Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
- Сениң есиң дурыс па өзи? Туўрылық дегенде нени түсинесең өзи. Адамды дурыс баҳалаў. Либерализмге берилмеў. Қәтереге қулақ салмаў. Түсиникли ме? Сени адамлар мақтағанға дурыс жигит шығар, десем, қалай-қалай болып кеткенсең өзиң?!
- Туўрысынан болса, еки...
- Еки болса, еки, - деди Шамурат Әбдимуратович столға бармағын тарс еткизип. - То есть. Сен оның еки екенлигин қайдан билесең? Бизлер бул жумысты жаңа ғана айтысып отырмыз ғой.
- Улыўма мен еки оттың арасында қалдым, Шамурат Әбдимуратович. Жаңа жуўаплы секретарь усы жумысты ректор айтты, унамлы баҳа қоясаң, деп кетти. Ал, сиз... - Арғы жағын айта алмадым.
Оның бундай ашыўланғанын ҳеш ўақытта көрген емеспен.
Дәрҳәл жуўаплы секретарьды шақырды.
- Сиз ким менен ойнап жүрипсиз?! Енди мениң менен ойнаўға қарадыңыз ба?
- Билесең бе, сол Жамаладдиновтың университет ушын қаншама ширкеў екенлигин. Мектепте барлық сабақларынан үш. Бул жерге келип, қалай математика ҳәм биологиядан "төрт" алады.
- Танысқың келсе мине! - деди үш-төрт арзаны бирден ылақтырып. - Буны мектепте бирге оқыған баллары жазған. Және мениң атымнан айтыўға қалай тилиң барды?!
Жуўаплы секретарьдың жүзинде қан қалмады.
- Мени кешириң, Шамурат Әбдимуратович.
- Кешириў де гәп пе? Сени судлаў керек. Сендей адамларға исенип... Бар, жумысларды тапсыр. Жуўаплы секретарь болатуғын адам табылады.
Жуўаплы секретарь аяқлары босасыўы менен есикке қарай жүрди. Албырағаны соншелли, еки мәртебе басын есикке урып алды.
Мен де оның изинше сыртқа шықтым. Енди маған ҳәмме нәрсе рәўшан еди. Коридордың мүйешинде муңайып турған жуўаплы секретарьды көрдим. Ол жаңа ғана болып өткен кеўилсизликтиң себепшиси сен дегендей, қабағын үйип қарады.
- Келип сүйинши сорапсаң-дә, - деди ол кекетип.
- Жоқ, қайтама өзи қызығып қалды.
- Өзимнен де болды, - деди ол аўыр гүрсинип. - Араға түсиўге болмайтуғын бала еди...
Ертеңине жуўаплы секретарымыз өзгерди. Ҳәмме экзаменаторлар имтиханға тең қатнаса баслады. Бирақ енди кеш еди. Ҳәмме жерлерде имтихан алып болынған. Тек имтиханнан наразы болған абитуриентлердиң жазба жумысларын көзден кеширип, оппилацион столында отырар едим.
Усындай ўақытларда бир қыз маған шағым етип келди.
- Муғаллим, Қайыпназаровтың жазбадан бес алғанлығына сирә исенбеймен. Ақыры, бизлер он жыл бирге оқығанбыз. Мен болсам жазбадан ҳеш қашан "төрт" алып көргеним жоқ. Бул сапары зордан "үш" алыппан. Өтинип сорайман муғаллим, жумысымды комиссия арқалы тексерип көриңиз.
Мениң бақлаўымша, өзине исенбеген адам ҳеш қандай бундай дәўжүрек бола алмайды.
Ол меннен әлле қандай меҳрибанлық күткендей көзлери жаўдырап турар еди. Бундай адам ушын зәрүр нәрсе тек ғана ҳақыйқатлық.
Мен бул қыздың жазба жумысын алып көрдим. Маржандай болып дизилген бул төрт бет жумыста қызыл қәлем тийген жерлери аз.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
15. 09