ЖИГИТ.
Жигиттиң болмаса ўәде лебизи,
Адамгершиликтиң жоқдур негизи.
Жигит айтып болып қайтып қалсалар,
Онда ол шайтанның нағыз егизи.
Кемпир сойыспаққа турмаған жигит,
Жигитпен деп өзин айтпай-ақ қойсын.
Ўәдесине опа қылмаған жигит,
Айтың қалайынша ол жигит болсын.
Жигитте жигитлик болмаса егер,
Күни келип бир күн көп азап шегер.
Ешек минез болса минези оның.
Нан берген өзиниң ийесин тебер.
Жигиттиң ўәдеси нызамнан қатты,
Болады дер еди ата-бабалар.
Бирақта таппайсаң бүгин бул затты,
Жигитпен деп жүр-ғой ылғый шалалар.
Жигиттиң болмаса турақлы сөзи,
Нолге тең болады билсеңлер өзи.
Ўәдеге опалы болмаса жигит,
Көгерип жүреди маңлайда көзи.
Аңсатбай Қаражанов
21.10.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Жигиттиң болмаса ўәде лебизи,
Адамгершиликтиң жоқдур негизи.
Жигит айтып болып қайтып қалсалар,
Онда ол шайтанның нағыз егизи.
Кемпир сойыспаққа турмаған жигит,
Жигитпен деп өзин айтпай-ақ қойсын.
Ўәдесине опа қылмаған жигит,
Айтың қалайынша ол жигит болсын.
Жигитте жигитлик болмаса егер,
Күни келип бир күн көп азап шегер.
Ешек минез болса минези оның.
Нан берген өзиниң ийесин тебер.
Жигиттиң ўәдеси нызамнан қатты,
Болады дер еди ата-бабалар.
Бирақта таппайсаң бүгин бул затты,
Жигитпен деп жүр-ғой ылғый шалалар.
Жигиттиң болмаса турақлы сөзи,
Нолге тең болады билсеңлер өзи.
Ўәдеге опалы болмаса жигит,
Көгерип жүреди маңлайда көзи.
Аңсатбай Қаражанов
21.10.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai