РӘЎИЯТТАҒЫДАЙ БОЛМАЙ ҚАЛДЫ...
Белгисиз бир себеплер менен ерли-зайыплының арасынан ала пышық өтти. Күндеги татыў шаңарақта аяқ астынан жәнжел басланып кетти. Жигит өзин баса алмады. Ашыў менен ҳаялына:
- Кеширерсең, екеўмиздиң минезимиз бир-биримизге туўры келмейди екен. Жүр шық, сени анаңның үйине апарып таслайман! - деп, ҳаялын машинасын мингизип алып, төркинине апарып таслады.
Өзи мешитке барып песин намазын оқыды. Намаз тамам болғаннан кейин де сол орнынан қозғалмай отыра берди, отыра берди.
Намазлыгерге азан айтылған ўақытта барып, өзиниң узақ отырып қалғанын сезип, жәмәәт пенен бирге аср намазын оқыды. Оннан кейин иркилместен үйине қайтты. Келсе, үйинде ҳаял, бала-шағасы жоқ, үйи ҳүўиллеп тур! Тиршилик нышаны байқалмайтуғын үйге келип, кеўил кейпияты түсип кетти. Телефонын алды да ҳаялына қоңыраў етти:
- Анасы, барайын ба, қайтасаң ба? - деди.
- Аўа, әкеси, қайтаман. Бирақ бир шәртим бар.
- Аўа, шәртиңди айта бер...
- Асханаға кириң
- Кирдим.
- Тарелкаларды алып күш пенен жерге урың.
- Урдым.
- Енди сынықларын жыйнап алып алдыңғы ҳалына келтириң. Кейин қайтаман.
- Кеширерсең, анасы. Мен каучук тарелкаларды жерге урған екенмен. Сынған жоқ, сынықлары да жоқ...
- Ҳәй, сиз-әм бир! Рәўиятты рәсўә қылдыңызғо! Келиң, бизлерди тезирек алып кетиң. Үйдегилерге "Сизлерден хабар алып кетейин деп келдим," деп едим, - депти сонда ҳаялы.
https://t.me/Soz_marjani