Төлепберген Қайыпбергенов
Уйқысыз түнлер
Повесть
Бир күни бир ҳаял келди. Өзи жүдә семиз екен. Толы қанардай десең де болады, тек парқы қыймылдаған аяқлары бар. Ол ҳәммеден өтип келип, мениң қасыма иркилди. Ийегимнен көтерип, бетиме үңилди. Елена Семеновнаға қарады. Ол басын ийзеп, күлимлеп, әлле нәрсени мақуллап турды...
Балалар:
- Поздравляем... - деп атымды айтып үлгерген жоқ, ол ҳаял ийегимди жиберип, үндеместен кетип қалды. "Гуля, ол сениң көзиңди қәлемеди" деп салды қасымдағы бир қыз. Тәрбияшымыз шыдамай, ол ҳаялдың қасына келип: "берман жүриң!" деп ертип кетти.
Бизлер тарқадық. Тәрбияшының бөлмесиниң алдынан өтип баратыр едим, иште Елена Семеновна менен "қанар" ҳаялдың қатты-қатты бақырысып атырғанын қулағым шалды. Елена Семеновна "Ладанлық еттиңиз, баланың зейнине тийдиңиз" десе, анаў ҳаял оған: "Сиз оны маған таңбақшымысыз? Бир көзи гүлли ғой. Қыз ашылған гүлдей болыўы керек, ол солыған гүл, ғумшаламайды. Ержеткенде жигит алмайды... Ақлықлы бола алмасақ...", - деп жеңислик бермей атыр екен. Мен олардың гәпиниң тийкарғы мәнисине ол ўақытта түсинбеген менен, "қанар" ҳаялдың пәнтинен пысым қурып, тула беденим титиренди. Сол күни өмиримде биринши мәртебе өрели таңды кирпик қақпай атырдым. Мени қайткенде әкетер екен? Ол өз анам ба еди я басқа ма? Көзимниң не зәлели бар оған? Басқалардай көремен, сөйлеймен, жуўыраман, деймен өзимнен өзим. Ҳәмме қызлар уйқылап атырғанда мен кроватымда былай-былай аўдарылып түстим де жаттым.
Ертеңине Елена Семеновнаға келип, мениң қандай әменгерим бар екенин, ата-анамның бары-жоқлығын ашық айтыўын сорадым. Ол ырасын айтты. "Анықланған. Сениң ата-анаң жоқ" деди. Ол ҳеш ўақытта алдамайтуғын еди, инандым. Енди ата-аналы боламан, олар қолымнан жетелейди деген үмитим биротала үзилди. "Ата-аналар келеди" деген ғалаўыт көтерилгеннен мени ҳеш ким көрмейтуғын бир мүйешке қашып барып отыратуғын болдым.
Сегизинши класста оқып жүргенде үмитимниң жаңарыўына бир саңлақ көринди. Ата-анасы өлген деп жүрген бир қыздың әкеси табылып, излеп келип, әкетти. Бул ўақыя мениң де көкирегиме ғулғула салды. Парасатсызландым. Не ушын мениң ата-анам табылмас екен деген қыялға берилдим. Үзилген үмитим жалғанатуғындай сезилди.
Тәрбияшымызға ойласыўға барып едим, ол:
- Сениң де бир әменгериң табылса тәәжип емес, қызым. Бирақ өзиңниң де есиң енди, детдомға келгендеги личное делоң менен танысып, излеў хат жазып көр, - деди.
Тәрбияшымның кеңеси мақул түсти.
Архивтен личное деломды алдырдым.
Таныстым.
1942-жылдың июнинде Орта Азиялы бир солдат мени Арқа Кавказдағы аўылына жақын орналасқан бир санчастьқа әкелип тапсырыпты. Солдаттың сыртқы көриниси: Ири геўдели, ийинли, қара муртлы, бирақ русшаны оғада аз биледи деп жазыпты. Личное дело толтырған қабыллаўшы солдат пенен болған гүрриңниң басын сол турысында жазыпты.
- Как звать девочку? - депти қабыллаўшы.
- Мой дочь Гулзар пиши, Гүлзар, имя Гүлзар, - депти солдат.
- А Вы сами кто? - депти қабыллаўшы.
- Я кто? Я каракалпақ, я солдат каракалпак, - депти ол.
Солдаттың русшаны жақсылап билмейтуғыны ушын ба, қалған жағында сораў-жуўапсыз, тек қабыллаўшының өзи личное делоны толтырып, аты деген графаға "Гүлзар", "Фамилиясы" деген графаға "Қаракалпакова" деп жазыпты. "Отчество" деген графа бос тур. "Миллети" деген графаға "русская" депти.
Басқа гәп жоқ. Изинде қабыллаўшының ескертиўи бар екен. Солдаттың шала-шарпы айтыўы ҳәм ымлаўлары бойынша, ол бул қызды минаға тап келип аўдарылған жүк машинасының қасынан жарадарлар, өлилер арасынан алып шыққан. Машинадағылар эвакуация қылынғанлар болса керек. Гилең балалы ҳаяллар, кемпир-ғаррылар екен дейди. Солдаттың бул қызды алып шығыўы таңланарлық. Машинадан қулағанлардың арасынан бас көтергени болса, душпан снайпери белгисиз тәрептен атып сулайтып турады. Соның арасында жылаған бала даўысын еситип, солдат машинаға қарай жуўырады. Командири "жат" десе де тыңламай, машина қасындағы жарадарларға жетеди. Мынаў әкелген қызы бир өли ҳаялдың емшегин сорып сүт таба алмай шырқырап атыр екен. Жылдам, оны көтерип кейин бәскен. Қыздың өмири бар екен, екеўине де душпан снайпериниң оғы тиймепти.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
18. 09