Төлепберген Қайыпбергенов
Уйқысыз түнлер
Повесть
Сиз Гүлзар Қарақалпакова ҳаққында, бәлким, билмейтуғын шығарсыз. Билиўге арзыйды. Ол орта бойлы, айдай ақ жүзине сәл сүйирлеў қобаға мурны жарасқан, бийдай рең шашын бир бурым етип желкесине таслаған, бир көзи жасалмалы, жигирма жаслардың шамасындағы рус қызы. Медсестра...
Жоқ, абзалы, сиз оның өз әңгимесин оқың.
... Детдом туўралы түсинигиңиз болса керек. Ҳәтте ҳәзирге шекем, биреўлер асығыслы түрде шырпа-шырп аўқатланып атырса, "қарай ғой, мисли детдомның баласындай" деп дәлкеклейди. Бул дәлкек емес, шынлыққа сүйенип айтылған гәп.
Урыс ўақтында, урыстан соңғы дәслепки жылларда да детдомда жасаў ҳәзиргидей емес еди. Асықпай кәмине келтирип аўқатланыў қайда? Күшли балалар өзлериникин түўесип, әззиректикине бас салатуғын еди. Сол ушын былбырақ болмаў керек. Шала-пала шайнап мәжбүрий түрде өрли-ғурлы жутасаң. Тамақтан өтсе өзиңдики.
Балалардың көбиси детдомнан кеткенди жақсы көретуғын еди. Буған мүмкиншилик те болып турды. Ара-тура бийтаныс ата-аналар келип ишимизден биреўлерди "балам-балам" деп әкетеди.
... Мен соң билдим, олар бийперзент ата-аналар екен. Жетимлерден бала қылыў ушын асыраўға алады екен...
Детдомнан бас пүкил кеткен балаларды көшелерде ушыратып қала қойсаң, аўзыңның суўы қурып ҳәўесиң келеди. Себеби, жақында ғана сениң менен бирге жүрген баланың я қыздың қолынан ағасы ямаса анасы жетелеп барады, екинши қолында мороженое болады. Ямаса әлле қандай әжайып қуўыршақты қолтықлап өтеди. Гейпаралары кешеги сениң менен отырғанын умытып:
- Анаған қара, нан сорап турыпты, - деп қолынан жетелеген ағасына я анасына сени көрсетип ермеклейди. Онысы менен турмай "машшеў, мениң шокаладым бар, қуўыршағыма қара..." деп көзиңди қызықтырады. Езиўи жыйналмай күлип, ишиңе от жағып кетеди.
Бир жола Вера деген қызды анасы ертип келди. Вера буннан бир ай илгери ғана мениң менен бир столда отырып аўқатланатуғын еди. Түнде бир кроватьта жататуғын едик. Қарасам, кийимлери өзгерип кеткен. Қардай ақ жипектен көйлек кийип, шашына ақ жипектен лента тағыпты. Мисли ақ гүбелек болған. Қолында резинка қояны бар... Ҳәммениң ҳәўеси кетти.
Анасы Вераны бизлерге қосып:
- Азмаз ойнап маўқыңды баса ғой, қызым, - деп өзи тәрбияшылар отыратуғын бөлмеге кирди.
Ойнадық. Вераның резинка қоянын алма-гезек үплеп ойнадық. Соның арасында балалардың биреўи оның қоянын алып қашпасын ба? Вера "Апа!" деп бақырып жиберди. Жердиң астынан зоңқ еткендей, апасы пайда болды да, қашып баратырған баланың изинен апыр-топыр жуўырып жетип, Вераның қоянын әкелип берди. Вераның үсти-басы шаң болып қалған еди, қақты. Көзлериниң жасын өзиниң сүттей аппақ шаршысы менен сыпырып, маңлайынан шорп-шорп сүйди де, мойнына отырғызып, кетип қалды. Вера жүдә қуўанышлы, дизилген ақ моншақтай тислери жылтырап, анасының мойнында бир букет жанлы ақ гүлдей болып кетти. Бизлерге алақандай ақ шаршысын қайта-қайта былғады. Бунысы қараңғыда түн ишинде қолына шырақ көтерип, басқаларға жол көрсетип баратырған ертектеги кәраматлы перилерге усады.
- Вера қандай бахытлы? - дести балалар оның изинен узақ қарасып.
"Бахыт", "бахытлы" деген сөзлерди балалар көп айтатуғын еди, усы сөзден кейин ғана "бахытлы" деген сөздиң шын мәнисин уққан болдым.
Тәрбияшымыз Елена Семеновнадан ара-тура "мениң де апам бар ма? Ағам бар ма?" десем, "бар, келип қалады" деп, дәмелендиретуғын еди. Сол күннен баслап апамның тезирек келиўин күттим. Верадай бахытлы болыўды ҳәўес еттим-дә!
Ара-тура келип кететуғын ата-аналардың биреўи меники болып, мени де қушақласа екен, әкетсе екен, дейтуғын болдым.
Детдомға қай күни ата-аналар келетуғынын алдын ала билиўге тырысаман. Билип алсам, сол күни өзимди жүдә жөнлестирип, бет-қолымды қайта-қайта жуўаман, үзилген сәдебимди тағаман, илинбегенин илдиремен. Ботинкамның баўын дурыслап байлайман. Қулласы, мүсиндей тап-таза болып тураман. Тәрбияшымыз "бәрекелла, Гуля" деп өтип кетеди.
Бирақ келген ата-аналардың ҳеш қайсысы маған дыққат аўдармайды, аралап жүрип-жүрип, бир қыздың я баланың қолынан услайды. Сол ўақытта ҳәмме бир аўыздан:
- Поздравляем, Вова! Поздравляем, Лена! - деседи.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
17. 09