Ўатан
Артты деп биреўге улымның саны,
Маған ашқан еди ыссы қушағын,
Ўатан десе кеўлим алып ушады,
Муҳаббатым саған арналар, Ўатан!
Балалықта талларыңнан таттым пал,
Нурлы соқпақларың сыйлады ығбал,
"Ўатан не?" деп маған берсеңиз саўал,
Аймалаған ата-анамдур, Ўатан!
Мысыр шәҳәрим деп шынтлап сүйемен,
Уллылығың алдында бас ийемен,
Сен арқалы үлкен күшке ийемен,
Илҳам булағымның көзисең, Ўатан!
Нақыл бар: "Өз үйиң өлең төсегиң",
Халық айтса қалпы айтпас деседи,
Алыс кетсем жуўсаныңды күседим,
Меҳир жиплериңе байландым, Ўатан!
Табалмадым сениң теңи-тайыңды,
Қәдир туттым қуяшыңды, айыңды,
Бүгин жер жүзине даңқың жайылды,
Мәртебели алтын иргемсең, Ўатан!
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Артты деп биреўге улымның саны,
Маған ашқан еди ыссы қушағын,
Ўатан десе кеўлим алып ушады,
Муҳаббатым саған арналар, Ўатан!
Балалықта талларыңнан таттым пал,
Нурлы соқпақларың сыйлады ығбал,
"Ўатан не?" деп маған берсеңиз саўал,
Аймалаған ата-анамдур, Ўатан!
Мысыр шәҳәрим деп шынтлап сүйемен,
Уллылығың алдында бас ийемен,
Сен арқалы үлкен күшке ийемен,
Илҳам булағымның көзисең, Ўатан!
Нақыл бар: "Өз үйиң өлең төсегиң",
Халық айтса қалпы айтпас деседи,
Алыс кетсем жуўсаныңды күседим,
Меҳир жиплериңе байландым, Ўатан!
Табалмадым сениң теңи-тайыңды,
Қәдир туттым қуяшыңды, айыңды,
Бүгин жер жүзине даңқың жайылды,
Мәртебели алтын иргемсең, Ўатан!
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev