Енди олар көп балалы шаңарақ ийелери болып, қызлары күн сайын емес, саат сайын бириниң изинен бири есейип үлкейе баслады. Анасына жәрдемши болып, мийзамкеш болып өсти.
Киши баласы Көмек дүньяға келгенде, Бийбижан азғана сырқатланып калды. Шыпакерлер:
-Қаны азайып кеткен, витаминлер алып, ҳаўа өзгертиў кереклигин тайынлады. Жумабай келиншегин алып, Ленинград каласына ушып кетти. Ол жерде дайысы Асқар аға жасайтуғын еди. Дайысынын ҳаялы рус қызы еди. Соған қарамастан ол тап өзимиздиң мусылман қызларымыздай:
Ақ кеўил, жүзи жадырап туратуғын Пийрим Бийпатманың тухымынан еди. Нөкистен келген конақларды отырғызарға жер таппай, төрги жайына стол жасап, бир аўқаттан кейин, екиншисин таярлап, дастурханды безеп таслайды. Ал Жумабай болса қысылып-қымырылып, Нина жеңгесине:
- Рахмет, рахмет! Көп өзиңизди урындыра бермең. Бизлер мийманханаға кетемиз, тек ғана сизлерди көрип, сәлем берип кетейик,-деп едик. Бул сөзге қапа болған Нина жеңгеси:
- Бизлердиң уйимизде бола бериң! Өзлериңиздиң уйиңизде калай жасасаңыз, тап сондай бизлердиң уйде де қанша боламан десеңиз, сонша мийман болыңлар! Ҳеш қайда бармайсыз!-деп атыр. Ал Асқар дайысы болса:
- Келинди өзим емлетемен! Таныс әскерий шыпакелер бар. Жүдә билгир, өз кәсибиниң маманы-деп оларды ҳеш кайда жибергиси келмей атыр. Себеби Асқар дайысы әскерий полктиң подполковниги болғанлықтан, көп жыллардан бери аўылы Мойнаққа бара алмаған, туўған жерин сағынған ўакытта, өз әскерлик ўазыйпасын атқарып журген, Қарақалпақстаннан келген жас жигитлерди коллап-қуўатлап, үйине қыдыртып алып келип, өзиниң туўған перзентиндей жақсы көрер еди. Себеби өзиниң ул баласы жоқ еди. Жийени Жумабайды да өзиниң баласындай жақсы көрер еди. Ол ушыўшылар таярлайтуғын оқыў дәргайында оқып жургенде де, усы Асқар дайысы көп жәрдем Берген еди. Бийбижанды бир айдың ишинде аттай етип, бес-алты кг. семиртип аўылына шығарып салды. «Аўырыў батпанлап кирип, мыскыллап шағады»-дегениндей Бийбижан бурынғыдай шаққан қуўнак бола алмады. Бир күни мийи айланады, бир күни басы аўырады. Беллери арыўырады, диңкеси болмайды. Соннан-соң жатып калады. Жатып атырып қызларына:
- Қызларым.! Мен сизлерге кандай нәсийҳат берсем, соған ылайыклы тәрбиялы қызлар болың! Анаңыздың үгит-нәсиятларын умытпаң! Алғыс алатуғындай қызлар болың! Барған жериңизде бахытыңыз болсын! Киши пейил болың! Бир түйир иниңизди қапа етпең! Тек ғана сол баламды уўайымлайман. Сизлерден кеўлим қатержам. Ал қызлары болса:
- Анажаным! Неге ондай сөзлерди көп айтатуғын болып кеттиңиз? Қойың инимиз Көмекке өзиңиз тәрбия бересиз. өзиңиз үйлендиресиз. Бизлерде сизге жәрдемши боламыз-дер еди. Ол ўақытлары үлкен баласы жигитлик ўазыйпасын атқарыў ушын әскерге кетген еди. Ол Чита қаласында хызметте болып, командирлери ата-анасына бир бет қағаз:
- Мақтаў қағазын «Благодарность» жазып жиберди.
- Бизге әскерликке жиберген улыңыз Назарбаев Әжинияздың үлгили шын кеўилден көрсеткен хызметлери ушын миннетдаршылық билдиремиз! Усындай тәрбиялаған баланың ата-анасына рахметлер айтамыз!-деген бир бет қағазды Бийбижан көзинен жасы сорғалаўы менен оқып жатты. Ол иш-ишинен улына разы еди. Сол разышылығы менен ол қырық үш жасында дүньядан көз жумды. Ал Жумабай болса перзентлери менен шуўласып қала берди. Дүньяға бес перзентти келтирип, мийнетин көрип, рәҳәтин көре алмай кеткен Бийбижанның әрманлары көп еди. Әттең сум әжел оны ўақтынан бурын алып кетти.
Ал бизлер болсақ ҳүрметли китап оқыўшылар менен биргеликте Бийбижанның перзентлерине:
- Узақ өмир, терең ден-саўлық, таўсылмас бахыт, ырысқы-несийбелери мол болып қалсын дегимиз келеди.
Злиза Қайназарова.
https://t.me/Soz_marjani