НЕ УШЫН ҚӘЛБИҢИЗ БУНШЕЛЛИ ҚӘТЕРЕЖАМ?!
Бир ҳәким адам айтқан екен: «Қәлейсеңбе жоқпа, бул – өмир! Оның өз нызамы, қәдеси бар, оларды ҳасла шетлеп өте алмайсаң:
Қыйыншылықларды кешип өтпей уллы инсан бола алмайсаң;
Қәте қылмай үйрене алмайсаң;
Жеңилмей турып жеңистиң не екенин биле алмайсаң;
Жақсы көргенлериңди узақ ўақыт жойытпай жақсы көре алмайсаң!».
Бир данышпаннан сораған екен: «Қәлбиңиздиң буншелли қәтережам екениниң сыры не?».
Ол айтты: «Аллаҳты танығанымнан берли маған қандай жақсылық келсе, таҳәрат алып, еки рәкат шүкир намазын оқыйман. Керисинше маған қандайда бир зыян жеткендей болса, таҳәрат алып, Аллаҳтан сабыр сорап дуўа қыламан. Қандайда бир исте егленсем, таҳәрат аламан ҳәм истихара намазын оқыйман. Өмирим усылай: шүкир, сабыр ҳәм дуўа менен өтеди».
Қапашылық гезиңизде де әдеп сақлаң! Көз жас төгеди екенсиз, ҳасла шүкирсизлик қылмаң, керисинше, Аллаҳға ҳамд айтың! Аўырыўларға жигерли болың. Өйткени, қапашылық мысалы шадлық сыяқлы Рәббимиз тәрепинен берилетуғын сыйлық. Қапашылық сизде аз ғана ўақыт турады, кейин Рәббисине қайтып кетеди ҳәм сабырыңыздың баянын Оған жеткереди! Қапалықтың сыйлығы усында!
Базылар сораў береди: Аллаҳ тааланың «Еркек пе, ҳаял ма – ким мөмин ҳалында бир жақсы әмел қылса, Биз оған жақсы өмир сүргиземиз ҳәм оларды қылып жүрген шырайлы әмеллери муғдарындағы саўап пенен сыйлықлаймыз» (Наҳл сүреси, 97-аят) аяты менен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның «Адамлар ишинде көп мүсийбет көргенлер олар – пайғамбарлар, кейин олардан кейин туратуғынлар, кейин және олардан кейин туратуғынлар. Инсан дини-диянаты (беккемлиги) муғдарынша сыналады (мүсийбетленеди)», деген ҳәдиси арасын қалай муўапықластырамыз? Мөмин адамның өмиринде ҳәм рәҳәт-парахатшылық, ҳәм бәле-мүсийбет жәмлениўи мүмкинбе?
Буған әҳли илимлер төмендегише жуўап берген: «Аятта айтылған «жақсы өмир»диң мәниси жарлылық, кеселлик, мүсийбет киби бәле-апатларсыз жасаў емес! Бәлким жақсы өмир бул – инсан қәлби жақсы ҳалда, кеўли кең ҳалда, Аллаҳтың қаза-қадарына разы болып, қәтережам жасаў дегени! Бундай адамға егер қуўаныш жеткендей болса, сабыр қылады ҳәм ол ушын жақсылық болады. Пайғамбарлар алайҳимүссәләм көринисинен қыйыншылықта, қәўиминиң азарларының ишинде жасаған болса да, қәлблери ийманға толып тасқан ҳалда, Аллаҳтың ҳүкимине толық тәслим болып бахытлы жасаған».
Демек, жақсы өмир – Аллаҳға болған ийман саясында жасаў екен, егер оның машақаты қәншелли үлкен болса да. Иймансыз өмир ҳеш қашан жақсы болмайды, егер ондағы дүнья неъматлары қәншелли көп болса да!
Доктор Ҳассон Шәмси Пашаның «Темир таслар» китабынан.
ДЕРЕК: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.
📱http://t.me/nasiyatuz