Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Жумысты оқып шығып, бир жуўмаққа келдим. Буны тексерген адам қылдан қылаў излеп баҳаны пәсейттириўге ҳәрекет жасаған. Жумыс бес баҳасына турарлық емес. Бирақ "төрт" баҳасын қойса болады. Соның ушын да "үш" қойылған жерин сызып "төрт" қойдым да жибердим.
Қыз қатты қуўанып кетти.
- Рахмет, муғаллим сизге. Басқа пәнлердиң ҳәммеси "төрт" еди.
- Қайсы районнансаң?
- Тахтакөпирден. Ағам трактордан жығылып больницада жатыр еди. "Үш" алып қойғанымды еситсе қапа болады.
Қыз көп рахметлерди айтты да шығып кетти. Енди Қайыпназаров деген баланың жумысын қолыма алдым. Бул ликбезде оқыған адамның қолынан жазылғандай ирсек-тирсек жумыс бес бет еди. Оның үстине бир илимпаздың қолынан жазылғандай мағаналы. Тап оныншы класстың балларында усындай пикирлер болады деп те ойлаў қыйын. Жазылыўы азмаз патас демесең, қәтеси жоқ. Бирақ бул "жазыўшысымақ" баланың математика факультетине тапсырғанына ҳайран болдым. Демек, бул шығарма да баланың өз пикири менен жазылмаған. Тек баҳаны күшейтиў ушын исленген ҳийле болыўы керек...
Мен сираретамды тутандырып сыртқа шығып кеттим. Университет алдында адамлар сийрексип, имтиханлардың тамам болғанлығын сездирип турар еди. Шетки скамейкалардың биринде муңайып отырған бир қызды көрдим. Ол имтиханнан жығылып қалған болса керек. Бирақ кеўлинде университетке кириўге талпынған үлкен әрман сезилер еди. Адам ҳеш ўақыт сүринбесе екен! Бирақ олай болыўы мүмкин емес. Ҳәмме байраққа талабан болғаны менен, байраққа жиберилген отыз аттың тек үшеўи ғана байрақ алады. Билим жарысында ең баслы сейис - китап. Китапқа зейин берген адам ҳәр қандай жарыслардан да сүрникпей өте алады. Өмирдиң өзи жарыс. Оның өз алдына әлўан имтиханлары бар. Илим китабының шәшмесинен нәр алып оның таслы соқпақларынан қорықпастан тырмасқан адам ғана өз мақсетлерине жете алады. Өмирдиң өзи адам ушын зор имтихан!
Повесть жуўмақланды.
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 09