Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
БАХТИЯР ЖУМАТАЕВҚА ҚУТЛЫҚЛАЎ
Ийгиликли исиңизге қайылман,
Тилегим ҳеш Бахтияржан аўырмаң,
Аудио китапты еситкен гезде,
Болып қалдым менде саған баўырман.
Мийнетиңди баҳалайды ел халық,
Тилегим жолларың болмағай арық,
Еледе көклерде парлайбергейсең,
Көкте жарқыраған жулдыздай жанып.
Көз тиймесин жақсы аяқ алысың,
Барлық ўақыт молдан болсын табысың,
Аудио китапты дөретип шығып,
Алдың көптен кемпир ғарры алғысын.
Көпшиликке қолай болды ырасы,
Еситип мен болдым өзим гүўасы,
Бахтияржан саған айтар тилегим,
Атың қалсын тарийхларда қулласы.
Ҳәммениңде келмейди бул қолынан,
Келеберсин ислериңде оңынан,
"Лес Айлес Нукус" жәмиетине,
Табыслар тилеймен мәңги молынан.
Саўаплы ислерге урыпсыз қолды,
Көп адамның буннан кеўили толды,
"Грант" утып алдың қутлы болсын,
Даўам ет, тоқтама баслаған жолды.
Ҳүрмет пенен Ансатбай Каражанов
08.06.2024
Жиззах қаласы
Каналға ағза болыў ушын
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>
Ийгиликли исиңизге қайылман,
Тилегим ҳеш Бахтияржан аўырмаң,
Аудио китапты еситкен гезде,
Болып қалдым менде саған баўырман.
Мийнетиңди баҳалайды ел халық,
Тилегим жолларың болмағай арық,
Еледе көклерде парлайбергейсең,
Көкте жарқыраған жулдыздай жанып.
Көз тиймесин жақсы аяқ алысың,
Барлық ўақыт молдан болсын табысың,
Аудио китапты дөретип шығып,
Алдың көптен кемпир ғарры алғысын.
Көпшиликке қолай болды ырасы,
Еситип мен болдым өзим гүўасы,
Бахтияржан саған айтар тилегим,
Атың қалсын тарийхларда қулласы.
Ҳәммениңде келмейди бул қолынан,
Келеберсин ислериңде оңынан,
"Лес Айлес Нукус" жәмиетине,
Табыслар тилеймен мәңги молынан.
Саўаплы ислерге урыпсыз қолды,
Көп адамның буннан кеўили толды,
"Грант" утып алдың қутлы болсын,
Даўам ет, тоқтама баслаған жолды.
Ҳүрмет пенен Ансатбай Каражанов
08.06.2024
Жиззах қаласы
Каналға ағза болыў ушын
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>