КҮЛЕ БЕРЕЙИК ПЕ?
Актёр Зинел Пиязов кем сөзли, салдаманлы киси. Артислер аннан-мыннан гәп қозғап ўақ-шақ болып атырса да, ол тек керек жеринде күледи де қояды. Лекин, ол да арасында анекдот айтқысы келеди, бирақ бурыннан бул мәселеде гәпке тақыўа болмаған соң тыңлап отырғанлар гәптиң қайерде басланып, қайерде тамам болғанын билмей қалады екен.
Бир күни отырыспада Зийнел аға анекдот баслапты. Ҳәмме жым-жырт. Қашан күлкили жерине келеди екен деп аўзына үңилип отырса, гәп тамам болып қалыпты.
— Зийнел аға, айтып болдыңыз ба, күле береийк пе?- депти сонда Әлимбай Сейтеков.
Ҳәмме отырғанлар дуў күлипти. Әлбетте, анекдотқа емес.
Муратбай Нызанов
https://t.me/Soz_marjani