БАЙРАМ МҮБӘРЕК!
Ғәрезсизлик алдық, деп қуўанған халқым,
Өтмиш күнлеринен жубанған халқым..
Дастурханға төгер, аянбай барын..
Әзиз Халқым, байрам мүбарек!
Жас баладай қуўанып, байрамды күтер..
Қуўаныштан төбеси көклерге жетер..
Мийманды төрлетип, хызметлер етер..
Кеўли пәк Әзизим байрам мүбәрек!
Тапқаныңды дастурханға қоярсаң,
Дым болмаса, ,түйе таўық соярсаң,
Қарап турсам,, сарқыраған дәрьясаң..
Аңқылдақ әзизим, байрам мүбәрек!.
Ҳеш қашан билдирмес, кемшилик жерин,
Мезгилсиз келсең де, "келе бер, келиң..."
Қушақ ашып күтер Қарақалпағым мениң..
Миймандос Халқым, байрам мүбәрек!..
Сендеги сыйласық, сендеги ҳүрмет,
Ата-бабамыздан мийрасдур, иззет.
Қарақалпақ болып дүньяга келмек,
Бул бир бахыт ғой :дүньяда барым,
Қарақалпақ Халқым, байрам мүбәрек!
Әўладларың кең дүньяны шарласын..
Пәк кеўлиңдей жәҳән - Сени сыйласын!
Әўладтан-әўладқа өтип мийрасың,
Жасай бер, мәңги, Ана Ўатаным,
Қутлы болсын байрам, ҚАРАҚАЛПАҒЫМ!
Аймуратова Перихан..
Ташкент каласы.
1- сентябрь 2024 ж
https://t.me/Soz_marjani
Ғәрезсизлик алдық, деп қуўанған халқым,
Өтмиш күнлеринен жубанған халқым..
Дастурханға төгер, аянбай барын..
Әзиз Халқым, байрам мүбарек!
Жас баладай қуўанып, байрамды күтер..
Қуўаныштан төбеси көклерге жетер..
Мийманды төрлетип, хызметлер етер..
Кеўли пәк Әзизим байрам мүбәрек!
Тапқаныңды дастурханға қоярсаң,
Дым болмаса, ,түйе таўық соярсаң,
Қарап турсам,, сарқыраған дәрьясаң..
Аңқылдақ әзизим, байрам мүбәрек!.
Ҳеш қашан билдирмес, кемшилик жерин,
Мезгилсиз келсең де, "келе бер, келиң..."
Қушақ ашып күтер Қарақалпағым мениң..
Миймандос Халқым, байрам мүбәрек!..
Сендеги сыйласық, сендеги ҳүрмет,
Ата-бабамыздан мийрасдур, иззет.
Қарақалпақ болып дүньяга келмек,
Бул бир бахыт ғой :дүньяда барым,
Қарақалпақ Халқым, байрам мүбәрек!
Әўладларың кең дүньяны шарласын..
Пәк кеўлиңдей жәҳән - Сени сыйласын!
Әўладтан-әўладқа өтип мийрасың,
Жасай бер, мәңги, Ана Ўатаным,
Қутлы болсын байрам, ҚАРАҚАЛПАҒЫМ!
Аймуратова Перихан..
Ташкент каласы.
1- сентябрь 2024 ж
https://t.me/Soz_marjani