Усындай күнлердиң биринде мен дала госпиталында есиме келдим. Шеп қолымның шығанақтан жоқарырақ жерден осколька қолдың етин айырып өтип кеткен қусайды. Сүйек сынбасада, ǝдеўир шатнаған екен. Операциядан соң бул жерде бир ҳǝптедей жатып, кейин мени жақын жердеги госпитальға жиберди. Бул жерде де еки-үш ҳǝптеге жақын жатып емлендим. Усы аралықты врачлар пулемёт атыўға жарайды деп шешим қабыллаған екен. Бир күни азанда ǝскерий хирург врач алдына шақыртып, фронтқа қайта жиберип атырғаны ҳақкындағы ҳүжжетти қолыма услатты.
Бир саатлардан соң мен ǝўелги хызмет еткен жериме, жарадарларды ǝкелиў ушын санитар машина кететуғынын, соннан қалып қоймаўды буйырып, барыўдан тийисли орынға келгенимди баянлаўымды қатаң ескертти.
Машина белгиленген орынға барғанда мен 206-полкқа келгенимди сездим. Әтирап жым-жырт, ҳǝзир тынышлық қусайды.
– С возвращением , рядовой Кудайбергенов– деген даўыс артымнан заңқ ете қалды. Артымда бурыңғы бизлерди қабыллайтуғын комбаттың жǝрдемшиси болып жүрген старшина тур екен. Мен оған чест берип, ҳүжжетимди усындым.
– Сохрани при себе, иди на передную линию – деди де өзи асығыс жүгирип кетти.
– Есть – деп үлгерип қалдым.
Алдыңғы шеп бираз узақласыпты, бир талай жер жүриўиме туўра келди. Дǝслепки окоптағылардың жүзлери таныс емес. Олардан пулемётлар расчетларының қай жерде жайласқанын сорай басладым, биреўлери оң жақты көрсетсе, биреўлери сол жақты көрсетти.
Ўақыт түске жақынласып қалса да алдыңғы шепте тынышлық ҳүким сүрип тур. Ҳǝр окоптан алдыңғы окопқа өткен сайын «Максим» пулемётлар турған орынларға тесилип қарайман, ҳеш маған таныс ǝскер жоқ. Жаңа жүре баслағаным, аяғымды биреў қағып жиберди. Мен окоптың дийўалына сүйенип жығылмай қалдым. Ашыўым келгени сондай, басына куртесиниң капюшенын басып кийип алған дǝўдей биреў қырынлап жатыр екен, менде қуйрықтан бир тептим. Онда ҳеш қандай ҳǝрекет жоқ, сирǝ дǝрпенбейди. Мен жǝне тебе жақ болып атыр едим, еки тǝрептен ǝскерлер жетип келди.
– Значить здоров-как бык, теперь настоящая битва будет – дейди қǝдимги Иван-дǝў. Мен бақырып жиберип, бойымды оның үстине аттым. Бизлер қушақласып бираз жаттық. Бираздан соң Иван-дǝў:
– Вставай солдат, я вам кого то покажу – деп өзи де тура баслады.