Әкемниң айтып берген бир ўақысы есиме түсип усы қатарларды жазбақтаман.КӨРДИМ
Бир қалада өзине тоқ бай адам болған екен ол өзин ҳәммеден үстем көреди екен.
Ҳәттеки өзиниң мәпин мәмлекеттиң мәпиненде үстем көреди екен, мәмлекеттиң атын сатып барлық ислерди өзиниң мәпине жумсайды екен.
Бир күнлери оннан инсап кетип инсаптан журдай болыпты, "патшаның дәўлети қайтайын десе, өзиниң халқын танымайды" дегендей өзинен басқаны танымай қалыпты.
Солай етип нызамлыма нызамсызба ислерге араласып тек ғана дүнья мал жыйнаўға кирискен екен.
Күнлердиң күнинде басынан бахыт қусы ушып ийелеп отырған лаўазыманан түсип, кеселленип қалыпты, жыйнаған тергени ҳеш нәрсеге жәрдем бералмапты.
Бир күнлери ис қозғатылып еркинен айырыў жазасына судланып, жазаны өтеў орнында қаза қылыпты. Жыйнаған тергени артында қалып перзентлери ортасында жәнжел келип шығып үлкен шаңарақтан берекет қашып перзентлери бахытсыз өмир кеширипти.
Әкем дүнья малға өш болмаўды айтып азырақ аўысса қыйналған кисиге жәрдем қолын созыўды айтатуғын еди.
Әкемниң айтып бергенлерин ҳәзирде көзим менен көрип отырман, бәри ҳақыйқат екен.
Дәўрәнди сүриўди мәңги деп ойлап,
Жүргенлерди көрдим бәрҳәма тойлап.
Инсан тәғдирин ойыншықтай ойнап,
Көрдим қалғанларды соңында шорлап.
Байлық дүнья малға тоймады көзи,
Дуйым журтты жаўлап алдылар өзи.
Ыссы шөрек былай турсын халыққа,
Ҳәттеки болмады бир жыллы сөзи.
Дурыс деп ойлады өзиниң исин.
Өзинен төменге қайрады тисин.
Халық мәпи ушын жумсамай күшти,
Өзиниң мәпине жумсады күшин.
Ўақыт сәти жетип аяғы тайды,
Ҳеш ким қолламады баяғы байды.
Қос-қосынан алып машина жайды,
Бирақта умытты, тәңир қудайды.
Жылатып жетимниң ҳақысын алды,
Наҳақ болсадағы ўайқаңды салды.
Бирақта буйырмай жыйған тергени,
Жыйнаған дүньясы артында қалды.
Ансатбай Каражанов
21.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai