Төлепберген Қайыпбергенов
Уйқысыз түнлер
Повесть
Бирақ булар машинадан он-он бес метрдей қашықлаған ўақытта душпан бомбардировщиги пайда болады. Бомбалайды. Булар топыраққа көмилип қалады. Әллен ўақыттан соң, басқа жолдасларының көмеги менен тикейеди. Қараса, аўдарылған машинаның жанындағы шала жансар жарадарлардың түги қалмай, парра-парра болып кетипти. Солдат қойнында талықсыған нәрестениң бир көзинен қан ағып турғанын көреди. Аптечкасы менен жылдам таңады да шинелине орап, алып кетеди. Аўзы менен суў береди, нан шайнап береди... Үшинши күни бир атакаға кетер алдында командири санчастьқа тапсырыўды буйырған соң ғана нәйилаж бизге әкелипти. Болмаса, үйине қайтқанша, өзи менен алып жүрип, қайтарсын әкетпекши екен. "Ўақытша тапсыраман, кетерде бәри бир әкетемен деди..." деп ескертиў жазыпты.
Елена Семеновнаға ҳәммесин айттым. Ол "Қызым, есиң бар ғой, ашшы болса да ҳақыйқатлық жақсы. Қабыллаўшының жазыўына қарағанда сол машинада анаңның өлгени тақыйық. Ал енди қайсы аўылдансаң, атың ким болған, бул да белгисиз. Тири болса әкең излер дер едим, бирақ ҳеш дәрек көринбейди" деди.
"Мени өлимнен қутқарған солдатты излесем ше?" дедим. Изле, рахмет айт деди. "Рахмет аз" деп ойладым ишимнен.
Сөйтип Каракалпаков деген солдатты таўып бериўин өтинип, областьлық милиция басқармасына хат жибердим. Үш айдан соң жуўап келди. Мени "Ҳүрметли Гүлзар Қарақалпақова" деп жазыпты. "Ҳүрметли" деген сөзди сонда биринши рет еситтим. "Қарақалпақов" деген фамилия оғада сийрек ушырасады екен. Сол ушын олар "бул фамилия руслар арасында сирә болған ба?" деп, өткен әсирден де архив аўдарыпты. Өткен әсирде Владимир Каракалпаков деген рус художниги болған екен. Соның әўлады ма деп излестирипти. Қайда маған ондай белгили адамның қызы болыў?
Буннан тысқары олар Қарақалпақов деген еки фамилияны Қарақалпақстан АССР ынан таўыпты. Биреўи қазақ жигити екен, армияға бармаған, жасы жетпеген. Екиншиси Қарақалпақов емес, "Ғалпаков" екен, түркмен жигити, армияда 1941-жылы болып, урыстың дәслепки гезинде өлген. Басқа дерек жоқ. Хаттың ақырында "Личное делоңыздан көширме жибериң" депти. Тез жибердим. Және жуўап келди. "Бизиң ойымызша, ол солдат Каракалпаков емес, қарақалпақ солдаты болыўы тийис. "Вы сами кто?" дегенде түсинбей фамилиясының орнына миллетин айтқан. Шаршап жүрген санчастьтағылар уйқылы-ояў отырып, миллеттиң атын фамилия қылып жиберген. Былайынша айтқанда, сизиң фамилияңыз пүткил бир миллеттиң аты. Өз атыңызды да тексердик. "Гүлзар" деген ат қарақалпақ қызларына қойылатуғын әййемги атлардан. Қарақалпақларда, ҳәттеки "Гүлзар" деген халық намасы да бар екен. Өткен әсирдеги қарақалпақ халқының классик шайыры Бердақтың "Ақмақ патша" деген дәстанында да Гүлзар деген қыздың аты бар. Биз усыларды анықладық. Соның ушын арзаңыздың бир данасын көширтип, Қарақалпақстан АССР ына жибердик. Жуўабын өзлери жазады..."
Елена Семеновна маған: "Гүлзар, түсиндиң бе? Оның саған өз фамилиясын бермегени - жеке даңқтан миллетиниң даңқын артық қойғаны шығар", - деди.
- Қандай жақсы адам! - дедим таңланып.
- Жақсылыққа жақсылық ет, Гүлзар! Бул алжасық емес. Өзин қойып, сени пүткил миллетине қыз қылған бул адамды "аға" десең арзыйды, - деп салды ол.
Ойланбастан: "Аға!" деп көрген едим, жүрегиме әлле қандай йош кирип, бойыма жигер енди.
"Бәлким, аға дермен" деген сөздиң аўзымнан қалай шыққанын билмеймен, Елена Семеновнаның да жүзи жадырады. "Сен детдомға аўысқан соң, ол кетерде табалмай, бәлким, еле "мой дочь Гулзар" деп жүрген шығар" деди.
Буннан кейин көп ойландым. Жекке жүрип түнлерде де ойландым. "Қанар" ҳаялдың айтқаны есиме түседи. Маған өмиримде сирә "аға" я "апа" деў буйырмаған ба? - деймен. Жоқ, жоқ... өз фамилиясын аз көрип, миллетиниң атын берген қарақалпақ солдатын излеймен. Мени бир миллетке қыз қылған бул адамға рахмет аз, "аға" деймен, "аға", - "Қарақалпақов" - бул сөзлер мени илҳамландырады, себеби, мени дүньяға екинши рет әкелип, өмир бағыш еткен сөзлер еди булар.
Сегизинши класты питкергеннен соң, кетемен десең детдом руқсат етеди. Жасың жетсе, паспорт әпереди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 09