АШЛЫҚ
#Әлбетте_оқың!
🌴Бир күни Фатима анамыз разыяллаҳу анҳа әкеси Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир бөлек нан алып келди. Пайғамбарымыз алайҳиссәләм: "Бул не ҳәй Фәтима?" деп сорады. Сонда Фатима разыяллаҳу анҳа: "Өзим жапқан наннан сизге алып келдим. Сизге алып келмегенше кеўлим жай таппады", деп жуўап берди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бул - әкеңиз үш күннен берли жеген биринши жемис", деди.
Абиў Талҳа разыяллаҳу анҳу айтты: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға аш екенимизди шағым еттик. Қарнымызға (байлап алған) бир тасымызды көрсеттик. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам (өз қарнына байланған) еки тасты алып көрсетти".
Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады: "Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шаңарағы бир күнде еки рет жемис жемеген, набада жейтуғын болса биреўи қурма болған" (Имам Бухарий рәўияты).
ДЕРЕК: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.
📱http://t.me/nasiyatuz

Ашлық - нәпсини жеңиўдиң ең нәтийжели жолы. Ашлық нәпси ушын аўыр сынақ. Ашлық себепли ақыл-пикир өткирлеседи. Қорқыў ҳәм исенимсизлик кетеди. Организм өзин-өзи тазалайды, тиклейди. Бәрқулла тойып жүриў денеге де, руўҳқа да зыян. Сонлықтан, мөлшери менен аш жүриў денеге де, руўҳқа да пайдалы.
ДЕРЕК: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.
📱http://t.me/nasiyatuz