Жумыстан шығып кеткенимнен кейин әкемниң қасында саўда ислей басладым. Оны умытыўым ушын көбирек жумыс пенен бәнт болыўым керек еди. Бир жағынан оның болажақ күйеўи бай жигит болғанлығы ашыўымды келтирер еди. Сағыныш азабын жеңиў ушын оны ҳәр еслегенимде телефоныма "Сағындым," деп жазып қоятуғын әдет шығардым. Бир күнде елиў мәрте жазыппан. Сағынышларымды санап, жүрек ҳәўирин басар едим. Әкемде саўдаға, жаңа жумыс орынларын ашыўға туўма қәбилет бар. Қайсы жумысты басласа да, әлбетте, оңынан келеди. Мен де оның изинен кеттим. Әкеме жәрдемлесип, оның жумысын азмаз жеңиллеттим.
Арадан үш ай өтти. Бир күни әкем банкротқа ушыраған бир исбилерменниң тойханасын сатып алып, оны жүргизиўди маған тапсырды...
Тойлар мәўсими жақынлап қалғаны ушын тойханамызды тез-тез ремонтлап, клиентлерден буйыртпалар қабыллаўымыз керек еди. Соны тезирек питкерейин деп, күн демей, түн демей жуўырдым. Сөйтип, режелестирген ўақтында ремонтты тамамладым. Көп узамай той буйыртпалары де келе баслады. Өз исиме рийза болып, тойхана есиги алдында турман. Жаңлаған музыка сести менен аппақ лимузиннен костюм-шалбар кийген күйеў жигит түсти.... Оны көрип жүрегим тоқтап қала жазлады. Демек, тойханамда өткизилетуғын биринши той сүйген қызымдики екен! "Эй, Алла! Қайсы гүнәларым ушын бундай болып атыр?!." Аяғым астындағы жер теңселип кеткендей басым айланып кетти. Күйеў жигит қолын усынғанда аққуўға уқсап келиншек ҳәм түсти. Көзимди жумып алдым. Оның бахытлы жүзин көриўге жүрегим даўаламады. Ғырра артыма айланып кетип баратыр едим, бирден уў-шуў болып, қышқырысқан даўыслардан шоршып кетип тоқтап қалдым. Қарасам, той ҳүрметине күйеў жигиттиң жоралары шампань атып атырған екен...
Бирақ, мени шампань емес, басқа нәрсе ҳайран қалдырған еди, күйеў жигиттиң қасындағы Мадина емес, басқа қыз еди! Яқ, яқ! Көзлерим алдап турған жоқ. Исенбей, анықлап қарадым. Аўа, расы менен де Мадина емес!
Исенимли болғанымнан кейин биринши қабаттағы кабинетиме қарай жуўырдым. Есикти иштен илип алып, телефоннан таныс нөмерди тердим. "Алло," деген жағымлы даўысты еситип, тамағыма бир нәрсе тығылғандай болды.
- С-сәлем... тасжүрек, неге усы ўақытқа шекем бир мәрте қоңыраў етпедиң? - Бирнеше минутқа созылған үнсизликтен кейин жуўап келди.
- Сиз бәрибир мухаббатқа исенбейсиз ғой...
- Исенбеймен! - және қайсарлығым тутты. - Бирақ маған турмысқа шықсаңыз, қызғана берип, күн көрсетпеймен, билесең, я!
- Аўа... билемен...
Өзим ремонтлаған тойханада тойымыз болды. Биз бир-биримиз ушын туўылған адамлар екенлигимизди ўақтында аңладық. Бир-бирин шын жақсы көрген жигит-қызларға айтарым, "Өмириңиздеги ҳәр бир мүмкинликти қолдан шығарып алмаң! Ҳеш нәрсе бийкарға болмайды екен. Басыңызға қонған бахытты үркитип алмай, ўақтында баҳалаңыз," дегим келеди.
Атын жазыўды жөн көрмеген жигиттиң хатын сизлерге жеткизген:
Қуўанышбаева Гүлайым.
https://t.me/Soz_marjani