Намазда телефон шыңғырлап қалса
#Сораў
СОРАЎ: Намазда телефон шыңғырлап қалса, өширип қойыўға боладыма?
ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ең басында намазхан адам намазға кирисиўден алдын оны алаң қылып, ибадатына кесент беретуғын нәрселерге бир қарап алыўы лазым. Ҳәзирде дерлик ҳәммеде бар болған қол телефонларды намаздан алдын өширип ямаса даўыссыз ҳалатқа келтирип алыў да сол қатардан. Енди туўры сораўға жуўап беретуғын болсақ, намаз ўақтында телефон қоңыраўын бир қол менен өширип қойыў мүмкиншилиги болатуғын болса, өширип қойса болады ҳәм бунда намаз бузылмайды. Бирақ, телефонды өширип қойыў еки қол менен әмелге асырылып, ҳәрекетлер көп екенинен сырттан қараған адам «бул адам намаз оқып атырған жоқ» деп ойласа намаз бузылып қалады. Себеби, намазды бузыўшы әмеллерден бири «әмәли кәсийр» көп әмел (ҳәрекет) қылыў болып табылады. Ўаллаҳ аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы
📱http://t.me/nasiyatuz