Ески Мойнақ | Эски Мўйноқ | Старый Муйнак | Old Muynak |


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Бул каналда Мойнақ ҳәм Арал теңизи тарийхы менен байланыслы материаллар жәрия етиледи
Мойнақ ҳәм Арал теңизи тарийхына байланыслы фото, видео, аудио, текст ҳәм басқа да форматтағы материалларды бизге жоллаң!
👇
@DarigaSerikbaevna

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


📅 30.07.2026
📍Nókis qalası Jaslar orayı

#onlayn

✅ "Bes baslama olimpiadasi" sheńberinde máhálle jaslari ortasinda “Zakovat” turniriniń Qaraqalpaqstan Respublikasi aymaqliq basqishi bolıp ótpekte.

🤩 Rayonımız atınan qatnasıp atırǵan Tallı ózek MPJ máhállesine áwmetler tilep qalamız!

Bizdiń rásmiy betlerimiz👇
telegram | Instragram


✈️ AN-2 - Moynaqlılar yadındaǵı ápsanawiy samolyot

Ne ushın AN-2 samolyotı Moynaq tariyxınıń tımsalına aylandı?
 
Búgin Moynaq orayına kiriwde ornatılǵan ápsanalıq AN-2 samolyotı haqqında sóylesemiz. Kópshilik bul samolyottı tek ǵana estelik dep qabıl etedi. Negizinde bolsa ol pútkil bir dáwir, pútkil bir áwladtıń ómirin ózinde jámlegen belgi.

- Sonıń ushın, dáslep sonı soramaqshıman. Búgingi jaslar AN-2 samolyotın tek estelik sıpatında ǵana kóredi.  Siziń eske túsiriwlerińizden málim bolıwınsha, ol Moynaq xalqı ushın ápiwayı transport emes, al turmıs tárizi bolǵan. Sizińshe, ne ushın áyne AN-2 samolyotı Moynaq tariyxınıń tımsalına aylandı?
 
Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń deputatı Biybixan Utambetova: - Moynaqqa kirip kiyatırǵan hár bir jolawshı oraydaǵı AN-2 samolyotın kórip hayran qalıwı múmkin. Negizinde bolsa bul samolyot Moynaqtıń úlken tariyxın ózinde sáwlelendiredi. Balalıǵımızda hár tań saat jetide onıń gúrildegen dawısı menen oyanatuǵın edik. Saat 07:20 daǵı reys Moynaqtan Nókiske ushatuǵın edi. Sol dáwirde avtobus qatnawları derlik bolmaǵanı ushın AN-2 hár kúni tórt márte Moynaq hám Nókis arasında qatnap, adamlardıń tiykarǵı transportına aylanǵan edi. Studentlik jıllarım, miymanlarımızdıń keliwi, tuwısqanlarımızdıń úyine barıwımız - hámmesi usı samolyot penen baylanıslı. Sonıń ushın AN-2 biz ushın ápiwayı texnika emes, al turmısımızdıń ajıralmas bir bólegi edi.
 
Tolıq oqıw ushın: https://gov.uz/qr/moynaq/news/view/193492
 
-
 
✈️ AN-2 — Mo‘ynoqliklar xotirasidagi afsonaviy samolyot

Nega aynan AN-2 samolyoti Mo‘ynoq tarixining timsoliga aylandi?
 
Bugun Mo‘ynoq markaziga kirishda o‘rnatilgan afsonaviy AN-2 samolyoti haqida suhbatlashamiz. Ko‘pchilik bu samolyotni shunchaki yodgorlik deb qabul qiladi. Aslida esa u butun bir davr, butun bir avlodning hayotini o‘zida mujassam etgan ramzdir.

- Shu bois, avvalo shuni so‘ramoqchiman. Bugungi yoshlar AN-2 samolyotini faqat yodgorlik sifatida ko‘rishadi.  Sizning xotiralaringizdan ma'lum bo‘lishicha, u Mo‘ynoq aholisi uchun oddiy transport emas, balki hayot tarzi bo‘lgan. Sizningcha, nega aynan AN-2 samolyoti Mo‘ynoq tarixining timsoliga aylandi?

Qoraqalpog‘iston Respublikasi Jo‘qorg‘i Kengesi deputati Biybixan Utambetova: - Har bir Mo‘ynoqqa kirib kelayotgan yo‘lovchi markazdagi AN-2 samolyotini ko‘rib hayron bo‘lishi mumkin. Aslida esa bu samolyot Mo‘ynoqning katta tarixini o‘zida aks ettiradi. Biz bolaligimizda har tong soat yettilarda uning gurillagan ovozi bilan uyg‘onardik. Soat 07:20 dagi reys Mo‘ynoqdan Nukusga uchardi. O‘sha davrda avtobus qatnovlari deyarli bo‘lmagani uchun AN-2 har kuni to‘rt mahal Mo‘ynoq va Nukus o‘rtasida qatnab, odamlarning asosiy transportiga aylangandi. Talabalik yillarim, mehmonlarimizning kelishi, qarindoshlarimiznikiga borishimiz – barchasi shu samolyot bilan bog‘liq. Shuning uchun AN-2 biz uchun oddiy texnika emas, balki hayotimizning ajralmas bir bo‘lagi edi.
 
Batafsil: https://gov.uz/oz/moynaq/news/view/193492

WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


O‘zsuvta'minot dan repost
🌊 Аральское море 170 лет назад. В Ташкенте представили уникальные архивные карты

Подробнее: https://uzsuv.uz/uz/posts/9010

|🌐Website    | 🗝Cabinet 
|🤖Bot                 |😄Telegram
|
💬Facebook     |🌐Instagram
|📹YouTube       |🕊 X
|💬Chat               | TikTok


Арал теңизиниң көтерилиўи ўақтында Мойнақ қаласындағы аэродромды суў басып кеткен пайтындағы көриниси. 1956-жыл

WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


Мени ҳайран қалдырып, туўылып өскен Мойнағымды ядыма ерксиз түсирип жиберген поёкларға қосылып берилетуғын консерва қуты еди. Бул консерва қуты Мойнақ балық консерва комбинатында шығарылған тасбақа гөшинен исленген, қағазында тасбақаның сүўрети бар консерва қуты еди. Мен Мойнақта жасағаным менен консерва комбинатта тасбақа гөшинен консерва шығарылатуғынын билмес едим. Егер өзимниң батальоныма аман есен қуўыссам, мен усы жерде туўылғанман деп, Иван менен Назаренкоға мақтанаман ғой деген ой, консерва жыйнаўға мǝжбүрлеген еди» Солай етип мен үш консерва жыйнаған едим бирақ «тасбақа гөши» мǝселеси маған жақпады. «Сизлер еле тасбақаның гөшин жейсиз»бе десе. Мен үш консерваныңда қағазларын жыртып таслаған едим.

Мен рюкзагтан шығарған нан, колбаса, сыр, қатық банка ҳǝм үш консерваны үшеўи отырып, бул нениң гөши деп сорап отырмай дǝс соққан еди. (Бизлер таза пулемётчик жǝрдемшиси менен төртеў болған едик).

Келеси сапары Назаренконы үш күннен соң көрген едим.

Мен, егер пулемёттың орнын өзгертиў керек болса, қай жерге өзгертиў мақул болады? – деп өзлеримиз жайласқан окоптың еки жағын барлап, ойланып кеткен қусайман. Себеби еки жақтағы пулемёт расчетларына көп жақынлап кетиўге де болмайды.

Артымнан командирлик ири даўыс пенен:

– Рядовой Кудайбергенов! Встать! деген командаға атып турдым. Артымда ўахахалап Назаренко тур еди. Ол жүдǝ өзгерип кеткен, таза формасында сержантлық дǝрежедеги белги таққан, мойнына аша туяқлы қол пулемётты асып алған ири тулғалы, нағыз айбатлы бахадыр турар еди. Бирақ бизлерден айрылып, штабқа тийисли адам болып кеткенине қыйналған түр билдирседе мениң қуўанышымда шек жоқ еди. Ол көп иркиле алмады, қысқа хошластықта тез жүрип кетти.

Мениң бахтыма таза жǝрдемшим қазақ жигити Қаратай да шақкан жигит болып шықты. Қазақлар мǝрт халық болады. Оның мени қоллап қуўатлаўдағы, маған қолайлы шǝраят жаратып бериўдеги шаққанлығы Назаренкодан кем болмады. Қаратай да көп узамай сержантлық белги тағып киши командир болып кетти.

Ал Иван ҳǝм Назаренколар менен бир батальонда болғанымыз бенен сийрек ушырасатуғын болып қалдық.
Мен госпиталда емленип атырғанда фронт линиясында да үлкен өзгерислер болған қусайды. Қайсы бир күни ǝдеттеги қырғын урыстың ўақтында өзлери бизлерге көринбеседе артымыздан берилген бизиң реактив қурылмаларының (атақлы катюша) отлы залпын мен биринши мǝрте көрген едим. Соннан баслап фашистлердиң ҳалына маймыллар жылап баслағандай болған еди.


Мен елеге шекем не себептен үшеўимиз бир-биреўимизге баўыр басып қалдық, түсинбеймен, болмаса армияға алынғалы берли қаншадан қанша жигитлер менен жолдас болдым. Лекин олардың ҳеш бири бул еки жигиттей өзлерине тарта алмады. Соның арасында:

– Встать! деген команда еситилди. Алдымызда комбат-майор тур еди. Майор Иванға тийисип кетти. Ол қайта қайта:

– Виноват, товарищ майор – деп кеширим сорап атыр.

– Это тот, самый нарушитель-Кудайбергенов? Майор жǝне ашыўлы сораў берди.

Мен, өзимниң бүгин санчасттан шығып қайтып келгенимди баянладым ҳǝм ҳүжжетти узаттым.

– А если немецкий снайпер наблюдал, что будет? Майор Иван менен Назаренкоға тесилип қарады, кейин Назаренкоға қарап:

 – Сдавай пулемёт ему и оставь помощника здесь. Через час зайди ко мне! Только без всяки . . . . .  – деди де қасындағылар менен немецлер жайласқан тǝрепке бираз нǝзер салды да жолларына түсти.

Бул майор, бизлер Назаренко екеўмиз (разборкаға) тергеўге барғандағы бизлерди қорғап сөйлеген капитан еди. Ол кетип баратырып «Сизлер» менен кейин сөйлесемиз деген еди.

Мен Назаренкоға қарап:

– Бизлер ғой еле баламыз, мынаники не сақал шығып кеткен? Ағаңа түсиндир дедим де рюкзагымды аша басладым. Расы менен бизлер усы жердиң еркелериндей жаслық еткен едик. Әтирап тынышлық болғанғама, жақын жерде «көк қаснақлы» офицерлер көринбейди. Егер олар болғанда бул мǝселени жыллы бастырып қоймас еди.

Госпитальдағы соңғы күнлери мени фронтқа қайта жибериўди жобаластырып атырғанын сезген едим. Себеби ҳǝр күни бас хирург врачтың денсаўлық мǝселесин тексериўден соң:

– Очень отлично, скоро выпишем– деген сөзди еситер едим. Сол күнлерден баслап ҳǝр қүни берилетуғын «сухой поёк»лардан аўыстырып жыйнай басладым.


Мен окоптан-окопқа өтип жүгирип баратырған Иванның изинен зордан илесип киятырман. Иван-дǝў тоқтап, мени де тоқтатты. Кейин көрсеткиш бармағын аўзына кеселеп:

 – Стой здесь, придёш когда я позову. Мен Иванның ҳǝрекетин бақлай басладым. Бизлер ең алдыңғы окопта едик. «Максим» пулеметты окоптың ернегине орналастырып алған Назаренко фашистлер жайласқан тǝрепке тесилип қарап отыр. Қасында арқасына түтесин төмен қаратып асып алған винтовкасы бар солдат окоптың дийўалына сүйенип мүлгип отыр. Иван олардың қасына барғанда Назаренко оны қушақлап алып, апақ-шапақ болып қалды. Иван Назаренкоға бир нǝрселерди айтып атыр. Иван оның еки көзинен айландырып орамал байлады да қолын былғап мени шақырды, оның көрсеткиш бармағы еле аўзын кеселеп тур. Мени Назаренконың қақ маңлайына турғызып оның көзиндеги орамалын шешип жиберди. Окоптың иши уллы шуў-қум қуўыт болып кетти. Назаренко мени қайта-қайта қушақлап, бақырып бийлеп жиберди. Окоплардың иши толы солдатлар аң-таң, оған кеўил аўдарып атырған Иван менен Назаренко жоқ.

Шамалыдан соң үшеўимиз де окоптың ултанына шөгип отырдық.


Усындай күнлердиң биринде мен дала госпиталында есиме келдим. Шеп қолымның шығанақтан жоқарырақ жерден осколька қолдың етин айырып өтип кеткен қусайды. Сүйек сынбасада, ǝдеўир шатнаған екен. Операциядан соң бул жерде бир ҳǝптедей жатып, кейин мени жақын жердеги госпитальға жиберди. Бул жерде де еки-үш ҳǝптеге жақын жатып емлендим. Усы аралықты врачлар пулемёт атыўға жарайды деп шешим қабыллаған екен. Бир күни азанда ǝскерий хирург врач алдына шақыртып, фронтқа қайта жиберип атырғаны ҳақкындағы ҳүжжетти қолыма услатты.

Бир саатлардан соң мен ǝўелги хызмет еткен жериме, жарадарларды ǝкелиў ушын санитар машина кететуғынын, соннан қалып қоймаўды буйырып, барыўдан тийисли орынға келгенимди баянлаўымды қатаң ескертти.

Машина белгиленген орынға барғанда мен 206-полкқа келгенимди сездим. Әтирап жым-жырт, ҳǝзир тынышлық қусайды.

– С возвращением , рядовой Кудайбергенов– деген даўыс артымнан заңқ ете қалды. Артымда бурыңғы бизлерди қабыллайтуғын комбаттың жǝрдемшиси болып жүрген старшина тур екен. Мен оған чест берип, ҳүжжетимди усындым.

– Сохрани при себе, иди на передную линию – деди де өзи асығыс жүгирип кетти.

– Есть – деп үлгерип қалдым.

Алдыңғы шеп бираз узақласыпты, бир талай жер жүриўиме туўра келди. Дǝслепки окоптағылардың жүзлери таныс емес. Олардан пулемётлар расчетларының қай жерде жайласқанын сорай басладым, биреўлери оң жақты көрсетсе, биреўлери сол жақты көрсетти.
Ўақыт түске жақынласып қалса да алдыңғы шепте тынышлық ҳүким сүрип тур. Ҳǝр окоптан алдыңғы окопқа өткен сайын «Максим» пулемётлар турған орынларға тесилип қарайман, ҳеш маған таныс ǝскер жоқ. Жаңа жүре баслағаным, аяғымды биреў қағып жиберди. Мен окоптың дийўалына сүйенип жығылмай қалдым. Ашыўым келгени сондай, басына куртесиниң капюшенын басып кийип алған дǝўдей биреў қырынлап жатыр екен, менде қуйрықтан бир тептим. Онда ҳеш қандай ҳǝрекет жоқ, сирǝ дǝрпенбейди. Мен жǝне тебе жақ болып атыр едим, еки тǝрептен ǝскерлер жетип келди.

 – Значить здоров-как бык, теперь настоящая битва будет – дейди қǝдимги Иван-дǝў. Мен бақырып жиберип, бойымды оның үстине аттым. Бизлер қушақласып бираз жаттық. Бираздан соң Иван-дǝў:

– Вставай солдат, я вам кого то покажу – деп өзи де тура баслады.


Қулласы Назаренко оқ толы ящикти ǝкелген ўақта, ол мени де, пулеметты да таба алмай қалған. Окоптың бизлер жайласқан жери еки жағындағы дийўалы ишке қулап окоптың бир жағынан екинши жағына өте алмайтуғын болып көмилип калған екен. Оқ қардай борап турғаны себепли көмилген жерди окоптың ишинде турып бир жағынан бел менен аша баслаған екен. Бир ўақытлары ашылып атырған торпақтың астынан торпаққа араласып қан бурқ ете қалыпты. Назаренко сол жерди гүректей алақанлары менен ашып дǝслеп басымды, кейин көкирегимди шығарып алған екен. Сол жерде пайда болған санитар қыз көкирегимнен жасалма дем бере баслапты. Назаренко үстимди ашып атырып асығыста, бетимниң оң алмасын бел менен шаўып алған қусайды. Бул затты Назаренко көп күнге шекем айта алмай жүрген екен. Ўақыя болған ўақытта Иванның ППШ сы бизиң үни өшип қалған пулемёттың орнын басқан қусайды. Санитар қыздың айтыўы бойынша Назаренко жǝне 2–3 минут кешиккенде мени кейин қайтарыў мүмкин болмай қалар екен. Солай етип мен ол дүньяның дǝрўазасын көрсем де, Назаренко, Иван ҳǝм санитар қыздың жан таласқан шаққан, мǝртлик ҳǝрекетлери есабынан ол дүньяның дǝрўазасы мени қабылламай аман қалған екенмен. Сол сапары бул үш инсанға шексиз миннетдар болғанымды ҳǝзир де ҳеш умыта алмайман. Солай етип ҳǝр бир күн өзине тǝн қорқынышлы ўақыяларға толы қыйыншылықлар менен өте берди.
1942-жылдың 2-октябрь күни, қандай да бир ǝскерий ҳǝрекетлерге байланыслы болса керек, бизлерди Назаренко екеўимизди 206 (СП)-полктың қурамынан 306 (СП)-полктың қурамына көширди. Бул жердеги саўашларда бизлер немец фашистлериниң ҳǝдден тыс күшейген топылысларына төтепки берип, шыдаўымызға туўра келди. Бермахтың армиясы қандай да бир өзлери ушын үлкен ǝҳмийетке ийе нǝрсе ушын жан таласып, изли-изинен жаңа күшлер менен топылысты күшейтип жибергендей еди.


Назаренко окоптың иши менен буққышлап жүгирип кетти. Мен ҳаўлығайын дедим. Бир ўақытта окоптың артқы дийўалының арқама келип соғылғаны мени окоптың ултанына жықты. Кейин сондай соқкы тас төбемнен соғылған еди. «Мен қулаған ўақытта ǝўели үстиме пулемёт түскенин билемен, кейин жарық дүнья жоғалып көзимди толық қараңғылық басты. Өзимди ол дүньяның дийўалының кап-кара дǝрўазасы алдында турғандай сездим. Мен дем ала алмай қап-қараңғы туңғыйықта естен танып қалған едим. Қанша ўақыт өткенин билмеймен. Бираз ўақыттан соң көкирегимнен жулқылап атырған бир ер адам менен бир нашар адам көзиме булдырап көринип елеслей баслады. Урыс болып атырғанда қасымызда ҳаял адам жоқ еди, демек ол дүньяның дǝрўазасынан өтип кеткен кусайман, мени «сораў жуўапқа жүр» деп жулқылап атырған болса керек.

Сол ўақта аўзы-мурнымнан топырақ атылып шықты. Мен есиме келип, терең-терең дем ала басладым. Бетимниң оң алмасы уўдай ашып ып-ыссы болып жанып баратыр. Мениң биринши сезгеним маған жақын жерден таныс даўыс Иванның ППШ сының даўысы тақылдап еситиле баслады. Мен қайтадан есимнен танып, жǝне ҳеш нǝрсе сезбей қалған едим. Мен қайта есиме келгенде қараңғы төлеге қусаган жерде жатқанымды сездим. Түнниң ǝдеўир ўақты болса керек. Маған жақын жерде еки ири солдат бир-бирине сүйенип жатып уйқылап атыр. Бас ушымда санитар қыз дийўалға сүйенип уйқысырап отыр. Мен ǝстен өзимди тексере басладым. Аяқ-қолларым саў сыяқлы. Бетимнен басқа жерде аўрыў жоқтай. Басым, еки бетимди айландырып ийегимниң астынан сийле менен байлап тасланған. Есиме келгеним менен басым мең-зең денем зилдей еди. Биринши санитар қыз оянды. Мен оның сөзлеринен:– Қǝўетерли, қорқынышлы ҳеш қандай нǝрсе жоқ, қорықпа, барлығы жақсы. Сениң жүрегиң күшли екен, өз қǝддин тез тиклеп алды-деген мǝнистеги сөзлерди түсингендей болдым.

Соның арасында қыздың даўысынан уйқылап атырған еки солдат та атып турып, екеўи еки жағымнан тақалып ҳеш нǝрсе айтпай тесилип қарап, қатып қалды. Олар Иван менен Назаренко еди. Сол сапары еки басқа миллеттиң алпамсадай жигитлериниң маған деген мийримлигиниң тǝсиринен көзимнен жас айланып кеткен еди. Шын мǝнисинде мениң кеўлим бузылып жылай басладым. Еки солдат та қыздан уялдыма терис қарасты.

–  Сизлер, мужиклер неге жылайсыз?– деген еди сонда санитар қыз, Ҳǝммеңиз тирисизлер!


10. Ол дүньяның дǝрўазасын көрип қайттым

Мен урысқа араласқалы ҳǝр бир күн дерлик бул дүньядағы жанып турған дозақ отының ишинде жүргендей өте берди. Бир күнниң екинши күннен айырмашылығы жоқтың қасында. Бул дозақ отынан айырмашылығы жоқ қырғын урыс ҳǝр күни дерлик қураллас жигитлерди, мǝрт командирлерди көплеп қайтпас сапарға ǝкетип атыр. Немец фашистлериниң топылыслары күннен-күнге күшейип баратырғандай.

Фашистлер қалай болмасын Сталинград қаласын басып алыў ушын жан таласпақта. Күнделикли кеште өткерилетуғын сиясий басшылардың (политрук) беретуғын қысқа мағлыўматларына қарағанда, қалада аўҳал жүдǝ аўыр болып, ҳǝр бир қарыс жер ушын жан таласқан урыслар жүрип атырғанлары, қала турғынлары менен Совет армиясының қасарыскан қарсылығы фашистлерге ҳеш мүмкиншилик бермей, оларға шыдамлылық пенен ер жүреклилик ҳǝм батырлықтың асқан үлгисин көрсетип атырғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды тез-тезден еситип турдық.

Шын мǝнисинде бизлер беттеги саўашлар да аңсат болмай атырғанына ҳǝр күни гуўа болмақтамыз. Сондай қырғын саўашлардың биринде түске қарап фашистлердиң топылыслары жүдǝ күшейип кетти. Артеллерияның снарядларының жарылыўынан ҳǝм самолётлардан атылған пулемёт оқларынан пайда болған тынымсыз ысқырықлар, сондай-ақ бомбалардың жарылыслары зǝрреңди ушырады. Бундай ўақытлары дөгеректе не болып атырғанына да түсиниў қыйын болып қалар екен. «Бизлер тиримизбе?» – деп Назаренко екеўимиз бир-биримизге ҳайран болып қарап қоямыз. Соның арасында Назаренко:

– Тенал, мынаў соңғы лента – деди.

– Жуўыр – дедим мен, – оқ ящик ǝкел. Жақын жерде Иван көринбейди, пулемёттың стволы қара түтин болып кеткен, түтин шығып тур.


Арал теңизиниң флот басшылары.

Мойнақ районы, Үшсай аўылы.

Фотосүўрет Минигуль Мустафутдинова тәрепинен алынған.


WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


Мойнақ районы, комбинат дизельщиклери

WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


Мойнақ районы, Балық консерва комбинатының футбол командасы, 1962-1964-жыллар

WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


Мойнақ районы Ломоносов мектеби. Ҳәзирги 1-санлы мектеп. 1971-жыл

WebSite | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube


– Жаль – деди Иван-дǝў – почему я с вами не был?

Сол күннен баслап Иван окопта мүмкиншилиги болғанша бизлерден алысламайтуғын болған еди. Оны қырғын урыстың ўақтында бизиң пулемёттың оғы алмастырылған ўақыттағы шамалы иркилис ўақтында оның ППШ сының тырылдысынан сезер едим. Ол сондай ўақытлары қасымнан табылып, маған толық мүмкиншилик жаратып жүрди. Ал Назаренконың бәрқулла қасында жүретуғын винтовкасы граната ылақтырыўға қолайласып жатырған фашистлерди аңлыўдан шаршамас еди. Мен бул еки жигитке сондай исенип, еркин ҳǝрекет етер едим. Солай етип үш миллеттиң ўǝкиллери (орыс, украйн, қарақалпақ) тилимиз ҳǝр қыйлы болса да, бир адамның балаларындай, туўысқанласып кеттик. Ҳǝр күнги саўашлардан кейин қураллас көплеген жигитлерден айрылып қалсақта, кеште бир-биримизди тири ҳǝм саў көрип, үшеўимиз қушақласып секирип қуўанысар едик.

Бизлерди Алланың өзи қорғап жүргендей түйилер еди маған. Бес ўақыт намазын қаза қылмайтуғын ǝкемниң ҳǝр намаздан кейин «алладан мениң аманлығымды тилеп дуўа қылатуғынын» кеўлим сезип турар еди. Мүмкин сол дуўалар маған қорған болып жүрген шығар. Әйтеўир ҳǝзирше аманман.

Комбаттың алдындағы ўақыядан соң, менде тағы бир пикир пайда болған еди. Бизлер сол күнги қырғын урыстан соң орнымызға қайтып келгенде окоптағы бизлер жайласқан орын жер менен бирдей болып көмилип қалғанын көрген едик «Бизлерди қудай сақлап қалған екен» – дедим Назаренкоға.

– Немецлер де ақмақ емес қусайды, оларда да ǝскерлериниң қай жерде көплеп қарсылыққа ушырап атырғанын бақлап ҳǝм таллап отырғанлар бар екен. Демек пулемёттың орнын тез-тез өзгертип турыў керек қусайды. Комбаттың алдына күнде бара бермеймиз. Бул пикир маған енди келип атыр? Сол ўақта еркин қыймылдаўға рухсат алғанда жүдǝ жақсы болар еди – деп қапа бола басладым.

– Қапа болма Тенал, ең баслысы лейтенантқа да, басқаларға да қорқақ емес екенлигимизди дǝлилледик. Еркин ҳǝрекет ете бер, мен бǝрқулла қасыңдаман. Бизлерди арттан атқысы келгенлерди Иванның өзи бир жақлы қылады. Енди ең алдыңғы бөлек окоптағылардың кимлер екенлигин түсинген шығарсаң. Олар усындай лейтенантқа уқсағанлардың ǝдилсиз көз қарасларының қурбанына айланған жигитлер. Оларды бǝрқулла оттың ишинде қалдырып урыстырады. Комбатымыз мǝселени өзи шеше алатуғын ҳǝм ǝдил болмағанда бизлер де сондай батольонға кетип қалармедик, жǝне ким билсин?

– Алла сақласын – дедим мен, – бул сөзлер маған ǝдеўир тǝсир еткен еди. Соң ишимнен Назаренко қусаған мǝрт-ҳадал, жигитти маған жолдас қылған Аллаға шүкиршилик етип қойдым.


Назаренко комбаттан лейтенантқа муражат етиўге рухсат сорады. Рухсаттан соң жǝне тақылдап лейтенанттан екеўимиз-диң атымыздан кеширим сорап бундай затлар екинши қайта-ланбайтуғынын билдирди.

Лейтенант Комбаттан кетиўге рухсат сорады. Рухсат алған лейтенант шығып кетти. Комбат лейтенант шығып кетиўден ҳǝммеге шеттеги столға отырыўға мирәт етти, өзи биреўдиң фамилиясын айтып шақырды. Кирип келип, келгенин билдирген старшинаға шай ǝкелиўди билдирген комбат ҳǝмме қатары бизлердиң қасымызға келип столға отырды.

Бираздан соң ҳǝммеге өз алдына котелокта аўқат ǝкелинди. Бизлер бул жерге келгели берли телефонлар гезек-гезек бир

тынбай шырылдар еди, офицерлер де гезеклесип телефон тыңлап буйрықларды қабыллап жазып алып атыр.

Комбат аўқат пенен бирге, тилек билдирип, бизлерди қуўантқан еди:

– За победу! Сынки, Вам большое спосибо, так держать – деди де өзи алып жиберди де капитанға:

– Надо подготовить представление для них к медалью «за отвагу»

Назаренко орнынан атып турып:

– «Служу» – деп атыр еди. – Отставить! Сиди на месте, ещё рано – деп Назаренконы тоқтатып таслады. Бул ўақта менде орнымнан турып үлгерген едим.

Тийкарында комбат орта жаслардағы ǝпиўайы салмақлы, билимли ҳǝм мǝдениятлы соның менен бирге қаттықол офицер еди. Оның солдатларды қоллап-қуўатлап, оларды «көк қаснақлы» офицерлерден қорғап жүргенин бир неше мǝрте байқаған едим.

Неге екенин онша түсинбесемде барлық офицерлер «көк қаснақлы»ларды онша хош көрмейтуғыны сезилип турар еди. Мен сол көргеннен комбатты қайтып көрмедим. Ол жоқарылап көтерилип кеттиме, я қайтыс болдыма?-ҳеш ким билмейтуғын еди.

Бизлер орнымызға келгенде Иван бизлерди тыпыршылап күтип тур екен. Ол сондай қарыўлы екен, екеўимизди қушақлап алып, айландырып жерге қойды. Назаренко асығып-үсигип болған ўақыяны баянлап атыр.


Иван дурыс айтқан екен. Солдатлар кешки поёгин жеп атырған ўақытта бизлер блинтажға шақырылдық.

Блинтажда комбат, үш офицер ҳǝм «көк қаснақлы» лейтенант бар екен.

Бизлер тикке турып, кириўден фамилияларымызды айтып, комбаттың буйрығы менен келгенимизди баянладық. Олардың ҳǝммеси отыр еди. Комбат мениң қасыма келди:

– Рядовой Кудайбергенов! Ты откуда родом, по национальности кто?

– Я из берегов Аралского моря, по национальности каракалпак. – Почему без разрешения, самовольно действовал?

«Егер ондай қылмағанымда, ҳǝзир алдыңда турмаған болар едим» – деп айтқым келсе де орысшаға шорқақ болғаным ушын, бул гǝпти айта алмай тығылып қалдым. Оның үстине қорқып та қалған едим. Бул қолайсыз жағдайдан мени Назаренко қутқарды.

– Разрешите обратится товарищ комбат.

– Разрешаю! Комбат Назаренкоға бурылды.

– Товарищ комбат! По словам пулемётчика – деп тақылдап баслаған Назаренко мениң айтқан пикирлеримди таза орыс тилинде қысқа ҳǝм анық етип түсиндирип берген еди. Ҳǝмме тым-тырыс.

– Все равно во время битвы, нельзя самовольно действовать, особенно пулемётчики – деп қаттырақ сөйлей баслады лейтенант.

– Лейтенанттың Комбатқа жақпай турғаны белгили еди. Ол лейтенанттан жǝне сораўыңыз барма – деп сорады да бирден басқа офицерлерге бурылып:

– У Вас какие мнения по этим вопросам? Только коротко и ясно! Бир зат айтайын деп атырған лейтенанттан бурын капитан

шениндеги офицер сөйлеп кетти.

– Здесь не вижу ни какого ЧП-кроме отважной поступки. Мы все видели, что случилось во время сражения.

Бул пикирди қалған еки офицер де қоллап қүўатлады. Буны еситип бираз көтерилип қалған Назаренко қазақшалап:

 – . . . . жеген екенсең деп лейтенантқа қарап гүбирленди.

Комбат Назаренкоға қарап «не дедиң» дегендей жалт қарады.


Назаренконың шыр-пыры шығып:

– «Мен сени бүгин танымай қалдым» – деп еле тоңқылдап жүр. Еки жағымдағы ППШ ларда тынбай тырылдап атыр. Мен де пулеметты иске қостым. Себеби ойдан шыққан фашистлер ашық жасырына алмайтуғын тақырға толық шыққан еди. Фрицлер өткир резекли күшли қолдың пǝтине ушыраған қамыслардай жапырылып қулап атыр. Мен сол сапары бизиң окопқа 3–4 метр жерге келип өзинен алдын қулаған еки фрицтиң үстинде көзи ашық қалып, бақырайып қарап жатырған жас немец солдатының көзиндеги жасларын анық көрген едим. Оның кийген шийнелиниң белинен жоқарырақ жеринен пулемёттың оғы шинельди өткир пышақ пенен кесип таслағандай, орып таслаған еди. Кейин, көп жыллардан соң да бул немецтиң баласы көзи мөлерген ҳалда қайта-қайта түсиме ене беретуғын болды.
Бул сапарыда фашистлердиң топылысы қандай күшли болса да қайтарылып бизиң армия өзлериниң ийелеген позициясын сақлап қала алды. Бизлер де аман қалған едик. Бизлер ǝўелги жайласқан жеримизге келсек, бизлердиң орнымыздағы окоп жер менен бирдей теп-тегис болып атыр.

Иван-дǝўге де ҳеш нǝрсе болмапты, қǝдимгише ыржыйып тур:

– Кар-кар-пак! Ты настоящий герой – деди де Назаренкоға бир

нǝрселерди тынбай түсиндирип баслады.

– Ладно, ладно– дейди Назаренко бир нǝрселерди мақуллап. Бул сөзлерден соң екеўимиз қалған ўақта, ол мени сораўға тута баслады. Оған Иван көп затларды билиўди тапсырған болса керек.

– Неге рухсатсыз орынды өзгерттиң?

– Немецлер топылған ўақта не себеп оқ атпай иркилдиң? Усыған уқсаған «Неге?» лер көбейип кетти.

Мен асықпай түсиндире басладым:

«Маған, арадағы ойлықтың бизиң окопқа ең жақын жеринде фашистлер қолай пайытты күтип жатқандай болып түйиле бергенин, жǝне олардың ойлықтан шығып ашық тақырлыққа толық шығыўын күткенимди олсыз да оларға ППШ дан ҳǝм винтовкалардан оқ қардай борап атырғанын» Назаренкоға түсиндирген болдым. «Себеби – деп қосып қойдым, егер пулемёт иске қосылса фрицлер жатып алар еди. Жатып алған душпанларды атыў қыйыныраққа түседи. Жǝне олар ушын граната ылақтырыўға қолайлық туўады».

Назаренко мени жақсылап тыңлап алып, Иванның айтқан гǝплерин түсиндире баслады. Иванның айтыўы бойынша, ол бизлердиң артымыздан «көк қаснақлы» лейтенанттың пистолетин таярлап бақлап турғанын байқап қалған қусайды:

– Бǝри бир кеште «разбор» болыў итималы көбирек, оның менен жақсылап сөйлесип», ǝскерий трибуналға кетип қалып жүрмең – депти Иван.

Мен шын мǝнисинде қорқып кеттим. Бизлер қорқып қашпасақ, орнымызды өзгертиў арқалы жақын жерден болған топылыстың алдын алған болсақ ҳǝм тиккелей келген өлимнен екеўимиз де аман қалған болсақ, бизлер не себеп судланыўымыз керек? Қызық ҳǝм түсиниксиз.


Назаренко болса:

– Дядя Иван-дейди де кейин қазақшалап:

– Көрсеткеннен кейин шала қылмай тикейип турып, дурыслап көрсетсеш! – дейди. Буған бизлер бир тарқылдап күлип аламыз.

Мен еки аралықты барлай басладым. Еки жақтың алдынғы окопларының аралығында бизлердиң оң жағымызға таман ǝдеўир жерди алып атырған ойлық жер майданы бар екен. Ойлықтың бизиң окопқа ең жақын жери бизиң пулемёт жайласқан жердиң оң жағында 15-20 метрдей жерде жайласқан болып бул мени ойланыўға мǝжбүрледи. Себеби ойлықтың ишинде не бары көринбейди. Егер адам ойлықта ембеклеп жүрсе улыўма көринбейди. Мениң оң жағымда жайласқан пулемёт бизлерден 50,

60 метрдей қашықлықта.

– Мени ҳǝр қыйлы пикирлер бийлеп ойланып қалған болсам керек. Иван-дǝўдиң:

– Тенал, вы что задумчиво сидите, наверно, про жену думаете?

– Прекрати, Иван-дǝў – дедим, билген орысшамды айтып.

– Кар-кар-пак! Что ты сказал?

«Дав»? или «Гав»?

– Ладно, дядя Иван – деп сөзге араласты Назаренко: –  Тенал еще не женился, потом не «Дав», не «гав» а дǝў: Он тебя великаном назвал.

Усының арасында командирдиң: –Все к оружию!– деген буйрығы заңқ ете қалды. Мен ойламаған жерде Назаренкоға: – С ящиком за мной!– дедим де окоптан секирип шығып, пулемётты сүйреп жүгире басладым.

Ойлықтың бизиң окопқа ең жақын жериниң қақ маңлайын-дағы тусына жеттим де, окопқа секирип түсип, пулемёттың дигиршиклериниң астын ойып, пулеметты жақсылап орналастырып алдым. Бул ҳǝрекет ойламаған жерде болды. Анығында мени қудай сақлап қалған еди. Жоқарыда жүгирип киятырғанда қулағымның тусынан еки мǝрте оқ ысқырып өтти.

Окоптың иши менен ящикти жеткерген Назаренко ашыўланып:

– Тенал, вы что с ума сошли? Теперь большая разборка, скандал
будет. Или хочешь попасть в штрафбат? Ол еле тоңқылдап жүр. Мен де қатты қорқып қалған едим. Ол пулемётқа таза лента салып болғанда, мен күткендей, ойлықтан жигирмалаған фрицлер зоңқ етип шығып, автоматларынан оқты қардай боратып бизлерге қарап тура жүгирди. Бул ўақытта еки жақтың да артеллериялары иске түсип, немец танклери күшли тезлик пенен бастырып киятыр еди. Олардың артында қаплаған жаяў фашистлер пайда болды. Саўашқа самолётлар да араласты. Дөгеректе күндеги дозақ оты гүрлеп атыр.

Лекин мен пулеметты иске қоспай шамалы сабыр сақлап турдым.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.