Ҳәзирде көпшилик ҳаяллар ерлеринен гүманланып қәдемин қыйсық басып жүр деп жоқ жерден шаң шығарып "жыңғыл" десе "қырғын" деп өзлериниң пикирин жоқары санап турмысынан налый баслайды.
Ҳәр бир истиң соңында жақсылық жатады, адам қәте қылыўдан қорқпаў керек, сол қәтени дүзеталмаўдан, қайталаўдан қорқыў керек негизи, айыпсыз тек ғана бир Алла.
Жоғында билинер
Саған тийип не көрдим деп налынып,
Жүргенлер жоқ емес, қалар табылып,
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Излеп табалмайсаң кейин жабылып.
Қыйсық қабырқадан жаралған нашар,
Гейде жолды жапса гей ўақта ашар.
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Еркеги жоқ үйде берекет қашар.
Екеўиде қайтпай кетселер ҳәске,
Шаңарақ жығылып түседи пәске.
Жоғында биленер ердиң қәдири,
Болған жақсы болар өмирде әсте.
Бендениң нәписин тыймаса қудай,
Еркекке жабыса береди ылай.
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Айыпламаң ерди буннанда былай.
Егер ериң болсын десеңлер жақсы,
Не деседе мақул деп айтқан яқшы.
Жоғында билинер ердиң қәдири.
Сөйлемең еркекке ҳеш қашан ашшы.
Ашшы гәпке ашшы гәплер жалғанып,
Даў жәнжелге кетиў мүмкин айланып.
Ер адамға яқшы десең болғаны,
Қалар өзи саған қатты байланып.
Ансатбай Каражанов
16.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai