ТАПҚАНЫҢЫЗ ЖАҚСЫЛЫҚҚА БУЙЫРСЫН
Жерге жети ийип азийз басыңды,
Арқаланып тәғдир тийер тасыңды,
Ҳадалынан жыйып несийп асыңды,
Таўғаныңыз тойларыңа буйырсын!
Жылаў керек жерде жеңиң күлимлеп,
Қайғы-ғамға сизге емес сүринбек,
Душпанғада бахтыма саў жүриң деп,
Жақсылығың жақсы күнге буйырсын!
Бақырысқан қоңсың да бос қалмасын,
Ағайиниң ҳәтте қурбы-қурдасың,
Сен халқыңды, халқың сени қолласын,
Шыннан шыққан тилек "ем"ге буйырсын!
Кеўил үйге жағып ийман маяқты,
Тоқсанда да бир сүйенбей таяқты,
Ден саўлықта ғаз-ғаз басып аяқты,
Тапқаныңыз тойларыңа буйырсын!
Бахыт деп бил ҳәр күн таңның атқанын,
Ийман болғай жерде жасап утқаның,
Қумырысқадай күндиз-кеше тапқаның,
Ул-қызыңа, ақлықларға буйырсын!
Саў-саламат қуўанышқа буйырсын.
Зульфия Жийемуратова
https://t.me/Soz_marjani
Жерге жети ийип азийз басыңды,
Арқаланып тәғдир тийер тасыңды,
Ҳадалынан жыйып несийп асыңды,
Таўғаныңыз тойларыңа буйырсын!
Жылаў керек жерде жеңиң күлимлеп,
Қайғы-ғамға сизге емес сүринбек,
Душпанғада бахтыма саў жүриң деп,
Жақсылығың жақсы күнге буйырсын!
Бақырысқан қоңсың да бос қалмасын,
Ағайиниң ҳәтте қурбы-қурдасың,
Сен халқыңды, халқың сени қолласын,
Шыннан шыққан тилек "ем"ге буйырсын!
Кеўил үйге жағып ийман маяқты,
Тоқсанда да бир сүйенбей таяқты,
Ден саўлықта ғаз-ғаз басып аяқты,
Тапқаныңыз тойларыңа буйырсын!
Бахыт деп бил ҳәр күн таңның атқанын,
Ийман болғай жерде жасап утқаның,
Қумырысқадай күндиз-кеше тапқаның,
Ул-қызыңа, ақлықларға буйырсын!
Саў-саламат қуўанышқа буйырсын.
Зульфия Жийемуратова
https://t.me/Soz_marjani