ШЕТ ЕЛДЕГИ ГӨШЛЕР
#Сораў #Ҳадал_ҳарам
СОРАЎ: Мен ҳәзир Кореяда оқыйман. Бул жерде ҳадал тағамларды табыў қыйын болса да, Аллаҳға шүкир, өзбек асханалары бар. Бир жорам: мүсәпиршиликте жүргенлер ушын магазиндеги, яғный негизи ҳадал болмаған гөшлерди жеўге болатуғыны ҳаққында пәтиўа бар, деди. Расында да сондай пәтиўа барма?
ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ҳеш ким ҳадал болмаған гөшлерди жеўге болады деп пәтиўа бермейди. Тек ғана инсан жеўге ҳадал нәрсе таба алмай өлер жағдайға келип қалса, жасап қалатуғындай муғдарда ҳарам нәрсени жеўге руқсат берилген. Бул оғада, ҳәдден тыс аз гезлесетуғын жағдай. Гөши ҳадал ҳайўанлар сойылғанда Аллаҳтың аты зикир қылынып сойылмаса ҳадал болмайды. Яғный «Бисмилләҳ» айтылыўы лазым болады. Себеби бул ҳаққында Аллаҳ таала мынандай деп буйырады:
وَلاَ تَأْكُلُواْ مِمَّا لَمْ يُذْكَرِ اسْمُ اللّهِ عَلَيْهِ
«Аллаҳтың аты айтылмаған нәрседен жемең!» (Анъам сүреси, 121-аят).
Ўаллаҳу аълам.
📱http://t.me/nasiyatuz

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.
📱http://t.me/nasiyatuz