Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Бир жола қараўылдан өтинип, не гүнасы ушын тутқын қылғанын сорап еди:
- Билмедим, мөмин, - деди ол әсте сыбырланып. - Бирақ, бул зинданның артықмашылығы, тақыйық өлимге буйырылғанлар ушын емес.
Қараўыл буннан артық тилге келмеди.
Усылайынша ызғар сорып, ҳәр қыйлы қыялларға шүмип жатқан күнлериниң биринде сәскеде, күтилмегенде, ол сыртқа шығарылып, қараўылханаға киргизилди. Күтип отырған түркий ахун оның сақал-шашы өскенлигин, азғынлығын, қоллары кисенленгенлигин көрип, аяды ма ямаса оның еле мойымаған өткир көзлерине төтепки бере алмады ма, биринши болып сәлемлести. Ерназар оны бирден-ақ танып, қуйқасы жуўлады да, не ушын кишипейиллик етип сәлем бергенниң мәнисин түсинбей, ол ийеги менен нусқаған орында, арқасын ызғардан уныраўға қараған дийўалға бере отырды.
- Хо-о-ош, Ерназар, бунша азап шеккендей не гүнаң болды?
Түркий ахунның биле тура не ушын сорағанына Ерназардың ғыжырданы қайнап, көзлериниң қарашығы шатнаса да парасат тутты.
- Билмедим.
- Есиңде ме, мен сениң түсиңди жорығанман. Енди билсем, түсиңде жалаңаш жүре беретуғыныңның және бир мәниси - өзиң басқарған "аға бий" жигитлери алдында усы масқарашылығың екен. Оннан тысқары көзлериңди айтпаппан. Қудай таала үлкен көз бергени, оған ылайық жас бергени. Алдын алмасаң, бәрҳа жылаў менен өтесең. Инан, анаңның-әм көзлери үлкен, сол ушын да жесир.
- Қудай пешанаға не жазса, сол болса мейли, лекин, жығылғанды тебиў, сиздей уламаға мүнәсип ис емес.
- Ақыллысаң. Аммо, ўақтынан бурын пискен қаўынды ийт жеп кететуғынын ескермегенсең.
Оның тереңирекке үңилип, сөйлесиў иштейин байқап Ерназар басын көтерди:
- Сиз нени нәзерде тутып отырсыз?
- Шәрип молланы. Исламның күшин бийкарлап араб тилине неге қарсы болдыңыз?
- Сиз ана тилиңизге бийҳүрмет көринесиз.
Ахун жорта күлмекши еди, келистире алмай сәл қәҳәрленди.
- Көп сөз қолыңдағы кисенге гилт болмайды, гилтти соғыўға кирисейик. Сен қайдан тәлим алып, қайда оқыдың?
- Анамнан тәлим алдым, анама оқыдым.
- "Аға бий"диң қайта жаңартыўды ким кеңес етти?
- Анам.
- Қандай бесикте кәмалға келдиң?
- Анам салған бесикте кәмалға келдим. Лекин, мен туўылғанда өзбек те, қазақ та, түркмен де, орыс та бесик әкелген. Анам бәрине де жаўырнымды тийгизген.
- Орысларға қарсы қол көтермейди ким үйретти?
- Анам.
- Сонша өжет көринесең. Тап усы минезиң ушын басыңа тас жаўса, қайдан күш аласаң?
- Анамнан.
Ахунның жығырданы қайнаса да өзин мәжбүрлеп күлди:
- Тотыдай "анамнан, анамнан" дегеннен басқаны билмейсең. Тыңла, саған бир парызлы ис айтайын. Сен тақлеттеги бир жигит жесир анасын күтә ҳүрметлейди екен. Бир күни барлық ҳүрметин аз көрип, анасын Мәккеге әкетиўди ойлапты да, төрт аяқлы көликке мингизиўди-әм минәсип көрмей, мойнына отырғызып, жолға раўана болыпты. Алдынан бир шайық шығып "жигит, қайда жол алдың" депти. Жигит анасын Мәккеге алып баратырғанын айтыпты. Сонда шайық "Ҳәй амый бенде, анаңды Мәккеге апарғанша бир ғарры таўып берсең болады ғой" деген екен, сонда баласының мойнында отырған анасы "өйбей, айтөс шайқым, бул жүўернемек соны билмей жандырды ғой" депти. Сен де анаңа бир ғарры таўып некелеттиргениңде, сени бүйтип дарғазап жолға салатуғын тәрбия бермес еди.
Ерназар жемтик көрген аш қасқырдай бирден көтерилип, ахунды өңмени менен басып женшип таслайжақ болып умтылып еди, аяқ-қолларындағы кисен сыңғырлап қысып, табжылтпағанына тислерин ғышырлатты.
- Өзиңди бас, - деди енди ахун суўыққанлылық пенен. - Уллы ханымыз қулағы кесик ийттиң үргенин қызық көреди. Сол ушын сениң де қулағыңды кестирмекши еди, мен сақлап қалдым.
- Сулайман патша қусларға салық салғанда, жарғанат салықтан қалыў ушын бирде шымшық, бирде тышқан болып есаптан өткенбиш. Сизде жарғанатқа туўысқанлық бар шамасы.
- Аўзың жыланның қордасы екенин сезсем де, қызыў маған минәсип емес. Себеби, сен мусылмансаң. Мусылман кешлеў түсинсе де болды. Қарақалпақта "атқа минген соң өзиңди, түскен соң атыңды ойла" деген даналық бар. Көрип турман, сен анаңның ақылын ат қылып минер екенсең, сонда да оған ғамхорлығың сезилмейди? Анаң ҳәзир Хийўада.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
05. 01