Мен окоптан-окопқа өтип жүгирип баратырған Иванның изинен зордан илесип киятырман. Иван-дǝў тоқтап, мени де тоқтатты. Кейин көрсеткиш бармағын аўзына кеселеп:
– Стой здесь, придёш когда я позову. Мен Иванның ҳǝрекетин бақлай басладым. Бизлер ең алдыңғы окопта едик. «Максим» пулеметты окоптың ернегине орналастырып алған Назаренко фашистлер жайласқан тǝрепке тесилип қарап отыр. Қасында арқасына түтесин төмен қаратып асып алған винтовкасы бар солдат окоптың дийўалына сүйенип мүлгип отыр. Иван олардың қасына барғанда Назаренко оны қушақлап алып, апақ-шапақ болып қалды. Иван Назаренкоға бир нǝрселерди айтып атыр. Иван оның еки көзинен айландырып орамал байлады да қолын былғап мени шақырды, оның көрсеткиш бармағы еле аўзын кеселеп тур. Мени Назаренконың қақ маңлайына турғызып оның көзиндеги орамалын шешип жиберди. Окоптың иши уллы шуў-қум қуўыт болып кетти. Назаренко мени қайта-қайта қушақлап, бақырып бийлеп жиберди. Окоплардың иши толы солдатлар аң-таң, оған кеўил аўдарып атырған Иван менен Назаренко жоқ.
Шамалыдан соң үшеўимиз де окоптың ултанына шөгип отырдық.