👉Telegram каналымыз