Forward from: Сөз маржаны
ҚӘДИР ТУНИ ТИЛЕК ТИЛЕП ОТЫРМАН !!!
Келди мине биз ынтығып кутген кун,
Көп инсанлар ниетине жеткен тун,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Қыялымда иштен айтып шықпай ун.
Әзиз инсан бес парызды ет деди,
Әне сөйтип махсетиңе жет деди,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Бул кунлерге биреў жетти жетпеди.
Жақсылар алады бейиштен орын,
Билмеймиз биз бенде оның аш тоғын,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Кешинен көрсеткей ол жердиң жолын.
Бар мекен әрманлар етпеген инсан,
Өмириң көринер көзиңди жумсаң,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Орынланса дейип мен етип арман.
Тынышлық тиледим өскен елиме,
Мениң киндик қаным тамған жериме,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Бергей дә деп мол ырысқы несийбе.
Айта берсем тил буўынсыз тилек көп,
Орынланса оны көрмес ҳеш ким шеп,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Қыдыр ата қалатуғындай келип.
Толыбай Генжемуратов
🐎 ТУЛПАР 🐎
27- апрель 2022 жыл
https://t.me/Soz_marjani
Келди мине биз ынтығып кутген кун,
Көп инсанлар ниетине жеткен тун,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Қыялымда иштен айтып шықпай ун.
Әзиз инсан бес парызды ет деди,
Әне сөйтип махсетиңе жет деди,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Бул кунлерге биреў жетти жетпеди.
Жақсылар алады бейиштен орын,
Билмеймиз биз бенде оның аш тоғын,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Кешинен көрсеткей ол жердиң жолын.
Бар мекен әрманлар етпеген инсан,
Өмириң көринер көзиңди жумсаң,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Орынланса дейип мен етип арман.
Тынышлық тиледим өскен елиме,
Мениң киндик қаным тамған жериме,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Бергей дә деп мол ырысқы несийбе.
Айта берсем тил буўынсыз тилек көп,
Орынланса оны көрмес ҳеш ким шеп,
Қәдир туни тилек тилеп отырман,
Қыдыр ата қалатуғындай келип.
Толыбай Генжемуратов
🐎 ТУЛПАР 🐎
27- апрель 2022 жыл
https://t.me/Soz_marjani