Кимдур кешки отырыспаққа баражақ. Ал, кимдур бармайды. Себеби, үйинде ысытпасы шығып атырған баласына қараўы керек. Ямаса қартайған ата-анасына қарайтуғын басқа адам жоқ. Аўқат писириўи, қазан-табақ жуўыўы, наўқасланған апасын көриўге емлеўханаға барыўы керек…
Отырыспаққа баратуғын адамның қыялында басқа машқалалар: қандай көйлек кийсем екен, шашымды қәйтип түрмеклетсем жарасықлы болады, кимге ислетсем екен?... Және отырыспаққа бармайтуғынға ақыл үйретип те қояды: «Адам деген өзи ушын да жасаўы керек, ара-тура дем алыўды да билиўи керек». Оның да барғысы келеди, тек имканияты жоқ та... Бирақ, ҳәмме нәрсениң де жуўмағы бар. Отырыспақ та жуўмақланады. Жаслық шақ өтип, кекселик ҳәм кеселликлер есик қағады. Усындай ўақытта биз де отырыспаққа бармай, өзимиз бенен бирге қалатуғын адамға мүтәжлик сеземиз.