NASIYAT.UZ |Рәсмий канал


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Din


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa
Din
Statistika
Postlar filtri


Shayx Nuriddin Xoliqnazar dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#muftiy_minbari

📹 ЯХШИЛИКЛАРНИ ҒАНИМАТ БИЛАЙЛИК
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


ШЕТ ЕЛДЕГИ ГӨШЛЕР

#Сораў #Ҳадал_ҳарам

СОРАЎ: Мен ҳәзир Кореяда оқыйман. Бул жерде ҳадал тағамларды табыў қыйын болса да, Аллаҳға шүкир, өзбек асханалары бар. Бир жорам: мүсәпиршиликте жүргенлер ушын магазиндеги, яғный негизи ҳадал болмаған гөшлерди жеўге болатуғыны ҳаққында пәтиўа бар, деди. Расында да сондай пәтиўа барма?

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ҳеш ким ҳадал болмаған гөшлерди жеўге болады деп пәтиўа бермейди. Тек ғана инсан жеўге ҳадал нәрсе таба алмай өлер жағдайға келип қалса, жасап қалатуғындай муғдарда ҳарам нәрсени жеўге руқсат берилген. Бул оғада, ҳәдден тыс аз гезлесетуғын жағдай. Гөши ҳадал ҳайўанлар сойылғанда Аллаҳтың аты зикир қылынып сойылмаса ҳадал болмайды. Яғный «Бисмилләҳ» айтылыўы лазым болады. Себеби бул ҳаққында Аллаҳ таала мынандай деп буйырады:
وَلاَ تَأْكُلُواْ مِمَّا لَمْ يُذْكَرِ اسْمُ اللّهِ عَلَيْهِ
«Аллаҳтың аты айтылмаған нәрседен жемең!»
(Анъам сүреси, 121-аят).
Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ АЛАЙҲИССӘЛӘМНЫҢ ҲИРАҚЛҒА ЖАЗҒАН ХАТЫ ҚАЙ ЖЕРДЕ САҚЛАНАДЫ?

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Византия имераторына жоллаған хаты Йорданиядағы мешитте екенин билесизбе?! Пайғамбарымыз алайҳиссәләмның Шығыс Рим императоры Ҳирақлды Исламға шақырып жазған хаты Йорданиядағы Патша Ҳүсейн мешитиниң музейинде сақланады.
«Патша Ҳүсейин мешити» аты менен белгили болған «Патша Ҳүсейин ибн Талал» мешити 47 жыл басқарған әкеси Ҳүсейин ядына патша Абдуллаҳ II тәрепинен 2006-жылы пайтахт Амман қаласында қурылған. Ҳирақлға хат ҳижрий 7 жылы, Муҳаррам айында, миладий 629-жылда жазылған.

Сондай шақырық хатларын Рим императоры менен бир ўақытта Иран ҳәм Ҳабашстан* патшаларына, Мысыр ҳәм Ғассан әмирлерине, Ямама баслығына да елшилер арқалы жиберген.
Диҳятүл Кәлбий хатты алып жолған түскенде Византия, яғный Шығыс Римде 610-717-жылларда ҳүкимранлық еткен Ҳераклиюс династиясы ўәкили император Ҳирақл пайтахт Константинопол (ҳәзирги Истанбул)да емес, Қуддусда еди.
Әйне усы ўақытта Мәккә мүшриклери кәрўаны Ғаззада болып турған болған. Диҳятүл Кәлбий алып келген хаттағы гәплерге анықлық киргизиў ушын Ҳирақл сол кәрўан саўдагерлерин алдына шақырады.
Император Пайғамбарымыз алайҳиссәләм ҳаққында мағлыўмат алыўды қәлеп, ишиңизде пайғамбарлық даўасы менен шыққан инсанға нәсил-насабы жағынан ең жақыны ким, дегенде Әбиў Суфян: «Оның ең жақыны мен», деп ортаға шығады ҳәм екеўи арасында сораў-жуўап болып өтеди. Әбиў Суфянның жуўапларынан кейин Ҳирақлдың қәлбинде Исламға деген мейиллик пайда болады. Бирақ Император мәмлекет ўәзирлери ҳәм дин ҳәзиретлерин өзине қарсы қылып қойыўын сезди, мансабы қолынан кетип қалыўынан қорқып, сезимлерин ашық айта алмады. Бирақ Нәбий алайҳиссәләмның елшисин үлкен ҳүрмет пенен шығарып салды.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Византия императоры Ҳирақлға жоллаған шақырық хатының толық тексти:
«Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Аллаҳтың Расулы Муҳаммаддан Римниң үлкени Ҳирақлға:
«Туўры жолға ергенлерге сәлем болсын. Әммә бәъд, мен сени Ислам динине шақыраман. Исламға кирсең, жаның аманда болады. Мусылман бол, Аллаҳ саған еки есе әжир береди. Егер Ислам динин қабыл етиўден бас тартсаң, арийсийлер, яғный халқыңның гүнасы сениң мойныңа түседи.
«Айт (ҳәй Муҳаммад): «Ҳәй китап ийелери! Бизлерге де, сизлерге де арамызда (әҳмийети) теңдей сөзге келиң – Аллаҳтан басқаға ибадат қылмайық, Оған ҳеш нәрсени шерик қылмайық ҳәм Аллаҳты қойып, бир-биримизди қудай етип алмайық». Енди, егер (олар бул усыныстан) жүз бурса, онда оларға: «Гүўа болың, бизлер, әлбетте, мусылманлармыз», – деп айтың!» (Әли-Имрон сүреси, 64-аят).

Толқын АЗИМОВ
Ташкент ислам институты үлкен оқытыўшысы.


*Ҳабашстан – ҳәзирги Эритерия ҳәм Эфиофия аймағындағы мәмлекет.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 2-январь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


ЖӘННЕТКЕ ҚАРАЙ АЛЫП БАРЫЎШЫ ЖОЛ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деди: «Ким илим талап қылыў жолына жүрсе, Аллаҳ оған жәннет жолын аңсат қылып қояды».


Илим талап қылыў – жәннетке алып барыўшы ең жақсы ҳәм ең аңсат жол.

Илимди талап қылыўшы илим ушын жумсаған ҳәр қандай ҳәрекети оны жәннетке жақынластырады ҳәм оған Жәннет жолын аңсат қылады. Ҳәр бир мусылман биринши гезекте шәрият илимин (яғный, ҳадал-ҳарам мәселелерин) үйрениўге бел байлаўы дәркар. Бул оған туўры, саламат илимге ерисиў жолын ашады, туўры мағлыўматтан қәте мағлыўматты ажырата билиў мүмкиншилигин береди.

Илим талап қылыў Аллаҳтың разылығына алып барады.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Әлбетте, периштелер илим талап қылыўшының илим талап қылғанынан минетдар болып, қанатларын оған жайады».

Усы ҳәдис илим ҳәм оны талап қылыўшылардың дәрежеси қәншелли уллы екенинен дерек береди, себеби, Аллаҳ таала оннан разы болғанынан периштелерди қанат жайып туратуғын қылып қойды. Периштелер қанат жайып турыўы илим талап қылыўшыға илим жолын аңсат қылады, илим есиклерин ашады.

Пүткил барлық илим талап қылыўшы ушын истиғфар айтады.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деди: «Алым ушын аспанлар ҳәм жердеги барлық нәрсе, ҳәттеки теңиздеги балық та истиғфар айтады».

Доктор Ҳассон Шәмсий Паша “Темир таслар” китабынан.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


АҚЫРЗАМАН (ҚЫЯМЕТ) БЕЛГИЛЕРИ

#Сораў #Ақыйда

❓CОРАЎ: Қыямет ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.

💬 ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Қыямет күни қашан болыўы Аллаҳ таала жасырған сыр. Лекин оның белгилери ҳаққында аяты кәрийма ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде бизлерге бир қанша мағлыўматлар жетип келген. Қыямет белгилери – қыямет жақынласқанда жүз беретуғын ўақыя, қубылыслар болып табылады.
Қыямет белгилериниң ҳәммеси жүзеге шығып болса Аллаҳтың ирадасы менен бул дүнья ақырына жетеди ҳәм қыямет қайым болады. Сол гезде пүткил барлықта өмир таўысылады. Барлықтың ҳәзирги нызамы пүткиллей бузылады. Ҳәмме нәрсе астын-үстин болып кетеди. Әне сол қыямет қайым болғаны.
Көп ҳәдиси шәрийфлерде қыяметтен алдын болатуғын үлкен ҳәм киши ҳәдийселер ҳаққында сөз жүритиледи. Солардан, Ҳузайфа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте мынандай делинеди: «Бир күни сәўбетлесип турсақ, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам кирип келди ҳәм: «Не ҳаққында сәўбетлесип турыпсыз?», деди. «Қыяметти еслеп турыппыз», – дедик. Пайғамбарымыз алайҳисәлләм: «Он белгини көрмегениңизше қыямет болмайды», деп: «Түтин (орап келиўи), Дәжжалдың шығыўы, адамларға сөйлейтуғын ҳайўанның шығыўы, Қуяштық батыстан шығыўы, Ийса (алайҳиссәләм)ның жерге түсиўи, Яъжүж-Мәъжүжтың шығыўы, үш жер жутыўы: шығыс, батыс ҳәм Арабстан ярым атаўындағы жер жутыўларын, Яманнан адамларды мәҳшар майданына топлайтуғын оттың шығыўын еслеп өтти» (Имам Мүслим, Имам Термизий ҳәм Имам Әбиў Даўыд рәўият қылған).
Айырым қыямет белгилери ақыйда китапларымыздан да орын алған ҳәм мусылман адам ийман келтириўи лазым екени атап өтилген. Мысалы «Ақоиди Таҳаўия» китабында бул ҳаққында мынандай делинген:
وَنُؤْمِنُ بِأَشْرَاطِ السَّاعَةِ: مِنْ خُرُوجِ الدَّجَّالِ، وَنُزُولِ عِيسَى ابْنِ مَرْيَمَ عَلَيْهِ السَّلَامُ مِنَ السَّمَاءِ، وَنُؤْمِنُ بِطُلُوعِ الشَّمْسِ مِنْ مَغْرِبِهَا، وَخُرُوجِ دَابَّةِ الْأَرْضِ مِنْ مَوْضِعِهَا.
«Қыямет белгилерине: Дәжжалдың шығыўы, Ийса ибн Мәрям алайҳиссәләмның аспаннан түсиўи, Қуяштың батыстан шығыўы, жер ҳайўанының шығыўына ийман келтиремиз». Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


ЕҢ ЖАҚСЫ ҲӘМ ЕҢ ЖАМАН АДАМ

Әбдурроҳман ибн Әбиў Бәкра разыяллаҳу анҳудан, ол әкесинен рәўият қылады: «Бир адам: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы! Инсанлардың қайсысы абзал?» – деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Өмири узақ болып, әмели шырайлы болғаны» – деди. Ол: «Инсанлардың қайсысы жаман» – деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Өмири узақ болып, әмели жаман болғаны» – деди» (Имам Термизий рәўияты).
Саҳабалар разыяллаҳу анҳум Ислам неъматына ерискеннен кейин, дин ҳәм дүньясы ушын ең әҳмийетли болған әмеллерге айырықша итибар берген. Ҳәр еки дүньясы ушын пайдалы нәрселерди билип, үйренип оларға әмел қылыўға ҳәмде зыянлы нәрселерден хабардар болып, олардан узақ болыўға умтылған. Олардың усы қызығыўшылығы ҳәм умтылыслары оларды Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға «Ең абзал әмел қайсы?», «Кимге көбирек жақсылық қылайын?», «Не қылсам жәннет әҳлинен боламан?», «Жәннетке себеп болатуғын әмеллер қайсылар?», «Инсанлардың ең жақсысы ким?» сыяқлы сораўларды бериўге қызықтыратуғын еди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр бир саҳабаның жасы, жағдайы, мүмкиншилигине қарап ямаса Исламға жаңа киргенин есапқа алған ҳалда жуўап беретуғын еди.

Усы ҳәдисте де бир саҳаба Пайғамбарымыздан «Ең жақсы инсан қандай болыўы, ең жаманы қандай болыўы» ҳаққында сорады. Пайғамбарымыз алайҳиссәләм оған жуўап қылып узақ өмир сүрип, сол узақ өмири даўамында жақсы, ийги әмеллерди көп қылып, нәтийжеде саўапларын көбейтип алған адам инсанлардың ең жақсысы болыўын айтты. Өз гезегинде узақ өмир сүриўдей имканияттан туўры пайдаланбай пүткил өмирин жаманлық пенен өткерген инсан, ең жаман инсан болып қалыўын атап өтти. Пайғамбарымыз алайҳиссәлләм усы жуўабы менен инсан өмириниң мазмунын белгилеп берди.
Расында, инсан өмирге келеди екен, қашан, қайерде, қайсы жағдайда қайтыс болыўын билмейди. Өйткени, узақ ямаса аз өмир сүриў Аллаҳ тәрепинен болып, инсанның ықтыярында болмаған ис. Себеби өмир Аллаҳтың қолында. Инсанның қолындағы бар нәрсеси болса, сол өмиринде ийги әмел қылып қалыў. Себеби Аллаҳ таала инсанға ақыл берген, китаплар түсирген, Пайғамбарлар жиберген, дәлиллерди баян қылған. Ҳәр бир инсанның ийги әмел қылыўға имканияты бар
Соның менен бирге Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айырым ийги әмеллер инсанның өмири узайыўына себеп болыўын айтқан. Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған ҳәдисте: «Ким ырысқысы кең, өмири узақ болыўын қәлесе жақынларына жақсылық қылсын», делинген (Имам Бухарий рәўияты).
Инсанлардың жақсысы өмири узақ болып, әмели гөззал болғаны екен, бәрқулла, Аллаҳтан өмири узын, әмели салиҳ болған бенделерден қылыўын сораўымыз лазым. Мине усыннан ийги әмеллерсиз жасалған узақ өмирде инсан ушын жақсылық жоқ екени мәлим болады. Себеби, гейде узақ өмир инсан ушын жаман ҳәм зыян болып қалыўы мүмкин. Сол себептен айырым уламалар Аллаҳтан узақ өмирдиң өзин емес, таат-ибадатта, ийги әмеллер менен өтетуғын узақ өмирди сораўы лазым болады, деген.
Тийбий раҳимаҳуллаҳ инсан өмириндеги сәтлерди саўдагердиң қаржысына уқсатып мынандай деген: «Әлбетте, ҳәр сәт ҳәм ўақыт саўдагердиң қаржысына уқсайды. Саўдагер пайда көретуғын ислеринде саўда қылады. Қаржысы қанша көп болса, көретуғын пайдасы да сонша көп болады. Тап сондай инсан да өмиринен жақсы әмеллер қылып пайдаланып қалса, утысқа ериседи. Ким (ўақтын) қаржысын зая қылса, пайда көрмей ашық зыянда қалады».
Мусылман инсан өлимди арзыў қылмайды. Себеби ол өзине берилген узақ өмирди жақсы саўаплы ислер қылыўға имканият деп қабыл қылады. Өмирин өзиниң жақсы ислери менен халқына, динине ҳәм ўатанына пайдасы тийетуғын тәризде өткереди. Нәтийжеде, Аллаҳтың разылығына, халқының дуўасына ерисип, ақыретте де жүзи жарық болады.
Аллаҳ бәримизди узақ өмир сүрип, сол узақ өмир даўамында жақсы әмеллерге жоллап қойыўын ҳәм ақыбетлеримиздиң де гөззал болыўын несип етсин.

Фарҳад ЖЎРАЕВ
Ташкент Ислам институти
Ақаид ҳәм фиқҳий пәнлер кафедраси оқытыўшысы.

Дерек: «
MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 1-январь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


КЕПИН НӘПӘК БОЛЫП ҚАЛСА

#Сораў

СОРАЎ: Мен мәйит жуўыўға қарасып тураман. Гейде мәйитте жарақатлар бар болғаны ушын ғусыл қылдырғаннан кейин қан шығып кепинге тийип кетеди. Бундай жағдайда кепинди алмастырыў керекпе?

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Бундай жағдайда кепин алмастырылмайды. Сол ҳалында жаназа оқып, жерленеди. Алмастырыў ямаса оны жуўып қайтадан кепинлеў машақат болып есапланады. «Роддул мухтар» китабында бул мәселе ҳаққында мынандай делинген:
إذَا تَنَجَّسَ الْكَفَنُ بِنَجَاسَةِ الْمَيِّتِ لَا يَضُرُّ دَفْعًا لِلْحَرَجِ بِخِلَافِ الْكَفَنِ الْمُتَنَجِّسِ ابْتِدَاءً . وَكَذَا لَوْ تَنَجَّسَ بَدَنُهُ بِمَا خَرَجَ مِنْهُ إنْ كَانَ قَبْلَ أَنْ يُكَفَّنَ غُسِّلَ وَبَعْدَهُ لَا
«Кепин мәйиттен шыққан нәжасат себепли нәпәк болып қалса, зыян етпейди. Бул машақаттан қутылыў ушын солай болып атыр. (Егер кепинлеўден) алдын кепинге нәжас тийип кеткен болса, тек сол нәжас тийген жери ғана жуўылады. Кепинлегеннен кейин тийген нәжасты жуўмайды». Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


Muslim.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#rajab

РАЖАБ - ҲАЁ ОЙИДИР

🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🔭 Фалакий ҳисобга кўра, ҳижрий 1446 йил
Ражаб ойининг 1-куни  2025 йил 1 январь чоршанба кунига тўғри келмоқда.


🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


БИРЕЎДИҢ АЙЫБЫН ЖАСЫРЫЎ

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деди: «Ким бир мөминнен дүнья ғамларынан бирин кетиретуғын болса, Аллаҳ қыямет күниндеги ғамлардан бирин оннан кетиреди» (Имам Мүслим, Әбиў Даўыд, Термизий, Насаий ҳәм Ибн Мажа рәўияты).
Мәлим болады, ким «Аллаҳ таала қыямет күни басыма түсетуғын бәлелерди, ғамларды кетирсин», десе, ол мусылманлардың ғамларын кетириўде алда болыўы дәркар! Улыўма, ҳәр бир мусылман усы ҳәдистен нәсият алып, адамларға жәрдем бериўге, олардың аўырын жеңил қылыўға урыныўы лазым!

Басқа бир ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Ким бир мусылманды (оның гүнасын) жасырса, Аллаҳ оны (оның гүнасын) дүньяда да, ақыретте де жасырады».
Ислам дини ҳәр бир мусылманды басқалардың гүнасын жабыўға шақырады, қәйткенде де бизлер инсанбыз, ҳәммемиз де қәте қыламыз, гейде бендешилик қылып гүнаға қол урып қоямыз. Лекин, адамлар арасында гүна истиң жайылыўына, тарқалыўына себепши болып қалмаўымыз керек. Буның жолы – басқалардың гүнасын жабыўымызда, сонда Аллаҳ дүнья ҳәм ақыретте бизлердиң де гүналарымызды жабады!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Бенде бирадарының жәрдеминде болатуғын екен, Аллаҳ таала оның жәрдеминде болады».
Бул нәбәўий көрсетпеден үйренетуғынымыз – мусылман адам барлық ислеринде Аллаҳ тааланың жәрдемине ерисиўдиң жолы басқаларға жәрдем бериў менен шуғылланыўда екен. Аллаҳ тааланың барлықта енгизген әдетлеринен бири – көринисинен басқа ушын қылған әмелиңиз негизи өзиңиз ушын болады ҳәм бул арқалы сизге Аллаҳ таала тәрепинен таўфиқ бериледи.

Доктор Ҳассон Шәмси Паша “Темир таслар” китабынан.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 31-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


💬 ҚАРЫЗҒА ЯМАСА ҒАМҒА БАТҚАН БОЛСАҢЫЗ

#Дуўа

✅Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларынан бирине: «Аллаҳ ғамларыңды кетиретуғын ҳәм қарызларыңды үзетуғын кәлиймаларды үйретейинбе?» деди. «Аўа, я Аллаҳтың Расулы!», деди ол. Нәбий алайҳиссәләм: «Таң атқанда ҳәм кеш болғанда: Аллаҳым! Сеннен ғам басыўынан, муңайыўдан, әззиликтен, ериншекликтен, қорқақлықтан, сықмарлықтан, қарызға батып қалыўдан ҳәм адамлардың үстем келиўинен пана сорайман, деп айт», деди.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


ИЙСА АЛАЙҲИССӘЛӘМНЫҢ АСПАНҒА КӨТЕРИЛГЕНИ ҲӘМ ҚЫЯМЕТКЕ ЖАҚЫН ЖЕРГЕ ҚАЙТЫЎЫ ҲАҚҚЫНДА

#cораў #ақыйда

СОРАЎ: Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм Қыяметке жақын түсиўи ҳаққында толық мағлыўмат берсеңиз. Себеби айырым адамлар ҳәзирде оған шүбҳә қылып атыр.

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ийса алайҳиссәләмның көтерилгени ҳәм Қыяметке жақын түсиўине ҳәр бир мөмин инсан ийман келтириўи парыз болып есапланады. Бул ақыйдаға шүбҳә қылыў – бендениң ийманына зыян тийгизип қояды, Аллаҳ сақласын. Себеби оның аспанға көтерилгени ҳәм Қыямет алдынан түсиўи ҳаққында ҳәдислер мәнәўий мутаўатир – инкар қылып болмайтуғын дәрежеге жеткен. Соннан, Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"وَالَّذِي نَفْسِي بِيَدِهِ لَيُوشِكَنَّ أَنْ يَنْزِلَ فِيكُمُ ابْنُ مَرْيَمَ عليه السلام حَكَمًا مُقْسِطًا..." (رَوَاهُ الشَّيْخَانِ وَالتِّرْمِذِيُّ).
«Жаным қолында болған Аллаҳға ант болсын, әлбетте, келешекте ишиңизге Ибн Марям алайҳиссәләм әдил ҳәкәм (ҳүким қылыўшы) болған ҳалда нәзил болады…», – деди (Имам Бухарий, Имам Мүслим ҳәм Имам Термизий рәўият қылған).
Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм Қыямет алдынан жерге қайтып түсиўине Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманынан баслап ҳәзирге шекем барлық мусылманлар бирдей итиқад қылып, исенип келетуғын ақыйдалық мәселе болып табылады.
Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилиўи төмендеги аятта келеди:
وَقَوْلِهِمْ إِنَّا قَتَلْنَا الْمَسِيحَ عِيسَى ابْنَ مَرْيَمَ رَسُولَ اللَّهِ وَمَا قَتَلُوهُ وَمَا صَلَبُوهُ وَلَٰكِن شُبِّهَ لَهُمْ وَإِنَّ الَّذِينَ اخْتَلَفُوا فِيهِ لَفِي شَكٍّ مِّنْهُ مَا لَهُم بِهِ مِنْ عِلْمٍ إِلَّا اتِّبَاعَ الظَّنِّ وَمَا قَتَلُوهُ يَقِينًا ‎﴿١٥٧﴾‏ بَل رَّفَعَهُ اللَّهُ إِلَيْهِ وَكَانَ اللَّهُ عَزِيزًا حَكِيمًا ‎﴿١٥٨﴾
яғный: «сондай-ақ, «Бизлер Аллаҳтың елшиси Масийҳ Ийса ибн Мәрьямды өлтирдик», дегени ушын (оларды жазаладық). Оны өлтирген де, асқан да жоқ. Бирақ, (басқа бир адам Ийсаға) уқсатып қойылды. Ол жөнинде тартысқанлар оның өлими ҳаққында шүбҳәда. Оларда гүманға ериўден басқа бир де (дурыс) мағлыўмат жоқ. Оны өлтирмегени анық. Ал, оны Аллаҳ Өзине көтерди. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли» (Ниса сүреси, 157-158-аятлар). Ийса алайҳиссәләм ҳәм денеси, ҳәм руўҳы менен аспанға көтерилген ҳәм Қыяметке жақын түседи.
Қураны кәриймде Ийса алайҳиссәләмның аспаннан түсиўии Қыямет белгилери екени атап өтилген. Аллаҳ таала мынандай деп мәрҳамат қылады:
وَإِنَّهُ لَعِلْمٌ لِّلسَّاعَةِ فَلَا تَمْتَرُنَّ بِهَا وَاتَّبِعُونِ هَٰذَا صِرَاطٌ مُّسْتَقِيمٌ ‎﴿٦١﴾
яғный: «Әлбетте, ол (Ийса) – қыямет ушын илим (белги). Енди сизлер ол (қыямет) ҳаққында ҳеш гүман қылмаң (Ҳәй Муҳаммад! Мәккә халқына айтың:) «Маған ериң! Бул – туўры жол»» (Зухруф сүреси, 61-аят).
Заманымыз уламаларынан Доктор Ҳамза Бәкрий «Ийса алайҳиссәләмның түсиўин инкар қылыў Әҳли суннада да, мөътазилада да ямаса басқа бир ағымларда да келгени мәлим емес, бул бузық ақыйда жақында пайда болды», дейди.
Аллама Кәшмирий раҳимаҳуллаҳ Ийса алайҳиссәләмның түсиўи ҳаққында арнаўлы бир китап жазып, Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм түсиўи ҳаққындағы дәлиллер инкар етиў мүмкин болмаған дәрежеде көп екенин атап өткен ҳәм онда Ийса алайҳиссәләмның Қыяметке жақын түсиўи ҳаққында 100ден аслам ҳәдислер келтирген. Таўфиқ Аллаҳдан.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


МАДИНА – РАСУЛЫМЫЗ ЖАСАҒАН ҲӘМ ЖЕРЛЕНГЕН ҚАЛА

Мадинаий Мунаўўар – Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳижрат қылған, Қураны кәриймниң бир қанша аятлары нәзил болған, саҳабалар жүрген, Пайғамбарымыздың мүбәрек денесин өз қушағына алған, уллы саҳабалар жерленген қала. Ол пазыйлети жағынан Мәккәдан кейинги орында турады.
Мадина – Аллаҳ таала мақтаған қала. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Әлбетте, Аллаҳ таала Мадинаны Тоба деп атаған».

«Тоба» – «пәкизе», «азада», «көзге жағымлы» киби мәнилерди аңлатады.

Мадина – жоллары периштелерге толы, оның есиклерин периштелер қорықлайтуғын қала.
Сонлықтан, бул мүбәрек нурлы қалаға оба да, Дажжал да кире алмайды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мадинаның жолларында периштелер бар. Оған оба да, Дажжал да кире алмайды», деген (Имам Бухарий рәўияты).
Басқа ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай дейди: «Мадинаға Масиҳ Дажжалдың қорқынышы кирмейди. Сол күни оның жети есиги болып, ҳәр есикте еки периштеден турады» (Имам Бухарий рәўияты).
Мадина – Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жақсы көрген, оған асыққан қала. Анас разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан сапардан қайтқанда, Мадинаға көзи түссе, оған тезлесетуғын ҳәм егер бир көликте (түйе, ат киби) болса, оған (Мадинаға) муҳаббатынан сол көлигин қыстайтуғын еди» (Имам Бухарий, Имам Термизий рәўияты).

Мадина – Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ол ушын көп дуўалар қылған қала. Анас разыяллаҳу анҳудан қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳым! Мадинада Мәккәға берген берекетиңнен еки есе көп қыл», деди (Имам Бухарий рәўияты).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул мүбәрек қала ушын және мынандай деп дуўа қылған: «Аллаҳым! Бизлерге Мәккәға болған муҳаббатымыздай ямаса оннан да күшлирек қылып Мадинаны сүйикли қыл» (Имам Бухарий рәўияты).
Буннан тысқары Мадинада Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мешити (Мәсжидүн Нәбәўий), мүбәрек Бақыъ қәбирстаны, Ислам тарийхында ең биринши қурылған Қуба мешити, Қибләтәйн мешити, Уҳуд таўы бар.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 30-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


Muslim.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#kundalik_odoblar #duo

🤲 Shunday duo qilsangiz, Alloh albatta ijobat etadi

🎙 Muhammad Umar qori Muhammadjonov
Toshkent Islom instituti talabasi
.

#quron #hadis #rasululloh #salom #baraka
🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


ПЕРЗЕНТИҢИЗДИ КИТАП ОҚЫЎҒА ҚЫЗЫҚТЫРАТУҒЫН КЕҢЕСЛЕР

Алдынлары оқыў бирден бир кеўил ашар шынығыў еди. Ҳәзир бундай шынығыўлардың түри көбейген болса да, китап оқыў елеге шекем ең пайдалы вариант болып турыпты. Балалар не ушын китап оқыўы керек?

Китап оқыў сөз байлығын асырады.
Оқыў сана сезимди асырады – бала ҳеш қашан көрмеген адамлары ҳәм бармаған жерлери ҳаққында билип алады.
Оқыў социяллық көнликпелерди раўажландырады – бала китап қаҳарманы менен бирге қыйын турмыслық жағдайлардан шығыўды үйренеди.
Иззертлеўлерге көре, ҳәптесине 1-2 рет китап оқыйтуғын 16 жаслы бала, улыўма оқыймайтуғынларға қарағанда жоқары оқыў көрсеткишлерине ийе болады.

Китаплар = ҳақыйқый өмир.
Бала ҳеш қашан көрмеген нәрселери ҳаққында оқыўға қызықпайды. Сол себепли китаптағы ҳикаяны ҳақыйқый дүньяға өткериў керек. Мысалы, егер бала космос ҳаққында оқып атырған болса, оны космонавтика музейине алып барың, яки телескоф сатып алың. Жабайы ҳайўанлар ҳаққында болса, ҳайўанат бағына алып барың.

Баланың қызыўшылығын итибарға алың.
Егер балаңыз динозаврлар дәўири, кеме қурылысы ямаса бәйги көликлерине қызықса, сол темадағы китап саўға қылған мақул. Басқа бир вариант – баланы китап дүканына алып барып, өзи қәлеген китапты таңлаўына мүмкиншилик бериң. Ямаса басқа балалардың ата-аналарынан олардың перзентлери қайсы китапларға қызығыўын сораң.

Баланың ҳәр бир гәпин туўрылай бермең.
Бала китапта болып атырған ўақыялар ҳаққында сизге айтып бергенде, оны бәрқулла туўрылай бериў шәрт емес. Егер ол бир нешше рет қаҳарманлар атын ямаса қала атын шатастырса ҳәм бул китапты түсиниўге тәсир етпесе, бундай қәтелерге көз жумыў мүмкин – ең кереги бала китапты қызығып оқығаны. Егер сиз оны ҳикаяның басында алаң қылсаңыз, бала өзин қолайсыз сезинеди, кейинги ретинде айтып бериўди қәлемей қалыўы яки китапты пүткиллей таслап қойыўы мүмкин.

Оқығаны ушын марапатлаң.
Ҳәзирги күнде телевизор ҳәм телефон сыяқлы өзине тартатуғын нәрселер көп болғаны соншелли, китап оқыў үлкен жеңиске айланып қалды. Баланы ҳәр бир оқыған бети ушын мақтаң, китапты таўысқаннан кейин паркке ямаса жақсы көрген кафесине алып барыў менен марапатлаң.

Китап – ең жақсы саўға.
Буны өз тымсалыңызда көрсетиң. Мысалы, китапты «Айдың аяғына шекем 50 бет оқыўың керек, болмаса шоколад жоқ» деген шәрт пенен бермең. Оның орнына оқыўды унамлы тәсирлер менен байланыстырың. Шырайлы сүўретлери болған китап таңлаң, саўға қағазына орап саўға қылың. Сондай-ақ, оқыўдағы ямаса спорттағы утыслары ушын да китап пенен марапатлаң.

Түрли жанрдағы китапларды сатып алың.
Егер бала тарийхый жанрды жақсы көрсе, оған тек сол түрдеги китапларды сатып алыў шәрт емес. Басқа жанрларды да сатып алып бериң – сонда балада таңлаў болады ҳәм бир жанр зеригерли* болып қалмайды.

Оқыўды күнделик әдетке айландырың.
Балаға китаплар оның өмириниң бир бөлеги екенин, бул «жаза» емес екенин түсиндириў керек. Буның ушын оған китап ҳәр қандай сораўға шешим табыўға жәрдем бериўи мүмкин екенин айтың. Егер балада сөйлесиў уқыплылығы пәс болса, адамлар менен аңсат тил табысыў ҳаққында китап сатып алың.

Даўыслап оқың.
Балаларда дүньяға қызығыў ҳәм қыялда жаратыў қәбилети оқыў көнликпесинен алдын оянады. Сол себепли бул итияжларды қандырыў сизге байланыслы. Егер балаға китап оқып берсеңиз, келешекте оқыўға қызығып қалыўы итималы жоқары. Буннан тысқары, иззертлеўлердиң көрсетиўинше, ата-аналары даўыслап оқыйтуғын балалар басқа балаларға қарағанда оқыўды ерте үйренеди.

*зеригиў – жалығыў, иши писиў. «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» БАСПАСЫ НӨКИС – 1984. IV-том. 248-бет.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


МУҲӘДДИСЛЕР СУЛТАНЫ – ИМАМ БУХАРИЙ РАҲИМАҲУЛЛАҲ

Имам Бухарий: «Бир күни Расулуллаҳ ﷺ ды түсинде көрдим, қолымда желпигиш, оны желпип турған едим. Бул түсимди айырым жорыўшыларға айтсам: «Сен Расулуллаҳ ﷺның ҳәдислерин жалғанлардан желпип (қорықлап) турасаң», деди.

Имам Бухарий айтады: «Егер китабыма бир ҳәдис киргизетуғын болсам, ғусыл қылып еки рәкат намаз оқыйтуғын едим».

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 29-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.