УСТАЗ ЖӘБИРИ
Марғаб тәрепте бир муғаллимди көрдим: жүзи бүрискен, сөзи ашшы, жанынла турыўға бийзар боласаң. Бир топар ата-аналар оған балаларын исенип тапсырған. Ол гейде балалардың аппақ жүзине шапалақ урар, гейде нәзик аяқларына кисен салар еди. Муғәллимниң исинен хабар тапқан ата-аналар оны мектептен қуўып жиберди. Орнына әпиўайы, кишипейил адамды муғәллим етип қойды. Жаңа устаз көп сөйлемейтуғын, әлпайым еди. Бийазар ҳәм жуўаслығы себепли оқыўшылар оннан қорықпай қойды. Тентекликлери тутып, гүдибузарлық ете баслады.
Еки ҳәптеден кейин мектеп жанынан өттим. Алдыңғы оқытыўшы өз орнына қайтарылыпты. Еситип қапа болдым.
Жәҳән көрген бир киси күлип былай деди:
Патша баласын берди мектепке,
Гүмистен тахтасын салып қойнына.
Тахта басына жазылған алтыннан,
"Устаз жәбири жақсы ата меҳринен".
Саъдий Шеразий
"Гүлистан" дәстанынан.
https://t.me/Soz_marjani