Жақсы көрдим анам асқан тағамды
Шын кеўилден ғана бөлинсе дыққат,
Мазалы болады ҳәр қандай аўқат,
Берилгендей шексиз меҳир-муҳаббат,
Дәми бөлек анам асқан тағамның.
Қайсы жан унатпас асты татымлы?
Бир өмирге таңлайымда татыды,
Тойдырып арттырған күш-қуўатымды,
Сыры бардай анам асқан тағамның.
Қәдирлеп еңбегин, жүрек ықласын,
Ким усынса сыйлап татаман асын,
Алғыслап қояйын айтып ырасын,
Жақсы көрдим анам асқан тағамды.
Сапар шексем көп ўақ өтпей арадан,
Сағынышым артып үйге бараман,
Парызымды аңлап хабар аламан,
Жегим келип анам асқан тағамды.
Ең бир татлы палмекен я қосқаны?
Қараўдан-ақ иштейимди ашады,
Өмирдиң ләззетин сезип жасадым,
Татқанымда анам асқан тағамды.
Қайғырады жүрек жалғап алғыл деп,
Дәми жаққанлықтан тоймайман-аў жеп,
Мәртебели аппақ сүтине мегзеп,
Жақсы көрдим анам асқан тағамды!
16-сентябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Шын кеўилден ғана бөлинсе дыққат,
Мазалы болады ҳәр қандай аўқат,
Берилгендей шексиз меҳир-муҳаббат,
Дәми бөлек анам асқан тағамның.
Қайсы жан унатпас асты татымлы?
Бир өмирге таңлайымда татыды,
Тойдырып арттырған күш-қуўатымды,
Сыры бардай анам асқан тағамның.
Қәдирлеп еңбегин, жүрек ықласын,
Ким усынса сыйлап татаман асын,
Алғыслап қояйын айтып ырасын,
Жақсы көрдим анам асқан тағамды.
Сапар шексем көп ўақ өтпей арадан,
Сағынышым артып үйге бараман,
Парызымды аңлап хабар аламан,
Жегим келип анам асқан тағамды.
Ең бир татлы палмекен я қосқаны?
Қараўдан-ақ иштейимди ашады,
Өмирдиң ләззетин сезип жасадым,
Татқанымда анам асқан тағамды.
Қайғырады жүрек жалғап алғыл деп,
Дәми жаққанлықтан тоймайман-аў жеп,
Мәртебели аппақ сүтине мегзеп,
Жақсы көрдим анам асқан тағамды!
16-сентябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev