Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
"Аға бий"диң күшин кемейтип, халық пенен байланысымызды үзип аламыз.
Жыйналғанлар қыбырласып, өз ара абыржыў пайда болды. Әйне пайытты қуры жибермей Қумар аналық сүренледи:
- Азаматлар! Балларым! - Абайсызда шақмақ шаққандай ҳәммениң нәзери Қумар аналыққа аўдарылды. - Азаматлар, балларым! - деди және ол еркеклерге тән ғужыр менен. - Зарлықжан оғыры дурыс айтты. Халыққа баратуғын дәрўазаны жаппаңлар. Ханға хызмет еткенниң тырнағын тас жонады деген рәўият бар, абайлаңлар!
Хийўалы шабарман Асқар бийди қамшысы менен түртти:
- Байсыз ҳаял - басқарыўсыз кеме, тоқтат!
Жаңарақта сөйлеген орта бойлы пияда қайтадан жеделленип, Фазылдың атына ғарғып мингести де:
- Қумар, бийкар айтасыз, - деди ҳаплығып. - Биз билемиз, ханға хызмет еткен бийлер, әскербасылар, жасаўыллар, нөкерлер бәрҳа ҳәзликте жүрипти. Ханды көрмей, ханға хызмет ете алмай тырнағын тас жонатуғын биздей сорлы халық!
- Ҳақ гәп! - деди бир қанша даўыс.
Асқар бий дөгерегиндегилерге сыбырланды:
- Қумарды көзден ғайып қылыңлар!
Еки жигит айрылып келип, бири Қумардың атын жетелеп, екиншиси қамшылап көпшиликтен бөлип әкетти.
Аламан қыснаққа тығылған сеңдей соқлығысып, олай-булай абыржыды. Байлаўдағылар Қумар аналыққа ырзалық билдирип бақырысты. Оларды қоршаған хийўалылардан төрт атлы бөлинип келип, хан жасаўылының ымы бойынша Зарлықты қамалайжақ еди, ол, тутыс бермей Қумар аналықтың изинен шаўып кетти. Генжемурат та көпшиликтен айырылып шығып еди, ярым жолға барғанда атын және изге қайырды. Оған қасақана, Асқар бийдиң алдындағы шоқтан үш атлы бөлинди де, Қумар аналыққа тез жетип, тобы менен арқадағы қазақ аўылына бет алды. Хан жасаўылы оларды қуўдырса адаўат шығатуғынын билип, жарыса қамшысын көтерди:
- Мине, алдымызда ҳақыйқый ислам нөкерлери қалды. Анаў бөлингенлерге қарамаңлар, олар сизлердиң түкиригиңиз. Уллы хан бәршеңизди сарпайлайды...
- Жигитлер! - деп Генжемурат ортаға ат айдады. - Мен Қумар аналықтың алдында өзимди көрсеткен болмайын деп сөйлемедим ҳәм оған ермедим. Лекин, ҳәзирги исимиз сатқынлық!
- Аға бий жоқта буйырыўшы мен! - деп Фазыл атын қамшылап-қамшылап алға өтти де, сол пәти менен барып Генжемуратқа еки қамшы тартты.
Генжемурат қарсыласып, қызып, бас демей, көз демей қамшы силтей баслап еди, Фазылдың тәрепдарлары оны қоршап, бири қолынан қамшысын, екиншиси атының жүўенин жулып алды.
Фазылдың жүреги ҳәўлириў менен кейин бәсип, хийўалы жасаўылдың қасына келди:
- Найсапты гүм қылмай тынбасын!
Хийўалы қуры қалмады:
- Ойыңыз нағыз аршылдың ойы, қоллап-қуўатлаймыз.
6.
Аспан саған да толық көринбесе, оның кеңлигинен, қуяш саған да толық нур төкпесе, оның өз ўақтында шығып, батқанынан не қайыр? Бирақ, бул жақты дүньяның барды-келдисине көнип, өлмес аўқат күн кешириўге үйренгенлер бултлы болса да төбесинде аспан барлығына, ысытпаса да төбесинде қуяш барлығына шүкирлик әйлейди.
Ушы-қыйырсыз далаға үйренген саҳрайы Ерназар пүткил әлемди жапқан көк-көмбек кең аспанның қәдирин, тегис кең даланың шетиндеги қалың қамыслық үстинен лаўлаған қан-қызыл от болып шығып, ал кеште көгалай көгалай көк теңиздиң үстин гә қызылға, гә сарыға дөндирип бататуғын қуяштың қәдирин енди билип атыр.
Оның аспаны зинданның муш сыярлық ғана дөңгелек тесиги. Кең саҳрада мутқа жарқыраған қуяш биротала көриниўден қалды. Бул ҳалға гириптар болғалы неше күн, неше ҳәпте өткенин есаплаўдан да жаңылысты. Ҳеш ким хабарласып ҳал сорамайды, қыялына оның зинданға тасланғанын тири бенде көрмегендей, пүткил әлемде ҳәрекет тоқтап қалғандай. Өй деўге төбесинен үңилген қараўыл күнине үш мезгил нан, суў береди, намаз пайтын ескертеди.
Ерназардың жанына жеги болып турған нәрсе - зинданға түскени ямаса ҳеш кимниң хабар алмағаны ғана емес, не ушын, қандай аўыр жазығы ушын сырттағы адамлар менен тиллестирмей қойылғаны. Жатып ойланады, отырып ойланады, усы ўақытқа шекемги өмир жолын көз алдына қайта-қайта елеслетеди, ҳәр бир ҳәрекетине өзинше баҳа береди, сирә бул дәрежеге сазыўар болғандай гүна ислемеген сыяқлы.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 01