Оянып кетсем кеўлим сергек тартып, жүрегим қуўанышлы болып турғандай екен. Орнымнан турып тәҳәрет алдым да, Аллаға нийет етип намаз оқыдым. Жайнамаз үстинде отырып және қалғып кетиппен. Сонда кимдүр маған: "Тур, Жаратыўшы Ийемиз ояў отырғанда сенинеге уйықлайсаң?! Алла таала бирде-бир бендесин қуры қалдырмай, бәрше тилеклерин орынлайтуғын - усындай ўақытта сен неге уйықлайсаң?..." дегендей болды.
Бул сөз мениң жоғалтқан нәрсемди тапқандай, орнымнан ушып турдым. Қолымды дуўаға ашып, биресе әкеме, биресе аспанға қарап көз жасларым көл болып дуўа қылдым: "Эй, Рәббим! Эй, пүткил әлемниң уллы Жаратыўшысы! Мына мениң әкем - өзиңниң бендең. Оның басына мүсийбет түсти. Биз сабыр қылдық. Өзиңе ҳәмдлер айттық, жазған ҳүкимиңе разы болдық. Аллаҳым, бул бендеңниң тағдири Сениң қолыңда.
Эй, Аюбға шыпа берген, Муўсаны анасына қайтарып берген, Юнусты балық ишинен тирилей шығарған, Ибраҳимды оттан аман сақлаған Тәңирим! Әкеме өзиң шыпа бергейсең! Эй, Алла, әкемниң шыпа таўыўына үмит жоқ деп атыр. Бәрше Қудирет Өзиңниң қолыңда. Әкеме реҳим ет, оның дәртине даўа бер!.."
Усылай дуўа ете берип, таңға жақын уйқы басып, көзим илинип кетипти. Сол гезде биреў: "Ҳәй қыз, кимсең?! Бул жерде не қылып атырсаң?" деди. Шоршып оянып кеттим. Жан-жағыма қарасам ҳеш ким жоқ. Сол ўақытта бағанағы сораў және қайталанды.
Ал, көзимди ашып қарасам... Сөйлеп атырған әкем екен!!! Қуўанғанымнан өкирип жиберип, бойымды әкемниң үстине тасладым! Әкем болса мени әрман ийтерип, гүбирленип истиғфар айтып атыр:
- Қарындасым ары тур, маған өйтип жақынласа берме. Мен сизге нәмәҳреммен! - деп атыр.
- Әке, мен сизиң қызыңызбан! Мен Эсмаман, әкежан! - деймен көз жасларымды тыя алмай. Сол гезде әкем бирден үнсиз қалды...
Жуўырып шыпакерге барып, нәўбетши шыпакерди шақырып келдим. Есите сала ҳайран болған шыпакерлер дәрриў жуўырып келди. Олар да әкемниң оянғанын көрип лал болып қалды. Сонда америкалық бир шыпакер араб тилинде тили гүрмелип сөйлеп: "Субҳаналлаҳ!" деп жиберди. Мысырлық басқа бир шыпакер болса: "Ширип кеткеннен кейин де сүйеклерге жан енгизетуғын Алла шексиз Қудиретлидүр" деген аятты оқыды.
Болған ўақыяларды толық айтып бермегенимизше әкем не болғанын түсине алмады. Кейин болса жылап: "Алла, Өзи ең жақсы сақлаўшыдүр! Ол салыҳларды дос тутады. Сол нәрсени анық еслеймен, авариядан алдын зуҳо намазын оқыўды нийет еткен едим. Бирақ оны оқыдым ба, оқымадым ба, ол жағын билмеймен..." деди.
Ҳаял әңгимесин және даўам еттирди: "Көп өтпей күйеўим тәўир болып, аяғынан жүрип үйге келди. Ҳәзир ол 46 жаста. Бизлер уллы болдық. Ҳәзир улымыз еки жаста.
Мине, арадан 15 жыл өтип, маған күйеўимди қайтарып берген, қызымыздың өзин де, ийманын да саламат сақлаған, күйеўиме ўападар, садық болыў ушын маған шексиз инсап берген Алла таалама ҳәмд-санолар болсын!
Әзизлерим, дуўаны тәрк етпеңлер! Дуўа бәле-қазаның бетин қайтарар екен. Ким Алланы еслесе, оны Алла да еслер екен. Ата-анамызға жақсылық етиўди умытпайық! Ҳәмме нәрсе Алланың айтқаны менен болады екен..."
Мен бул әңгимени басқаларға ибрат болсын деп айтып бердим. Қалай жуўмақ шығарыў өзиңизден, әзизлер!
Амина Шенликўғли
Қуўанышбаева Гүлайым
аўдармасы.
https://t.me/Soz_marjani