АДАМ КЕЎИЛИ
Адамның кеўили кир болса егер,
Өзге емес, өзи көп азап шегер.
Биреўге жаманлық қылмақшы болып,
Бийкардан бийкарға қуры тер төгер.
Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Өсек ғыйбат сөзге қулақ түреди,
Өзгениң тынышын бузған наданның,
Бир күни әлбетте үйи күйеди.
Адамның май питсе көзине егер,
Ҳәттеки ең жақын адамын сөгер.
Адамда парасат ақыл болмаса,
Соңында өзиниң кеўили шөгер.
Бенде тәңирине шықсалар қарсы,
Ҳеш қашан түспейди асығы алшы.
Жөнге салар екен тек ақмақларды,
Жақсы сөзден көре билсеңлер қамшы.
Билсеңлер өмирде ҳәр қандай бенде,
Жәрдем бериў керек кеўили кемге,
Алла қәлеп турса ҳәр қандай исти,
Сыныўда, өсиўде билгил бир демде.
Кеўил мүлки таза болса адамның,
Минген аты оның узақ шабады,
Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Шаян киби жақынында шағады.
Кеўил көзин таза тутсаң, азада,
Дус келмейсең ҳеш ўақытта жазаға,
Бул өмирде дос болыңлар ҳәр қашан,
Гирбиңи жоқ, пәк кеўилли тазаға.
Ансатбай Каражанов
11.06.2024
Жиззах қаласы
Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>
Адамның кеўили кир болса егер,
Өзге емес, өзи көп азап шегер.
Биреўге жаманлық қылмақшы болып,
Бийкардан бийкарға қуры тер төгер.
Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Өсек ғыйбат сөзге қулақ түреди,
Өзгениң тынышын бузған наданның,
Бир күни әлбетте үйи күйеди.
Адамның май питсе көзине егер,
Ҳәттеки ең жақын адамын сөгер.
Адамда парасат ақыл болмаса,
Соңында өзиниң кеўили шөгер.
Бенде тәңирине шықсалар қарсы,
Ҳеш қашан түспейди асығы алшы.
Жөнге салар екен тек ақмақларды,
Жақсы сөзден көре билсеңлер қамшы.
Билсеңлер өмирде ҳәр қандай бенде,
Жәрдем бериў керек кеўили кемге,
Алла қәлеп турса ҳәр қандай исти,
Сыныўда, өсиўде билгил бир демде.
Кеўил мүлки таза болса адамның,
Минген аты оның узақ шабады,
Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Шаян киби жақынында шағады.
Кеўил көзин таза тутсаң, азада,
Дус келмейсең ҳеш ўақытта жазаға,
Бул өмирде дос болыңлар ҳәр қашан,
Гирбиңи жоқ, пәк кеўилли тазаға.
Ансатбай Каражанов
11.06.2024
Жиззах қаласы
Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>