МУҒАЛЛИМ
Меҳирдиң булағын көрдим көзиңнен,
Бир өмирлик азық алдым сөзиңнен,
Мен мәңгиге миннетдарман өзиңнен,
Билим берген, қәдирданым муғаллим.
Үйретип ҳәриплеп маған оқыўды,
Төрт ҳәмелди зердеме нық тоқыўды,
Билимиме ҳәр күн билим қосыўды,
Санама сиңдирип, барған муғаллим.
Ҳәўкелерин қасып асаў тайлардың,
Шегип машақатын не бир айлардың,
Ең төринен, кеўил атлы жайлардың,
Мәңги орын алған, әзиз муғаллим.
Тәрбиялап талай қызлар- балларды,
Нәрўан еткен бүртик жарған талларды,
Илим умманында тартып салларды,
Сабыры сарқылмас, дарға муғаллим .
Жаслайынан тасқа нағыс ойдырып,
Жаман иллетлердиң бәрин қойдырып,
Ақыл - зия суўын берип тойдырып,
Оқыўшыға дәрман болған муғаллим.
Өмир гүллериниң бағы- бағманы,
Камил инсан етиў, баслы әрманы,
Илим дәргайының олар- сәрўаны,
Журт басымыз, улығлаған муғаллим.
Баҳаланып машақатлы мийнетиң,
Көрип атырсызлар мудам зийнетин,
Ел- халқың жайына қояр ҳүрметиң,
Атаң киби уллы, дана муғаллим.
Ақшолпан Аманияз 30.09.2024 жыл
https://t.me/Soz_marjani
Меҳирдиң булағын көрдим көзиңнен,
Бир өмирлик азық алдым сөзиңнен,
Мен мәңгиге миннетдарман өзиңнен,
Билим берген, қәдирданым муғаллим.
Үйретип ҳәриплеп маған оқыўды,
Төрт ҳәмелди зердеме нық тоқыўды,
Билимиме ҳәр күн билим қосыўды,
Санама сиңдирип, барған муғаллим.
Ҳәўкелерин қасып асаў тайлардың,
Шегип машақатын не бир айлардың,
Ең төринен, кеўил атлы жайлардың,
Мәңги орын алған, әзиз муғаллим.
Тәрбиялап талай қызлар- балларды,
Нәрўан еткен бүртик жарған талларды,
Илим умманында тартып салларды,
Сабыры сарқылмас, дарға муғаллим .
Жаслайынан тасқа нағыс ойдырып,
Жаман иллетлердиң бәрин қойдырып,
Ақыл - зия суўын берип тойдырып,
Оқыўшыға дәрман болған муғаллим.
Өмир гүллериниң бағы- бағманы,
Камил инсан етиў, баслы әрманы,
Илим дәргайының олар- сәрўаны,
Журт басымыз, улығлаған муғаллим.
Баҳаланып машақатлы мийнетиң,
Көрип атырсызлар мудам зийнетин,
Ел- халқың жайына қояр ҳүрметиң,
Атаң киби уллы, дана муғаллим.
Ақшолпан Аманияз 30.09.2024 жыл
https://t.me/Soz_marjani