БЕСИКТИҢ КИЙЕСИ
Бизиң үйде ески бесик бар еди. Оны анам ҳәр дайым тазалап, күнге шығарып, самаллатып жүрди. Ишиндеги төсегин суўырып, жыртылған жерин тигип, тазалап, әлпешлеп, үйдиң төрине жайластырады. Ал мен "Ески, ҳәм ҳешким жатпайтуғын бул буйымды неге тасламайды?" деп ҳайран қаламан гейде. Соны сезген болыўы керек, бир күни анам бурынырақта болған бесикке байланыслы бир ўақыяны айтып берди. Еситкен гезде денем дирилдеп кетти.
"Бесиктиң кийеси бар" деген сөзди соннан баслап жан-жүрегимнен түсиндим.
Анамның айтыўынша, бурынырақта бир аўылда Бахытгүл исимли қыз болыпты. Сулыўлығы менен барлық жигитлерди ҳайран қалдырыпты. Олардың үйинде ески бесик болған екен. Бирде Бахытгүл үй жыйнап жүрип, сол гөне бесикти көрип, ешкимге кереги жоқ, керексиз зат деп, оны өртеп жиберди. Бахытгүл бесикти өртегенин кемпирине айтқанда әдетте жуўас көринетуғын кемпир буны еситкенде бақырып, ақлығына қатты урысыпты. Ҳәтте, оған өкпелеп, бираз ўақытқа шекем сөйлемей де қояды. Ал журт аң-таң болып түсинбей қалады.
"Ҳеш кимге керек емес ески нәрсеге неге сонша қыйналып атыр?" деп кемпирди айыплайды. Соңынан кемпир апасы қайтыс болды. Ақлығы әжесин қапа қылғанына қатты өкинеди екен. Ҳәмме ўақыт кемпир апасынан кеширим сорайтуғын еди. Арасында гүбирленип сестин шығарып айтып қояды. Ҳәттеки, соңғы ўақытлары адамлар оған "ақылыңнан адастың ба, ким менен сөйлесип жүрсең, кемпир апаң жоқ ғой" деп тәселле берип, жубатпақшы болады. Бирақ гүбирленип жүрген Бахытгүл шынында да жиллиге айналған дейди. Өз-өзинен ағашларды жыйнап өртеп, "Бесикти өртегеним жоқ, ҳәзир отты өширемен" деп жылап, суў шашады. Жанып турған от өшип қалса, ол жылаўын тоқтатады. Ол ҳәттеки кемпир апасынан кеширим сораўды да тоқтатады. Бул жағдай бир-еки күннен кейин және тәкирарланады.
Ата-анасы қызын шыпакерлерге көрсетти, моллаларға оқытты. Бирақ ҳеш қандай өзгерис болмады. Гүлдей жайнаған қыз усылайынша өзи менен-өзи сөйлесип жүретуғын жиллиге айланды. Аўылдағы жасы үлкенлер оны "бесиктиң руўхы урған қыз" деп айтады екен. "Соның ушын қызым, бул сениң аталарың, әкеңниң де жатқан қәдирдан бесиги. Оны өртеп ямаса шығындыға таслайман деп ҳеш қашан ойламаң. Нәресте жатыўға жарамсыз болған бесикти жерге көмиў керек. Соны ядында сақла," - дейтуғын еди анам.
Ҳақыйқатында да, сол ўақыядан кейин ҳәттеки үйдеги ески сандық, ески буйымларға сер салып, "таслап кетиў мүмкин бе екен?" деген қорқыныш бийлейтуғыны сыр емес. Бирақ бийгүна нәрестениң жатқан қәсийетли бесигин таслап кетпейик. Қалай деген менен де бул бесикке бийгүнә гөдектиң ийиси сиңген.
Интернет материалы бойынша таярлаған:
Гүлайым Қуўанышбаева
https://t.me/Soz_marjani